2,5 гектар майданды ийелеген ири комплексте 53 мың квадрат метрден аслам саўда ҳәм саўда майданлары бар. 14 миллион доллар сырт ел инвестициясы есабынан бул жерде бир қатар сырт ел брендлериниң жумысы жолға қойылған.
Улыўма, комплексте 100 ден аслам саўда шақапшалары ашылып, 500 ге шамалас жумыс орны жаратылған. Орайға жылына 2,5 миллионға шекем адам келиўи күтилмекте.
Улыўма баҳасы 43 миллион доллар болған бул комплекстиң архитектуралық-дизайнерлик шешими усы жылы ҒМДА мәмлекетлери арасында өткерилген халықаралық архитектуралық таңлаўда биринши орынды ийеледи.
Мәмлекетимиз басшысы орайда жайласқан китап дүканында да болып, баспалардың ўәкиллери, китапқумар жаслар менен сәўбетлести.
Баспа ҳәм китап саўдасын раўажландырыў, китапқумарлықты балалықтан баслап кеңнен үгит-нәсиятлаў, илимий ҳәм көркем әдебиятларды көбейтиў, баспаларды қоллап-қуўатлаў илажларын ислеп шығыў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.
Пайтахт белсендилери, нураныйлар ҳәм жаслар менен қызғын сәўбетлести.
- Барлық тараўларда ерисип атырған жетискенликлеримиз, бәринен бурын, елимиздеги тынышлық, халқымыздың аўызбиршилигиниң нәтийжеси болып есапланады. Пайтахтымыз күн сайын абат ҳәм гөззал болып бармақта. Буны сырт елден келген мийманлар да айрықша атап өтпекте. Бирликке көп нәрсе байланыслы. Оның тамырлары, бәринен бурын, мәҳәллелеримизде.
Оның әдил баҳасын халықтың өзи, мәҳәлле береди. Соның ушын адамларды разы етиўге қаратылған жумысларды ең төменги буўыннан басладық, - деп атап өтти Президент.
Сапар даўамында мәмлекетимиз басшысына усы орайда офиси жайласқан «Unicon-Soft» IТ компаниясының жумысы таныстырылды.
Мәмлекетимизде мәлимлеме технологиялары тараўында жаратылған қолайлы шараятлар ҳәм берилип атырған жеңилликлер себепли мәмлекетлик басқарыўды санластырыў, телекоммуникация инфраструктурасын раўажландырыў, IТ-билимлендириў сыяқлы бағдарларда миллий программалық өним ислеп шығыўшылардың қатнасыўы избе-из кеңейип атырғаны атап өтилди.
Өзбекстан Республикасы Президентиниң "Ҳәкимшилик реформалар шеңберинде санлы технологиялар тараўында мәмлекетлик басқарыўды нәтийжели шөлкемлестириў илажлары ҳаққында"ғы пәрманына муўапық, тармақлар, тараўлар ҳәм аймақларды санлы трансформациялаўдың тийкарғы бағдарлары белгилеп берилди.
Бул ўазыйпаларды әмелге асырыўда «Unicon-Soft» компаниясы да өз үлесин қоспақта. 2017-жылы шөлкемлестирилген компания бүгинги күнге шекем республика бойынша 70 тен аслам мәлимлеме системасын ислеп шығып, енгизген.
Компания елимиздиң барлық аймақлары ҳәм 208 район (қала) ларында мәлимлеме системаларын енгизиў ҳәм техникалық қоллап-қуўатлаў бойынша өз филиалларына ийе. Онда 1 мың 500 ден аслам хызметкер жумыс ислеп, олардың 80 процентин жаслар қурайды.
Ҳәзирги ўақытта «Unicon-Soft» жаңа программалық ҳәм техникалық қуралларды ислеп шығарыўды жолға қойыў, бажыхана тараўын санластырыўда қатнасыў, сондай-ақ, "Санлы мәҳәлле" платформасын енгизиўди режелестирмекте. Президентимиз усы бағдарлардағы компания жойбарларының презентациясы менен танысты.
Жуўмақлар бойынша жергиликли IТ өнимлерин ислеп шығарыўды буннан былай да раўажландырыў, жаслардың жасалма интеллект технологиялары тараўындағы билим ҳәм көнликпелерин арттырыў, мәмлекетлик уйымлар жумысында санластырыў процесслерин жеделлестириў бойынша усыныслар берилди.
Президентимиз Юнусабад районындағы Рихсилий көшесинде әмелге асырылып атырған абаданластырыў жумыслары ҳәм заманагөй инфраструктура менен танысты.
Жолдың еки километрлик бөлегинде инженерлик ҳәм транспорт инфраструктурасы түп-тийкарынан жақсыланды. Сондай-ақ, бул жерде күни-түни ислейтуғын дүканлар, ресторанлар, кеўил ашар орынлар пайда болды. Нәтийжеде 650 жумыс орны жаратылған.
Көше бойлап ҳәр күни орташа 35 мыңға шамалас транспорт ҳәрекетленеди. Соны есапқа алып, халықтың қәўипсизлигин ҳәм ҳәрекетлениў қолайлылығын тәмийинлеў илажлары көрилди. Атап айтқанда, 39 мың квадрат метр пиядалар жоллары қурылды, жүзге шамалас видеобақлаў камералары ҳәм онға шамалас оператив шақырыў түймелери орнатылды.