Исбилерменлик бойынша жаңа басламалар бүгиннен баслап күшке киреди

    20-август күни Жаңа Ташкентте Өзбекстан Республикасы Президентиниң исбилерменлер менен ашықтан-ашық сөйлесиўи болып өтти.

    Мәмлекетимиз басшысы исбилерменлерди бүгинги кәсиплик байрам ҳәм Ғәрезсизликтиң 34 жыллығы менен қутлықлады. Ҳәр бир тараў, ҳәр бир аймақ, ҳәр бир мәҳәлледеги өзгерислерде олардың үлеси үлкен екенин атап өтти.

    Өткен сегиз жылда экономиканың көплеген тармақлары жаңадан шөлкемлестирилди. Бул дәўирде 230 миллиард доллар инвестиция кирип келди, соннан 120 миллиард доллардан асламы сырт ел инвестициясы. Быйыл биринши ярым жыллықта мәмлекетимиз экономикасы 7,2 процентке өсти.

    Бизнес жүргизиўдеги қолайлықлар нәтийжесинде исбилерменлер көбейип, жумысы кеңейип бармақта. Мәселен, 1 мың 600 микро кәрхана бир жыл ишинде айланысын 10 миллиард сумнан асырып, бирден орта кәрханаға, 143 и болса 100 миллиард сумнан асырып, ири кәрханаға айланды. Және 122 киши кәрхана ири бизнес қатарына қосылды.

    Бизнести "саядан" шығарыў илажлары нәтийжесинде 139 мың кәрханада жумыс орынлары 811 мыңға көбейди, 273 мың кәрхана мийнет ҳақы фондын 22 процентке арттырды. Өткен жылы жеке меншик секторда орташа айлық 4 миллион сумды қураған болса, бүгинги күнде 5 миллион сумға шамаласты.

    Биринши ашықтан-ашық сөйлесиўден берли исбилерменлердиң 1 мыңға шамалас басламасы нызамшылыққа киргизилгени атап өтилди. Бул ретки сөйлесиў бесиншиси болды. Оған таярлық даўамында 26 тараўдың 7 мыңға шамалас ўәкиллери менен ушырасыўлар өткерилди. "Колл-орай" арқалы да 13 мыңнан аслам мүрәжат ҳәм басламалар қабыл етилди.

    Өткен ҳәптелерде экономикамыздың әҳмийетли тармақлары болған мийўе-овош, тоқымашылық ҳәм жеке тәртиптеги исбилерменлик мәселелери додаланып, жәрдем илажлары белгиленген еди.

    Бүгинги сөйлесиўде мәмлекетимиз басшысы исбилерменликтиң басқа да бағдарлары бойынша да жаңа басламаларды алға қойды.

    Соның ишинде, қысқа мүддетте ҳәм тез дәрамат беретуғын жумыс орынларын жаратыўда ең нәтийжели бағдарлардан бири болған хызметлер тараўы жедел раўажландырылады. Туризмди раўажландырыў бойынша жаңа бағдарлама басланады. Келеси үш жылда мийманхана ҳәм туризм орайларын шөлкемлестириў ушын жәми 5 мың гектар жер аукционға шығарылады. Онда мийманхана қурмақшы болған исбилерменлерден жерлерди сатып алыў ушын төлем өндирилмейди. Есесине мәмлекет усы сумма менен жойбарға үлес болып киреди.

    Исбилерменлер 10 жыл ишинде қәлеген ўақытта бул үлести қайта сатып алыўы мүмкин болады. Егер исбилермен жердиң баҳасын алдыннан төлеймен десе, 20 процент шегирме бериледи. Мийманхана қурыў ушын 7 жыл мүддетке 2 жыллық жеңиллетилген дәўир менен кредит ажыратылады.

    Көп исбилерменлер мәмлекетлик объектлер ҳәм жеке меншик имаратларды сатып алып, мийманханаға айландырмақта. Енди жаңа мийманхана ушын нәзерде тутылған субсидия оларға да бериледи. Ташкент қаласы, ўәлаятлар орайы ҳәм ири туристлик аймақлардан тысқары жердеги мийманханалар туристлик жыйым төлемейди.

    Әмелдеги тәртипке бола, шаңарақлық мийман үйлери туристлерди қабыл етиў бойынша күнлик норма 10 адамнан артпаўы белгиленген. Енди бул шеклеў 2 есеге көбейтиледи.

    Президентимиз жергиликли мийманханалар, шаңарақлық мийман үйлери арасында таңлаў өткериў усынысын алға қойды. Таңлаўдың сыйлық қоры 1 миллион доллар болады, туристлердиң итибарына ерискен, абырайлы халықаралық платформаларда ең көп унамлы тән алынған мийманханалар ҳәр жылы сыйлықланады.

    Инфраструктура алып барыў арқалы ири туристлик орынлары көбейтиледи. Чартақтағы Қарабағ, Ферғанадағы Чимён, Байсындағы Аманхана, Нурабадтағы Нурбулақ аймақларында жыл даўамында хызмет көрсететуғын ири курорт зоналары шөлкемлестириледи.

    Быйыл 16 районды жедел раўажландырыўға 1 триллион сумнан аслам қаржы қаратылды. Келешекте және 500 миллион доллар есабынан 30 районда усындай жумыслар әмелге асырылады. Бул санаат, сервис, қурылыс тараўларындағы исбилерменлерге үлкен имканият, жүз мыңлаған жумыс орынларын жаратыў ушын шараят болады.

    Бизнес ўәкиллеринде қосымша орын алыўға мүтәжлик бар. Усы мүнәсибет пенен келеси жылдан мәмлекетлик активлер бес жылға ижараға бериледи.

    1991-жылы қабыл етилген "Ижара ҳаққында"ғы нызам тийкарынан мәмлекетлик уйымлардың мәпин қорғаўға қаратылғаны атап өтилди. Сол себепли ижараға бериўши ҳәм ижараға алыўшының ҳуқықларын бирдей қорғайтуғын жаңа редакциядағы нызам ислеп шығылатуғыны айтылды.

    Сөйлесиўде билимлендириў ҳәм медицина тараўларына байланыслы имканиятлар да белгиленди.

    Атап айтқанда, енди бақша қамтыўы төмен болған 80 районда исбилерменлерге жеңиллик бериледи. Бақша ҳәм мектеплердиң бос жерлеринде жеке меншик шериклик тийкарында бақша қурыўға рухсат бериледи. Онда исбилерменлерден жер ушын ижара ҳақысы 30 жыл даўамында өндирилмейди. Оларға мәмлекетлик бақшада ҳәр бир балаға нәзерде тутылған қәрежеттиң ярымы субсидия етип бериледи. Сондай-ақ, интакерлерге жеңиллетилген кредит ажыратылады. Оларға социаллық салық 1 процент болады.

    Медициналық кластерлерди қурған исбилерменлерге 7 жыл мүддетке, 3 жыл жеңиллетилген дәўир менен 17 процентлик арзан кредитлер бериледи.

    Президентимиз бизнести қоллап-қуўатлаўдың ең әҳмийетли инструменти - финанслық хызметлер екенин атап өтти. Соның ушын енди жойбарға әпиўайыластырылған тәртипте қаржы тартыў бойынша инвестициялық платформа иске қосылады. Исбилерменлер бул жаңа система арқалы жылына қосымша 1 миллиард доллар қаржы тартыў имканиятына ийе болады.

    Ҳәзир Өзбекстанда 600 ден аслам стартаплар жумыс алып бармақта. Усы жылдың жети айында стартапларға рекорд муғдарда - 264 миллион доллар сырт ел инвестициясы кирип келди.

    Буны даўам еттирген ҳалда, жаслардың мың стартап идеясы коммерцияластырылады ҳәм соннан 200 и халықаралық базарға алып шығылады. Ең алдынғы технологиялар алып келинип, 100 жергиликли стартап халықаралық көлемде тартымлы бизнеске айландырылады. Оған 100 миллион доллар бериледи.

    Усы жылдан баслап, "Жас исбилерменлер" чемпионаты өткериледи. Ең жақсы 100 идея таңлап алынып, ҳәр бир стартап ушын 1 миллиард сумға шекем инвестиция киргизиледи.

    Санлы финанслық хызметлерди көбейтиў ушын бес жыллық стратегия қабыл етиледи. Онда жаңа экосистема - "ашық банкинг" енгизиледи.

    Келеси жылы банклер тәрепинен киши ҳәм орта исбилерменликти мақсетли қоллап-қуўатлаў ушын қолайлы шәртлерде 1 миллиард доллар тартылады. Альтернатив скоринг модели иске қосылып, кредит бериў шәртлери әпиўайыластырылады.

    Ушырасыўда салық ҳәкимшилиги мәселелерине де тоқтап өтилди.

    Әмелдеги тәртипке бола, жыллық айланысы 10 миллиард сумнан асқан кәрханалар пайда салығы бойынша аванс төлегени ушын айланыс қаржыдан қыйыншылық жүзеге келмекте. Соның ушын енди бул тәртип 20 миллиард сумнан артқанда қолланылатуғыны белгиленди. Нәтийжеде 14 мыңға шамалас исбилерменниң ықтыярында қосымша 1 триллион сумлық айланыс қаржы қалады.

    Айланыстан салықтан қосымша қун салығына өтетуғын кәрханалар бир жыл даўамында пайда салығын төлеўден азат етиледи, есабатында қәте болса да, жәрийма қолланылмайды, бухгалтерлердиң айлығының 5 миллион сумға шекемги бөлеги алты айға шекем бундай кәрхана төлеген салықтан шегирип тасланады.

    Еки жыл алдын айланыстан салық төлеўшилердиң бухгалтериясын салықшы жүргизетуғын система жаратылған еди. Енди келеси жылдан жер, мүлк, социаллық ҳәм дәрамат салықлары есабатларын қәлиплестириў бойынша исбилерменлердиң мәжбүрияты бийкар етиледи. Бул есабатларды салықшылардың өзи бийпул толтырып береди. Исбилерменлер болса 5 күнде есабатқа дүзетиў киргизиўи мүмкин болады.

    Бизге белгили, бизнес нызам үстин болған жерде раўажланады. Кейинги жыллары экономикаға венчур, бонд, краудфандинг, стартап сыяқлы заманагөй инвестиция қураллары да кирип келди. Ҳәзир бул қатнасықлар онлаған ҳүжжетлер менен тәртипке салынады.

    Президентимиз булардың ҳәммесин тиккелей әмел ететуғын бирден-бир нызамға бирлестирип, Инвестициялық кодексти қабыл етиў басламасын алға қойды. Бул кодекс инвестиция тараўындағы барлық қағыйда, кепиллик ҳәм тәртип-қағыйдаларды бир системаға салып, инвестицияларды хошаметлеўге хызмет ететуғыны атап өтилди.

    Мәмлекетимиз басшысы және бир әҳмийетли жаңалықты жәриялады - 2026-жылдан "Бизнести 15 минутта баслаў" принципи жолға қойылады. Онда исбилерменди дизимнен өткериў ўақтында-ақ электрон санлы қолтаңба бериледи, банкте есап бети ашылады, тараўға жуўапкер мәмлекетлик уйымларға хабарнама жибериледи.

    Мәжбүрий сертификатластырылатуғын товарлар дизими 459 ға қысқартылды. Дизим және 288 ге азайтылады.

    Нәл, минерал төгин, аяқ кийим, шарўашылық азық-аўқаты сыяқлы санитария, ветеринария, карантин қадағалаўында болған 32 категориядағы өнимлер ушын муўапықлық сертификаты бийкар етиледи.

    Улыўма, өнимлердиң қәўипсизлиги ҳәм сапасын тәмийинлеў және оны баҳалаўға байланыслы миллий инфраструктура түп-тийкарынан реформаланып, халықаралық стандартларға бейимлестириледи. Онда, бәринен бурын, сертификация орнына муўапықлықты декларациялаў әмелияты кеңнен енгизиледи.

    Техникалық жақтан тәртипке салыў системасы пүткиллей трансформацияланады. Буннан кейин қадағалаў объекти исбилермен емес, ал тиккелей өнимниң өзи болады.

    Сөйлесиўде атап өтилген имканиятлар бүгиннен баслап күшке киретуғыны атап өтилди.

    Президентимиз булардың үлкен шеклер екенин, елимиздеги бүгинги исбилерменлик руўхы менен оған ерисиў мүмкин екенин атап өтти.

    Илаж ашықтан-ашық сөйлесиў тәризинде даўам етти. Орайлық ҳәм аймақлық студиялардан қатнасқан исбилерменлер өз пикир-усынысларын билдирди. Машқалалар додаланып, олар бойынша жуўапкерлерге көрсетпелер берилди.

    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates