Ол имарат ишине бурыш бүркиткен ҳәм кейин қараўыл ҳәм төртинши класс оқыўшысын пышақлаған. Бала алған жарақатлары ақыбетинде қайтыс болды.

"Бүгин саат 9:00 де полицияға оқыўшының қараўылға пышақ пенен топылғаны, бурыш бүрккени ҳәм кейин он жасар оқыўшыны пышақлағаны ҳәм ол жарақатланыў ақыбетинде қайтыс болғаны ҳаққында хабар келди", деп хабар берди Подмосковье полициясы. "Биз қатты қайғырамыз, мектепте төртинши класс оқыўшысы болған бала қайтыс болды", деп жазды Телеграмда Подмосковье балалар ҳуқықлары бойынша омбудсманы Ксения Мишонова.

Ҳуқық қорғаў уйымларының мағлыўматларына бола, ҳүжим шөлкемлестирген шахс сол мектептиң 15 жасар оқыўшысы. Ол қамаққа алынған. Россия Тергеў комитети адам өлтириў ҳәм адам өлтириўге урыныў бойынша жынаят иси қозғатты.

Успенская улыўма орта мектеби Подмосковьениң батысында, Москва менен тиккелей шегаралас Одинцов районындағы Горки-2 аўылында жайласқан. Мектепте мыңнан аслам оқыўшылар, соның ишинде, қоңсы аўыллардан да келип билим алады.

Айрықша жағдайлар хызметлери мектеп имаратына жетип келгеннен соң, айырым оқыўшылар қоңсы Жаслар орайына эвакуация етилди, деп delfi.lt хабар берди.