Соңғы он жылда елимизде пенсиялардың муғдары 3,3 есеге
арттырылып, ең кем пенсия муғдары минимал тутыныў қәрежетлери дәрежесинен
жоқары етип белгиленди. 2021-жылға шекем 1,1 миллион пуқараның пенсиясы 400 мың
сумға да жетпеген. Бүгинги күнде ең кем пенсия муғдары 878 мың сумды, ең кем
тутыныў қәрежетлери 715 мың сумды қурамақта.
Презентацияда жыйналып барылатуғын пенсия системасы
раўажланған мәмлекетлерде пенсия қаржылары экономика ушын узақ мүддетли ресурс
болып хызмет ететуғыны атап өтилди.
Есап-санақларға бола, елимизде пенсия системасын дурыс
шөлкемлестириў арқалы экономикаға узақ мүддетли ресурсларды тартыў мүмкин. Буны
Халықаралық валюта қоры, Жәҳән банки, Азия раўажланыў банки ҳәм Халықаралық
мийнет шөлкеминиң экспертлери де тастыйықламақта.
Усы мүнәсибет пенсия системасын алдынғы сырт ел тәжирийбеси
тийкарында реформалаў, жыйналып барыўшы, жеке меншик ҳәм корпоратив пенсия
системаларын раўажландырыў зәрүр екенлиги атап өтилди.
Ҳәзирги ўақытта пуқаралардың жыйналып барылатуғын пенсия
есап бетине мийнет ҳақысының 0,1 проценти өткерип келинбекте. Бул қаржылар ушын
10 процент муғдарында есапланған жыллық дәрамат банк аманатлары дәраматынан
дерлик еки есеге аз.
Усы мүнәсибет пенен бул системаның тартымлылығын арттырыў,
халықтың онда белсене қатнасыўын хошаметлеў бойынша жаңа механизмлер усыныс
етилди.
Атап айтқанда, айлық мийнет ҳақысы 7,6 миллион сумға шекем
болған пуқара (пенсияны есаплаўдың базалық муғдарының 15 есеси) өз дәраматының
5 процентин жыйналып барылатуғын пенсия есап бетине өткерсе, мәмлекет тәрепинен
қосымша түрде және 2,5 процент муғдарында қаржы қаратылыўы нәзерде тутылмақта.
Айлық мийнет ҳақысы 7,6 миллион сумнан жоқары болған
пуқараларға төленген социаллық салықтың 1 процентин жыйналып барылатуғын пенсия
есап бетине өткериў усыныс етилди.
Пенсиялардың муғдарын есаплаў тәртибин жетилистириў
мәселелерине айрықша итибар қаратылды.
Ҳәзирги ўақытта пенсия ақырғы он жыл ишиндеги ҳәр қандай бес
жыллық мийнет дәўири ушын мийнет ҳақы тийкарында есапланады. Сондай-ақ, мийнет
ҳақының 6 миллион сумнан жоқары бөлеги есап-санақ етиўде есапқа алынбайды.
Айырым жағдайларда бул пуқаралардың орташа пенсия муғдарының төменлеўине алып
келмекте.
Сонлықтан пенсияны есаплаўда есапқа алынатуғын мийнет ҳақы
дәўирин 5 жылдан 20 жылға шекем көбейтиў, сондай-ақ, дәраматы аз болған айырым
дәўирлерди есаптан шығарыў усынысы билдирилди.
Сондай-ақ, 2027-жылдан баслап пенсияны есаплаўда есапқа
алынатуғын мийнет ҳақының жоқары шегарасын ҳәзирги 6 миллион сумнан 6,6 миллион
сумға шекем арттырыў нәзерде тутылмақта.
Есап-санақларға бола, бул жаңа тәртип пенсияға жаңадан шығып
атырған пуқаралардың пенсия муғдарын 8 процентке арттырыўы мүмкин.
Мәмлекетимиз басшысы пенсия системасындағы өзгерислер
миллионлаған пуқаралардың турмысы ҳәм келешегине байланыслы екенин атап өтип,
ҳәр бир усыныстың социаллық ҳәм экономикалық нәтийжесин пуқта есап-санақ етиў зәрүрлигин
атап өтти.
Бундай мәселелерди халық, кең жәмийетшилик, ғалаба хабар
қураллары ҳәм блогерлерди тартқан ҳалда ашық-айдын додалаў, реформалардың
мақсети ҳәм күтилип атырған нәтийжелерин пуқараларға анық түсиндириў ўазыйпасы
қойылды.
Жуўапкерлерге сырт ел тәжирийбесин ҳәр тәреплеме үйренип,
жеке меншик ҳәм корпоратив пенсия системаларын жаратыў бойынша нызам жойбарын
киргизиў тапсырылды.