Бул процессте Қарақалпақстан Республикасын социаллық-экономикалық раўажландырыўға айрықша итибар қаратылып атырғаны дыққатқа ылайық.

Мәмлекетимиз басшысының қатнасыўында өткерилген мәжилисте аймақтағы реформалардың нәтийжелилиги, имканиятлар ҳәм келешектеги ўазыйпалар ҳәр тәреплеме додаланды. 2017-жылдан баслап Қарақалпақстан раўажланыўында пүткиллей жаңа басқыш басланды. Аймақта санаат, хызмет көрсетиў, энергетика, туризм ҳәм санлы технологиялар тараўларында ири жойбарлар әмелге асырылды. Жаңа санаат кәрханалары, ИТ парклер, энергетика қуўатлықларының иске қосылыўы экономикалық өсиўдиң әҳмийетли драйверине айланды.

Статистикалық көрсеткишлер бул процесстиң әмелий нәтийжесин айқын тастыйықлайды. Соның ишинде, санаат өнимлериниң көлеми 2016-жылға салыстырғанда бир неше есеге артты, жалпы аймақлық өним болса 8,5 триллион сумнан 54,3 триллион сумға жетти. Хызметлер тараўында да турақлы өсиў бақланып, оның көлеми 35 триллион сумнан артқан. Соның менен бирге, инвестициялық орталықты жақсылаў мақсетинде енгизилген жеңиллик ҳәм преференциялар экономикаға инвестиция ағымын сезилерли дәрежеде көбейтти. Нәтийжеде ҳәр жылы көплеген жойбар әмелге асырылып, мыңлаған жумыс орны жаратылған. Тек ғана 2025-жылдың өзинде 177 мыңнан аслам адамның бәнтлиги тәмийинленип, 83 мың пуқара кәмбағаллықтан шығарылды.

Қарақалпақстан ушын экологиялық турақлылық мәселеси айрықша әҳмийетке ийе екени көпшиликке белгили. Арал теңизи қурыўы ақыбетлерин жумсартыў мақсетинде әмелге асырылып атырған жойбарлар аймақтағы экологиялық жағдайды басқышпа-басқыш жақсы тәрепке өзгертип атыр. Теңиздиң қурыған аймағында миллионлаған гектар жасыл майдан жаратыў тәбиятты тиклеў менен биргеликте, жаңа экономикалық имканиятлар да жаратпақта.

Социаллық тараўда да салмақлы нәтийжелерге ерисилди. Жаңа билимлендириў, медицина ҳәм инфраструктура объектлери қурылып, халыққа хызмет көрсетиў сапасы артпақта. Бул болса халықтың турмыс дәрежесиниң жақсыланыўына хызмет етеди.

Соңғы жыллары аймақ экономикасының қурамында да сапа өзгерислери бақланды. Алдын экспорттың үлеси төмен болған болса, ҳәзир бул көрсеткиш 30 процентке жетти. Улыўма экспорт көлеми болса 2,1 миллиард долларға жеткени де жақсы көрсеткиш. Қарақалпақстанның тәбийғый ресурслары ҳәм қазылма байлықлары оның стратегиялық әҳмийетин және де арттырады. Цемент, қурылыс таслары, гипс, шийше ҳәм басқа да шийки зат резервлери ири санаат кластерлерин шөлкемлестириў ушын беккем тийкар болып хызмет етеди. Мәжилисте келеси бес жыллық раўажланыў параметрлери де белгилеп алынды.

Соның ишинде, жалпы аймақлық өнимниң көлемин 102 триллион сумнан асламға жеткериў, санаат ҳәм хызмет көрсетиў тараўында 7 миллиард доллардан аслам жойбарларды әмелге асырыў режелестирилген. Соның менен бирге, экспорттың баҳасын 900 миллион долларға жеткериў, жумыссызлықты 4,2 процентке, кәмбағаллықты болса 3,2 процентке азайтыў ўазыйпасы қойылды. Айырым қала ҳәм районларды жумыссызлық ҳәм кәмбағаллықтан жырақ аймаққа айландырыўға қаратылған мәнзилли илажлар ислеп шығылды. Келеси жыллары аймаққа тиккелей сырт ел инвестициясы көлемин 2,5 есеге арттырыў мақсет етилгени де үлкен әҳмийетке ийе. Жасалма интеллект орайы, автомобиль комплектлеўши бөлеклер кластери, базальт талшығын ислеп шығарыў, шығындыларды қайта ислеў сыяқлы жойбарлар экономиканы диверсификациялаўға хызмет етеди.

Жаслар ҳәм инновацияларды қоллап-қуўатлаў мақсетинде ИТ университети, стартап технопарк ҳәм интеллектуаллық орайлар шөлкемлестириў режелестирилген. Бул болса Қарақалпақстанды инновациялық раўажланыў ноқатына айландырыўы күтилмекте. Аймақтағы жер ресурсларынан толық пайдаланыў, ықлымға сай жаңа егин түрлерин көбейтиў ҳәм дәрилик өсимликлер жетистириў бойынша ўазыйпалар белгиленди. Шарўашылық ҳәм жайлаў хожалығын раўажландырыў, от-жем ислеп шығарыў ҳәм агросанаат комплекслерин шөлкемлестириў де әҳмийетли бағдарлардан.

Туризм тараўын раўажландырыў мақсетинде Аралбойы ҳәм Үстирт платосында глемпинг зоналары, "Барса келмес" дуз кәни аймағында туризм-рекреациялық зона, Арал тарийхы музейин модернизациялаў сыяқлы жойбарлар әмелге асырылады. Бул жумыслардың есабынан аймаққа мыңлаған сырт ел ҳәм жергиликли туристлерди тартыў режелестирилген. Қарақалпақстанның транспорт-логистика потенциалын арттырыў мақсетинде Қоңыратта халықаралық стандартларға жуўап беретуғын "қурғақ порт" шөлкемлестириў ўазыйпасы қойылды. Сондай-ақ, ишимлик суў тәмийнаты, жол қурылысы ҳәм коммуналлық инфраструктураны жақсылаўға үлкен қаржы қаратылатуғыны белгиленди.

Қарақалпақстанды комплексли раўажландырыўға қаратылған бул ўазыйпалар аймақ экономикасын жаңа басқышқа алып шығыўға хызмет етеди. Белгиленген илажлар избе-из әмелге асырылса, аймақтың үлкен ресурс ҳәм инсан капиталы потенциалы толық көринеди. Ең әҳмийетлиси, бул процесс арқалы халықтың турмыс дәрежесин жақсылаў, жаңа жумыс орынларын ашыў ҳәм турақлы экономикалық өсиў тәмийинленеди. Усы мәнисте, Қарақалпақстандағы реформалар тек ғана аймақты емес, ал пүткил мәмлекеттиң раўажланыўы ушын әҳмийетли стратегиялық әҳмийетке ийе.

Гүлжан ХАЛМУРАТОВА,

Олий Мажлис Нызамшылық палатасының депутаты