"Дүнё" ХАның хабар бериўинше, Аммон қаласындағы Басман сарайында болып өткен салтанатлы мәресимнен соң болып өткен сөйлесиў алдында мәмлекетимиз елшиси Өзбекстан Президентиниң Иордания Патшасына жоллаған сәлемин жеткерди.

Патша Абдуллоҳ II бин ал-Ҳусайн мәмлекетимиз басшысына миннетдаршылық билдирип, жаңадан тайынланған елшиге табыслар тиледи ҳәм еки туўысқан елди байланыстырып турған тарийхый байланысларды және де беккемлеў ҳәм сапа жағынан жаңа басқышқа алып шығыўға үмит билдирди.

Сондай-ақ, Иордания тәрепиниң елши жумысында бул дослық байланысларын және де беккемлеў жолында ҳәр қандай жәрдем көрсетилетуғыны атап өтилди.