Аймақларды "өсиў ноқатлары"на таянып раўажландырыў, халыққа мүнәсип турмыс шараятларын жаратыў - мәмлекетимиз сиясатының тийкарғы бағдары. Бундай өзгерислер Паркент районында да көзге тасланбақта.
Район орайынан ағып өтетуғын Паркентсай жағасында қурылып атырған бул массивти экоқала деп айтыў мүмкин. Оның улыўма майданы алты гектар болып, жәми 5 мың 200 квартиралы 125 көп қабатлы турақ жай қурылады. Олар барлық заманагөй коммуналлық тармақлар, энергияны үнемлейтуғын технологиялар менен тәмийинленеди. Соның ишинде, жайлардың төбесине геоколлекторлар орнатылып, суў ысытыўда пайдаланылады.
Халқы салыстырмалы тығыз жасайтуғын аймақлар ушын бундай массивлер әҳмийетли социаллық әҳмийетке ийе. Турақ жайлардың ықшамлығы, өзине түсер баҳасы халқымызға сай. Бул айырым мәҳәллелерде бир ҳәўлиде қысылып жасап атырған шаңарақлар ушын әйне мақсетке муўапық болады.
Мәмлекетимиз басшысы бул жаңа турақ жайлардағы шараятларды кирип көрди.
Сондай-ақ, бул жерде еки мектеп, сегиз бақша, балалар майданшалары, 10 гектарлық парк, жасалма көл, сейил етиў орны ҳәм велосипед жоллары қурылады. 17 километр ишки жоллар оңланады.
Массив тек ғана абат турмыс ушын емес, ал исбилерменлик ушын да шараят жаратады. Бул жерде 58 турақ жай емес имарат бой тиклейди. Оларда саўда ҳәм хызмет көрсетиў кәрханалары жайласып, 700 ден аслам жумыс орны жаратылыўы нәзерде тутылған.
Мәмлекетимиз басшысы бул жерде районды буннан былай да раўажландырыў илажлары бойынша презентация менен танысты.
Бул бағдардағы әҳмийетли жойбар - "Байтқорған - Паркент" электрлестирилген темир жолы. Ҳәзирги ўақытта оның қурылысы жедел кетпекте. Дерлик 24 километрлик бул жол пайдаланыўға тапсырылғаннан соң, Паркенттен пайтахтымызға барыў ушын үлкен қолайлық жаратылады, районның сулыў көринислерине саяхат етиў аңсатласады. Онда күнине 275 мыңға шекем жолаўшы тасылыўы есап-санақ етилген. Улыўма, буның нәтийжесинде қатнаў ҳәм исбилерменлик жеделлесип, Паркент экономикасының пәти жедел артады.
Паркентсайды тәртипке келтириў, жағалықларын беккемлеў бойынша да жумыслар алып барылмақта. Биринши басқышта сайдың 4 километр бөлеги толық бетонластырылды. Бул жаңа қурылысларға жол ашты. Атап айтқанда, сай бойлап дерлик бес километрлик жаңа жол қурылды. Ол ҳәзир район орайынан өткен тийкарғы көшеге тутас болып, бир суткада 10 мың автомобильди өткериў қуўатлылығына ийе. Бул транспортлардың жүклемесиниң бир бөлегин өзине алып, орайда тығылысты азайтады. Сондай-ақ, пиядалар жолы, жол өткел ҳәм көпир қурылған.
Енди, екинши басқышта Кумушконға шекемги өзеклер тәртипке келтирилип, ашылатуғын 100 гектар жерде туризм объектлерин шөлкемлестириў режелестирилген.
Президентимиз бул жерде паркентли белсендилер менен сәўбетлести.
- Бизиң ең үлкен байлығымыз елимиздиң тынышлығы, халқымыздың тынышлығы. Тынышлық турақлы болса, мине усындай дөретиўшилик болады, режелер әмелге асады. Мәмлекетлик шөлкемлерди мобилизациялап, имканиятларды жүзеге шығарып, барлық аймақларды раўажландырыўға ҳәрекет етип атырмыз. Паркентке де ғәрезсизлик самалы, реформалардың нәтийжеси жетип келгенин көрип, қуўандым. Халқымыз мине усындай абадан шараятта жасаўға мүнәсип, - деди Шавкат Мирзиёев.
Нуранийлар районның раўажланыўы ушын жаратылып атырған үлкен имканиятлар, халықтың турмысында болып атырған өзгерислер, мийнетинен бахыт таўып атырған инсанлар ҳаққында айтты.












