Атап өтилгениндей, бүгинги күнде мәлимлеме технологиялары, жасалма интеллект, робототехника, энергетика, электротехника, химия ҳәм қорғаныў санааты сыяқлы стратегиялық тармақлардың жедел раўажланыўы көп жағынан мыс, уран, литий, вольфрам ҳәм басқа да әҳмийетли металлардың шийки зат базасына байланыслы. Дүнья базарларында бул ресурсларға болған талаптың артып барыўы, соның ишинде, мыс концентраты жетиспеўшилигиниң күшейиўи ҳәм оның ақыбетинде баҳаның артыўы таў-кән ҳәм металлургия санаатындағы жойбарларды жеделлестириў мәселесин және де әҳмийетли етип қоймақта.

Бул бағдарда 2030-жылға шекем Өзбекстанда алтын қазып алыў көлемин 175 тоннаға, гүмисти 500 тоннаға, уранды 15 мың тоннаға ҳәм мысты 500 мың тоннаға жеткериў бойынша мақсетли көрсеткишлерге ерисиў ушын барлық имканиятларды толық иске қосыў зәрүр екенлиги атап өтилди.

Оның ушын ҳәр бир ири жойбарды анық реже-график тийкарында әмелге асырыў, қаржыландырыў, қурылыс, логистика, технологиялық үскенелеў ҳәм кадрлар менен тәмийинлеў мәселелерин өз-ара муўапықластырып шешиў әҳмиетли екенлиги атап өтилди.

Мәжилисте, бәринен бурын, Алмалық кән-металлургия комбинатында әмелге асырылып атырған стратегиялық жойбарлардың барысы сын көзқарастан көрип шығылды. Атап айтқанда, 3-мыс байытыў фабрикасының гезектеги жумысларын жеделлестириў бойынша анық көрсетпелер берилди.

Буннан тысқары, усы жойбардың технологиялық даўамы болған жаңа мыс еритиў заводын қурыў мәселелери көрип шығылды. Техникалық-экономикалық тийкарларды толық ислеп шығып, сырт ел экспертлерин тартыў, қурылыс жумысларын қысқа мүддетте баслаў бойынша тапсырмалар берилди.

Алмалық комбинатының перспективалы талапларынан келип шығып, 4-мыс байытыў фабрикасының техникалық-экономикалық тийкарларын ислеп шығыў ушын абырайлы халықаралық компанияларды тартыў әҳмийетли екенлиги айрықша атап өтилди. Бул ҳүжжетте суў тәмийнаты, темир жол ҳәм энергетика инфраструктурасы, экологиялық талаплар ҳәм жоқары нәтийжели технологиялар мәселелерин комплексли қамтып алыў зәрүр екенлиги атап өтилди.

Мәжилисте усы жылы тармақта 90 жойбар шеңберинде 2,2 миллиард доллар муғдарында инвестицияларды тартыў режелестирилип, 172,5 мың тонна мыс, 120 тонна алтын, 210,5 тонна гүмис ҳәм 8 мың тонна уран қазып шығарыў бойынша ўазыйпалар белгиленгени атап өтилди.

Соның менен бирге, бир қатар перспективалы кәнлер ҳәм объектлер бойынша ТЭТлерди қысқа мүддетлерде жуўмақлаў, сондай-ақ, экспертиза тәртип-қағыйдаларын әпиўайыластырыў бойынша жаңа қарарда берилген имканиятлардан нәтийжели пайдаланыў зәрүр екенлиги атап өтилди. Ҳүкиметке бул жойбарлар шеңбериндеги шөлкемлестириўшилик-ҳуқықый мәселелерди қысқа мүддетте шешиў ўазыйпасы қойылды.

Энергия ресурсларына талап артып атырған шараятта көмирди қазып шығарыў ҳәм қайта ислеў жойбарларын жеделлестириў мәселелерине де айрықша итибар қаратылды. Халық ҳәм санаат кәрханаларына көмир жеткерип бериў көлемин арттырыў бойынша ўазыйпалар белгиленди.