Исбилерменлерди қоллап-қуўатлаў орайдан баслап еӊ төменги буўынға шекем – барлық басшылардыӊ күнделикли жумысы болыўы шәрт

    Ҳүкимет 20 желтоқсан 2024 955

    Президенттиӊ басшылығында видеоселектор мәжилиси ҳәм исбилерменлер менен сөйлесиў басланды.

    – Кеӊ көлемли реформаларымыздыӊ дәслепки күнлеринен баслап мен бир пикирди бәрқулла атап өтип келемен: исбилерменликти раўажландырыў – биз ушын стратегиялық ўазыйпа. Бизиӊ таянышымыз да, сүйенишимиз де, еӊ үлкен күшимиз де усы тараўда жәмленген.
    Соныӊ ушын исбилерменлерди қоллап-қуўатлаў орайдан баслап еӊ төменги буўынға шекем – барлық басшылардыӊ күнделикли жумысы болыўы шәрт, – деди мәмлекетимиз басшысы сөзиниӊ алдында.

    Әсиресе, орынларда ҳәкимлер ҳәр бир исбилермен менен көбирек сөйлесип, кәрханаларға барып, олардыӊ дәрти менен жасаўы керек екени көрсетип өтилди.

    Исбилерменлерди қоллап-қуўатлаў бойынша жәмийетлик кеӊес ағзалары мәмлекет ҳәм исбилерменлер арасында көпир болып, анық усынысларды ортаға қойып киятырғаны айрақша атап өтилди.

    Нәтийжеде быйылғы жылдыӊ өзинде исбилерменлердиӊ жумысы ушын оғада әҳмийетке ийе болған 5 нызам, 101 пәрман ҳәм қарарлар қабыл етилди.

    Президентимиз кеӊес ағзаларына, олар арқалы пүткил исбилерменлер жәмийетине усындай белсендилик ушын тереӊ миннетдаршылық билдирди.


    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates