Қамтып алыў 100 процентке шамалас: Мектепке шекемги билимлендириў системасындағы өзгерислер алыс аўыл адамларының турмысында көзге тасланбақта

    Президентимиздиң басшылығында быйыл 15-май күни мектеп билимлендириўи системасындағы реформалардың нәтийжелилигин буннан былай да арттырыў бойынша тийкарғы ўазыйпаларды додалаў бойынша өткерилген видеоселектор мәжилисинде көплеген мәселелер додаланды.

    Атап айтқанда, алдынғы сырт ел тәжирийбеси тийкарында мектепке таярлаў топарлары ҳәм баслаўыш билимлендириў оқыў бағдарламалары өз-ара үйлесиўи, бул ушын бақша балаларын математика, тәбийғый пәнлер ҳәм технология бағдарларында сын көзқарастан ҳәм креатив пикирлеўге үйрететуғын бағдарламалар ислеп шығылыўы зәрүр екенлиги атап өтилди. Сондай-ақ, бақша тәрбияшыларының маманлығын, шеберлигин ҳәм психологиялық таярлығын арттырыў ушын кәсиплик сертификатлаў системасы енгизилетуғыны айтып өтилди.

    Ҳәзирги ўақытта елимизде 7000 мәмлекетлик ҳәм 31 мыңнан аслам жеке меншик бақша жумысы жолға қойылған. Алты жасар балалардың 96 проценти мектепке таярлаў топарларына қамтып алынған. Келеси жылы бул сан 100 процентке шығыўы күтилмекте.

    Бурын

    Узақ емес, буннан 7-8 жыл бурын да балалар бақшалардың жоқлығы себепли мектепке шекемги билимлендириў хызметлеринен айырылған еди. Бул мектепке шыққан баланың сабақларды өзлестириўинде айқын көзге тасланар, өз орнында таярлықсыз келген оқыўшы менен ислеў педагогқа да қыйыншылық туўдырар еди. Алыс ҳәм шетки аймақларда балалардың заманға үнлес тәризде сапалы тәлим-тәрбия алыўын тәмийинлеў мектепке шекемги билимлендириўдиң альтернатив инновациялық түрлериниң зәрүрлигин жүзеге келтирип атырған еди. Көрилген илажлар, әмелий ҳәрекетлер себепли орайдан узақта жасайтуғын балаларға мектепке шекемги билимлендириў хызметин көрсетиўге мөлшерленген “Ақлвой“ автобуслары болса бул машқалаға шешим болды. Қуяш батареясы, суўытқыш, ыссы ҳәм суўық суў менен тәмийинленген автобуста балалардың мектепке шекемги билим алыўы ушын барлық шараят жаратылған. Онда оқыў-тәрбия процеси “Илк қадам“ бағдарламасы бойынша алып барылмақта.

    “Аўылымызға “Ақлвой“ келди“

    Ғузор районы Қашқадәрья ўәлаятының қубла-шығысында жайласқан. Узақта Ҳисар таў дизбегиниң қубла-батысында Лангар таўы көзге тасланады. Пачкамар суў сақлағышы жағасындағы бул киши таўлар арқа-шығыстан қубла-батысқа қарай бағдарланған Гузар кеңликлерине тутасқан. Әне, усы кеңликлер артындағы аўылларда жүзи қуяшқа қарайған, көзи билим алыў ышқысында жанып турған балалар ҳәр күни көшпели бақшаға қатнайды. Ол жерде әлем ҳәм инсан ҳаққындағы онлаған сораўларға жуўап, машқалаларға дөретиўшилик шешим изленеди. Сүўретлер салынады, реңлер, жаңа сөзлер үйрениледи.

    Район орайынан алыс ҳәм шеткериде жайласқан “Яккадарахт“ ҳәм “Мевазор“ мәкан пуқаралар жыйынларына “Ақлвой“ автобусларының келгенине еле көп ўақыт болған жоқ. Автобус өзи менен бирге балаларға ойыншық, китап-дәптер, қәлем, ручка, планшет ямаса ноутбук, қысқасы, билим алып келди. Кишкене жүреклерге қуўаныш, шаңарақларға қәтержамлық үлестирди.

    - Перзентим Дилхуш 5 жаста, — дейди “Якка дарахт“ МПЖда жасаўшы Айдын Янгибоева. — Мәҳәллемизде бақша жоқ болғаны ушын улым мектепке барыўға таярлық көре алмайтуғын еди. Баламның билимсиз қалыўынан қәўетерде едим. Бир күни аўылымызға “Ақлвой“ автобусы кирип келди. Балалардың қуўанышын көрсеңиз еди... Ҳәзир балам автобус-бақшаға барыўды қәлейди. Ҳәр күни азанда үлкен қызығыўшылық пенен “Ақлвой“ға қарай жуўырады. Санлар, жаңа ядлаған сөзлерин айтып береди. Қосықлар ядлайды. Ойынлар ойнайды.

    Бул ықшам көшпели бақша аўылдағы мектепке шекемги билимлендириў менен қамтып алынбаған онлаған қара көзлерди өз қушағына алды. Бүгин ҳәр бир мәҳәлледе 25 бала еки сменада “Ақлвой“ға қатнап атыр. Еки мәҳәлледе де автостанция қурылған. Онда әйўанша ҳәм жасыл майданша болып, балалар ушын мөлшерленген әткөншеклер де орнатылған. Балалар бул ойын майданда ҳәм автобусларда қызықлы ойын түриндеги шынығыўларда қатнасады.

    - Өзим педагогпан, мектепте сабақ беремен, — дейди Мевазар мәҳәллесинде жасайтуғын Клара Даминова. — Бүгинги күнниң балалары менен ислесиў аңсат емес. Көп ўақтым мектепте, шәкиртлерим менен өтеди. Оның үстине турмыс тәшўишлерине көмилип, перзентимниң билимине онша итибар бере алмай атырған едим. Аўылымызға “Ақлвой“дың келгени жүдә жақсы болды-дә. Қызым Дунё Дийханбаева 5 жаста, жақын арада мектепке шығады. Ол ҳәзир автобус бақшада оқыў, жазыў, сөйлесиў, пикирин дурыс баянлаўды үйренбекте. Ондағы өзгерислерди көрип, қуўанаман. Мәмлекетимиздиң жас әўладқа итибарынан оғада қуўанышлыман.

    Инсанның келешекте қаншелли табыслы болыўы балалығы менен байланыслы. Усы көзқарастан, “Ақлвой“ қала ҳәм аўылда жасайтуғын балалардың теңдей дәрежеде тәлим-тәрбия алыўы, билимлендириўдиң сапасын ҳәм нәтийжелилигин арттырыў имканиятын бермекте.

    - Алыс ҳәм шетки аймақларда да қамтып алыўды арттырыў жолында ўәлаятта 16 “Ақлвой“ мобил автобусының жумысы жолға қойылып, 896 бала қамтып алынды, — дейди Қашқадәрья ўәлаяты мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи басқармасы баслығының орынбасары Даврон Тожибоев.

    Бул тек ғана Қашқадәрья ўәлаятындағы жумысларға киши мысал.

    Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрлигиниң мағлыўматына бола елимиздиң алыс аймақларындағы 216 мәҳәллеге қайта үскенеленген 102 “Ақлвой“ автобусы жеткерилди. Олар негизинде шөлкемлестирилген 550 жаңа мобил топарға 12 мыңға шамалас бала қамтып алынды. Мобил топарларға заманагөй пикирлейтуғын, балалар менен дослық мүнәсибет орната алатуғын, тәжирийбели, ең жақсы педагоглар тартылды.

    Денсаўлық, шахс ҳәм ақыл-ойға тийкар салынатуғын бир ўақытта киши жастағы баланың бақшаға барыўы, жақсы тәлим-тәрбия алыўы әҳмийетли. Бул ўазыйпаны “Ақлвой“ толық орынламақта. Балалар ойын, сәўбет, шынығыў ҳәм технологиялар арқалы қарым-қатнасқа кирисип, жаслығынан билимге умтылыў көнликпесине ийе болмақта.

    Билимлендириў сапасында педагог тәжирийбеси әҳмийетли

    Мектепке шекемги билимлендириў үзликсиз оқытыўдың басланғыш бөлеги болып, баланың саламат ҳәм раўажланған шахс болып қәлиплесиўин тәмийинлейди. Оқыўға қызығыўшылығын арттырады, системалы оқытыўға таярлап барады. Мектепке шекемги билимлендириўдиң сапасы, биринши гезекте, усы системада ислеп атырған педагоглардың дәрежеси, шеберлиги, таярлық дәрежесине байланыслы.

    Усы жыл 1-марттан баслап тәжирийбе-сынақ түринде елимиздиң алыс ҳәм шетки аймақларындағы мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлериниң педагоглары ушын мобил тәжирийбе арттырыў хызметлери жолға қойылды. Қарақалпақстан Республикасы, Қашқадәрья, Наўайы ҳәм Самарқанд ўәлаятларына жолланған мобил тәжирийбе арттырыў хызметлери 4 аудитория көринисиндеги қайта үскенеленген автобуслар негизинде шөлкемлестирилди. Автобуслар 10 ноутбук, 1 интерактив монитор, жазыў тахтасы, 1 интернет тарқатыў қурылмасы менен үскенеленген. Бул автобуслардан алыс ҳәм шетки аймақлардағы мәмлекетлик ҳәм мәмлекетлик емес мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлериниң педагог кадрлары ушын мобил тәжирийбе арттырыў хызметлерин көрсетиў, яғный үзликсиз кәсиплик раўажландырыў (“Методикалық шеберлик күни“ ҳәм “Методикалық шеберлик сааты“) илажларын шөлкемлестириў мақсетинде пайдаланылмақта.

    Аудитория көринисинде үскенеленген автобус Қўшработ районының Заркент, Нурабат районының Нурбулақ, Пайариқ районының Култосын ҳәм Ургут районының Жартепа мәҳәллелеринде жайласқан мәмлекетлик емес мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлерине де жетип барды. Бүгин бул жердеги МШБ педагоглары жасаў ҳәм жумыс орнынан узақ кетпеген ҳалда үзликсиз кәсиплик раўажланыў, билимлерин жаңалап барыў имканиятына ийе болды.

    - Заман өзгерип атыр. Әлбетте, балаларға тәлим-тәрбия бериўдиң усыл ҳәм формалары да өзгерип бармақта, — дейди Қўшработ районы “Эъзозбек — Зиё“ шаңарақлық мәмлекетлик емес МШБ директоры Феруза Йўлдошева. — Аудитория көринисинде үскенеленген автобусларда арнаўлы таярлық көриў, маманлық арттырыў ушын шараят жетерли. Алдыңғы педагогикалық көзқараслар, жаңа методика балалар ушын белсенди, қызығыўшылық ҳәм еркин пикирлеўге шақыратуғын оқыў орталығын жаратыўда қолайлы болмақта. Гейде ата-аналар шынығыўларда қатнасады. Қолланылып атырған инновациялық технологиялар ҳәм методлар, балалардағы унамлы өзгерис ата-аналарда да сапалы билимлендириўге исеним оятпақта.

    Алыс аймақлардағы мәмлекетлик ҳәм мәмлекетлик емес мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлериниң педагог кадрлары ушын шөлкемлестирилген мобил қәнигелигин арттырыў курсларының оқыў бағдарламасы 18 саатқа мөлшерленген. Бул бағдарламалар балаларда таяныш компетенцияларды қәлиплестириў, STEAM технологиясын қолланыў, интерактив ойынлар өткериў методикасы, дидактикалық қолланбалар, көргизбели материаллар ҳәм ойыншықлар топламларынан пайдаланыў технологияларының мазмун-мәнисин ашып бериўге хызмет етпекте.

    - Мектепке шекемги билимлендириў тараўындағы 30 жыллық жумыс тәжирийбеме сүйенетуғын болсам, алдын ертеңги күнниң сабақларына таярлық көриў ушын өзимиз қолдан ойыншық жасайтуғын едик, дидактикалық тарқатпа материалларды жарамсыз екинши дәрежели материаллардан сызып таярлайтуғын едик, — дейди Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрлигиниң мектепке шекемги билимлендириў системасының жумысын муўапықластырыў департаментиниң бөлим баслығы Гулбаҳор Парпиева. — Бүгин педагоглар ушын методикалық жәрдем, қолланба ҳәм инновациялық технологиялар ислеп шығылмақта. Педагог заманагөй билим ҳәм тәжирийбеге ийе болыўы, жумысын нәтийжели орынлаўы ушын шараят жетерли.

    Қолайлы ҳәм заманагөй шараят педагогтың кәсиплик қәбилетин раўажландырады, билимлендириўдеги реформа ҳәм өзгерислер ҳаққында өз ўақтында хабардар болыўы ҳәм кәсиплик раўажланыўына жәрдем береди. Өмир даўамында билим алыў, тараўдағы тенденциялардан хабардар болыў бәсекиге шыдамлы қәниге сыпатында қәлиплесиўдиң әҳмийетли шәрти болып есапланады.

    Бул ҳәрекетлер педагогтың статусын жоқарылатыў, зәрүр шараят жаратыў, өз үстинде ислеў ҳәм дөретиўшиликке мотивация бериў арқалы мектепке шекемги билимлендириўге балаларды қамтып алыў көрсеткишин арттырыўға хызмет етеди.

    Ҳеш ким итибардан шетте қалмайды

    Өткен жылы 13-декабрьде социаллық қорғаў тараўындағы жумыслардың нәтийжелилиги ҳәм 2025-жыл ушын тийкарғы ўазыйпаларды додалаў бойынша өткерилген видеоселектор мәжилисинде Тайлақ ҳәм Косонсой районларында жумыс алып барып атырған “Дәслепки раўажланыў орайлары“ тәжирийбеси тилге алынып, ўәлаят ҳәкимлерине бул тәжирийбени үйренип, ҳәр бир районда енгизиў тапсырылған еди.

    Айрықша билим алыўға мүтәжлиги бар, раўажланыўы төмен балалардың үйине барыў арқалы турмыслық көнликпелерин 3 модель тийкарында раўажландырыўды нәзерде тутатуғын бул хызмет бийпул әмелге асырылып, балалар орайдан мектепке бағдарланады.

    - Ҳеш ким перзентиниң кесел болыўын қәлемейди. Бирақ тәғдир екен, улым Абдулла Умаржанов тромбоцит пурпура кеселлигине шалынған. Бул кеселликке шалынған адамның қанында тромбоцитлер саны кемейеди. Перзентим дәстүрий бақшаға бара алмайды. Сонлықтан, районымыздағы “ Дәслепки раўажланыў орайы“ қәнигелери үйимизге келип сабақ өтеди. Балам билим алыўда қатарларынан артта қалып атырған жоқ. Оқыў-жазыўды толық үйренди. Ҳәзир “Әлипбе“ни жуўмақлаў алдында, — дейди Косонсой районы Кукимбай аўылында жасаўшы Эъзоза Маҳкамова. — Тәрбияшылар шийрин сөзли, меҳрибан. Дыққат пенен сабақ өтеди. Өзиме де зәрүр ўазыйпаларды әсте түсиндиреди, перзентим тәрбиясына байланыслы баҳалы мәсләҳәтлер береди. Оларға жүдә миннетдарман.

    Жойбар шеңберинде шаңарақларды кәмбағаллықтан шығарыў, социаллық жағдайын жақсылаўға жәрдемлесиледи. Жумыс табыў, напақа алыў, балаларды медициналық тексериўден өткериў, жумысқа жайласыўда психологиялық социаллық жәрдем бериледи. Қәсте кеўиллерге мәлҳәм, сынған кеўиллерге нур бағышлап атырған бул жойбар балалардың билим алыў ҳуқықын тәмийинлеў менен бирге, жасына, индивидуал имканияты, қәбилети ҳәм талапларына сәйкес физикалық, ақылый ҳәм руўхый раўажланыўына хызмет етпекте.

    Айрықша жәрдемге мүтәж балаларға индивидуал билимлендириў бағдарламалары, сондай-ақ, заманагөй инклюзив мектепке шекемги билимлендириў-тәрбия алыў имканиятын беретуғын қолайлы орталық жаратылған. Бул балаларда ўатанға муҳаббат, шаңараққа, халқының миллий, тарийхый, мәдений қәдириятларына, қоршаған орталыққа ҳүрмет сезимлерин қәлиплестиретуғыны сөзсиз.

    - 2025-2028-жылларда Касансай ҳәм Тайлақ районларының тәжирийбеси тийкарында зәрүрликтен келип шығып, 208 район (қала) да басқышпа-басқыш ҳәр жылы орташа 50 ден “Дәслепки раўажланыў орайы“ жумысы жолға қойылады, — дейди Гулбаҳор Парпиева. — Бул процессте 3 модель тийкарында мектепке шекемги билим алыў имканияты болмаған, кем тәмийинленген, айрықша билимлендириўге мүтәжлиги болған шаңарақлардың перзентлери қамтып алынады.

    Көлем кеңеймекте

    Мектепке шекемги билимлендириўге қамтып алынбаған 6 жасар балалар ушын бийпул мәжбүрий таярлаў топарлары шөлкемлестирилмекте, шаңарақлық мәмлекетлик емес мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлериниң жумысы жолға қойылмақта.

    Мәмлекетлик-жеке меншик шериклик системасының дәслеп мектепке шекемги билимлендириўде енгизилиўи балалардың қамтып алыныўының артыўы, тараўда исбилерменлик ҳәм мәмлекетлик емес сектордың раўажланыўына кең имканият ашты. Исбилерменлерге жеңиллетилген кредитлер берилгени, балаларды аўқатландырыў ҳәм медициналық хызметтиң сапасын арттырыўға мәмлекетлик бюджеттен субсидиялар ажыратылғаны қамтып алыўдың кеңейиўинде әҳмийетли фактор болмақта. Бул ийгиликли жумыслар келешекте жаңаша мазмун ҳәм көлем менен даўам еттириледи.

    Барлық балалар ушын тең ҳәм сапалы билим алыў интеллектуаллық раўажланған әўладты камалға келтириўде жүдә әҳмийетли. Миллеттиң келешегине жумсалған инвестиция бир күн мийўасын бериўи, келешекте ўатан раўажланыўы жолында белсенди болатуғын билимли, потенциаллы, ҳәр тәреплеме жетик әўладты тәрбиялаўы сөзсиз.


    Рисолат МАДИЕВА,

    “Янги Ўзбекистон“ хабаршысы