Қарақалпақстанда жаңа турмыс нәпеси: Аўыры жеңил, мүшкили жеңил болған инсанлардың қәлбинде миннетдаршылық сезими тамыр жайды

    Пикир 18 маусым 2025 176

    Адамларды не бирлестиреди? Идея, мақсет, мәп, өтмиш, қәдириятлар ҳәм тағы басқа. Булардың ҳәммеси бар гәп. Бирақ мен басқа мысал келтирмекшимен. Айтайық, бурын таныс болмаған еки адам биргеликте тер төгип мийнет етип, бири биринши гербишти, екиншиси екинши гербишти қойып имарат қурса ямаса бири нәл егип, екиншиси түбине суў қуйып бағ жаратса; бири шаршағанда екиншиси қол созса, бири шөллегенде екиншиси суў берсе; дийўаллар бийиклесип, бағлар мийўеге кирген сайын мийнетиниң өниминен екеўи бирге қуўанса, заўықланса, бирин-бири баўырына басып қутлықласа, оларды не бирлестирген болады?

    Аўа, адамларды мийнет, дөретиўшилик те бирлестиреди. Буның турмыстағы дәлилин көрмекши болсаңыз, Қарақалпақстанға келиң. Себеби ҳәзир Қарақалпақ дияры дөретиўшилик майданына айланған. Ол жерде ташкентли, ферғаналы, самарқандлы ямаса қашқадәрьялы жерлеслеримиз мектеплер, бақшалар, медицина мәкемелери, китапханалар, турақ жайлар қурылмақта. Жергиликли халық пенен бирлесип, көше ҳәм мәҳәллелерди абат етпекте. Адамлардың кеўлине нур ҳәм ертеңине исеним алып кирип атыр.

    Үш жыл бурын

    Мәмлекетимиз басшысы 2022-жыл 23-24-февраль күнлери Қарақалпақстан Республикасына сапары ўақтында бир ийгиликли басламаны алға қойған еди. Үлкен режелер, мақсетлер, үлкен қаржы дәреклери менен бирге, Өзбекстандағы 13 аймақ ҳәкимлери ҳәм исбилерменлерин алып келип, Аралбойы аймағын биргеликте раўажландырыў мақсетинде ҳәр бир ўәлаятқа Қарақалпақстанның бир районын бириктирген еди. Сол ўақытта Ташкент қаласы ҳәм ўәлаятлар ҳәкимлери өзине бириктирилген аймақларда ислейтуғын жумыслары бойынша презентациялар өткерген еди. Мәмлекетимиз басшысы буның себеби ҳәм әҳмийетин түсиндирип:

    - Аралбойында жағдай жаман деп көпшилик айтады. Бирақ ҳәмме де бул жерге келип көрмеген. Аралдың ҳаўасынан дем алыўы, шараятты көрип, әдил баҳа бериўи ушын бул жерге пүткил республикадан басшыларды жибердим. Қарақалпақстанның раўажланыўына үлкен қаржы қаратамыз, - деп атап өткен еди.

    Қарақалпақстанда көпшилик пүткил мәмлекеттиң итибары, потенциалы, қаржысы оларға қаратылып атырғанынан қуўанышлы болса да, бул истен қандай нәтийже күтилип атырғанын түсинип жетпегенлер де бар еди. Аўа, инсан руўхыйлығы сондай. Әсиресе, реформалар бойынша адамлар өзгерислерди өз турмысында көрип, сезбегенше исенбейди.

    Бириктирилген аймақлар жалпыламай ҳәм жеделлик пенен Президентимиздиң тапсырмасын орынлаўға кирисип кетти. Ўәлаят ҳәкимлери, жуўапкерлер, исбилерменлер, ҳәттеки қурылысшылар өзине бириктирилген районларға көшип келди, десек асыра айтқан болмаймыз. Көп өтпей, Қарақалпақстандағы ғалаба хабар қураллары, социаллық тармақларда ўәлаятлар тәрепинен фабрика, мектеп, бақша, китапхана ҳәм басқа да социаллық объектлер қурылып пайдаланыўға тапсырылып атырғаны ҳаққында хабарлар тарқала баслады. Ҳәтте тойлар, илажларда "берекет тапсын" деген миннетдаршылықлар айтылатуғын болды. Кәмбағал, социаллық жәрдемге мүтәж, турақ жайы жарамсыз жағдайға келип қалған шаңарақларға турақ жайлар қурылып, төбеси жаўылып берилип атырғаны болса үмитсиз кеўиллерде исеним оятқан. Қалалар, мәҳәллелер, аўыллар, аўыллардағы өзгерислер, дөретиўшилик жумыслары, абатлық адамлардың қәлбине көшти.

    Меҳир бөлискен қарар

    Бизиңше, мәмлекетимиз ҳәм ҳүкиметимиз тарийхында алдын бундай қарар қабыл етилмеген. Бул жерде Министрлер Кабинетиниң 2023-жыл 2-февральдағы "Қарақалпақстан Республикасында халық ушын мүнәсип турмыс шараятларын жаратыў ҳәм мәҳәллелер инфраструктурасын буннан былай да жақсылаў илажлары ҳаққында"ғы қарарын нәзерде тутып атырман. Бул қарар Президентимиздиң 2022-жыл 1-ноябрьдеги "Аралбойы регионын турақлы раўажландырыў бойынша жумыслардың нәтийжелилигин арттырыў илажлары ҳаққында"ғы пәрманына тийкарланып, Қарақалпақстанда өткерилген үйрениўлер нәтийжесинде анықланған шараяты аўыр шаңарақлар ҳәм пуқараларды қоллап-қуўатлаў және аўыл ҳәм мәҳәллелердиң инфраструктурасын раўажландырыў мақсетинде шығарылған.

    Қарарда Қарақалпақстанның Нөкис қаласы ҳәм Бозатаў, Қараөзек, Кегейли, Қоңырат, Қанлыкөл, Мойнақ, Нөкис, Тақыятас, Тахтакөпир, Хожели, Шымбай, Шоманай районлары ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлерине бириктирилгени өз көринисин тапқан.

    Сондай-ақ, қарар тийкарында аймақтағы турмыс шараяты аўыр 21 мыңнан аслам шаңарақтың төбесин шиферлаў ҳәм жасаў ушын жарамсыз, аўыр жағдайдағы 709 шаңарақты қайтадан қурыў және 2000 километр топырақ жолға қум-щебень төсеў белгиленген.

    Төрткүл, Беруний, Елликқала ҳәм Әмиўдәрья районларындағы турақ жайларды оңлаўға мәмлекетлик бюджет есабынан 112,3 миллиард сум, қалған қала ҳәм районлардағы турақ жайларды оңлаўға Қарақалпақстан Республикасы, Ташкент қаласы ҳәм ўәлаятлар ҳәкимликлериниң жергиликли бюджети есабынан 231,6 миллиард сум, 4 районда 2000 километр ишки жолларға қум-щебень төсеў жумыслары ушын Министрлер Кабинетиниң резерв фонды есабынан 20 миллиард сум ажыратылған.

    Дөретиўшилик ҳәм дослық майданы

    Бүгин Кегейли районына барсаңыз әндижанлылар қурған фабрика, Нөкис районында самарқандлылар қурған мешит ямаса китапхана, Мойнақта Ташкент ўәлаяты мийнеткешлери тәрепинен қурылған "Дослық бағы", мектеп, спорт майданшасы, деп көрсетеди адамлар.

    Ҳақыйқатында да, самарқандлылар тәрепинен Нөкис районындағы 6,5 гектар майданда қурылған "Еслеў майданы", "Имам Ийшан" мешити, 90 орынлық Ургут мийманханасы, ири саўда комплексин өз ишине алған "Дийқан базары", мәҳәлле гүзары ҳәм бир қатар жаңа имаратлар пайдаланыўға тапсырылды.

    Гастрономиялық туризмди раўажландырыў мақсетинде район орайында "Самарқанд ош" орайы ашылды. Нөкис районы орайлық емлеўханасына тез медициналық жәрдем көрсетиўдиң сапасын жақсылаў мақсетинде ўәлаяттың жергиликли бюджети қаржылары есабынан 3 "Дамас" маркалы тез медициналық жәрдем көрсетиў машинасы ҳәм медициналық әсбап-үскенелер алып берилди.

    Әсиресе, Ақманғыт посёлкасында мәҳәлле гүзарының пайдаланыўға тапсырылыўы халық ушын ҳақыйқый саўға болды. Еки қабатлы заманагөй имараттың биринши қабатында посёлка пуқаралар жыйыны, екинши қабатта дерлик 73 мың китап фондына ийе районлық мәлимлеме-китапхана орайы жайласқаны халыққа, әсиресе, китапқумар жасларға қолайлық жаратты.

    Мойнақ районындағы бүгинги өзгерис ҳәм жаңаланыўларда болса Ташкент ўәлаятының үлеси үлкен. Соның ишинде, "Дослық" мәкан пуқаралар жыйыны ҳәм Ҳәким ата Сулайман Бақырғаний зыярат комплексинде китапханалар шөлкемлестирилгени, районлық медицина бирлеспеси тез жәрдем бөлими ушын заманагөй имарат қурылғаны, "Үшсай" аўыл пуқаралар жыйынындағы "Тоқпақ ата" елатлы пунктиндеги 4-мектеп филиалы ҳәм 5-мектеп ушын жаңа спорт залы ҳәм асхана имараты қурылғаны, Қызылжар аўылында контейнер орнатылып, гөззаллық салоны ҳәм тигиў цехы ашылғаны, кәмбағал шаңарақлардың тозыўы жеткен 142 үйди жаңадан қурыў жумыслары даўам етип атырғанын көриў мүмкин.

    Кегейли районы Әндижан ўәлаятына бириктирилген. Әндижанлы исбилермен тәрепинен районның Ақтуба аўылында 2022-жыл декабрьде пайдаланыўға тапсырылған, трикотаж өнимлерин ислеп шығарыў кәрханасында бүгин 130 адам жумыс пенен тәмийинленген. Олардан 110 ы ҳаял-қызлар. 80 ҳаял-қыз Әндижан ўәлаятына барып, кәсип-өнер сырларын үйренип келди. Кәрханада күнине 1500 таяр өним ислеп шығарылады. 2024-жылы өнимлерди экспорт етиў бойынша россиялы бирге ислесиўшилер менен шәртнама дүзилгени жумысшылардың да қызығыўшылығын арттырды.

    Шоманай районы Хорезм ўәлаятына бириктирилген. Қоңсылар тәрепинен де аймақты раўажландырыў бойынша биргеликте ислеп шығылған "жол картасы" тийкарында бир қатар жойбарлар әмелге асырыла басланды. Соның ишинде, 2022-жылы 1,6 миллиард сум есабынан "Бирлешик" аўыл пуқаралар жыйыны аймағында жаңадан 50 орынлық мектепке шекемги билимлендириў шөлкеминиң имараты қурылып, пайдаланыўға тапсырылды. Аўылда бул мектепке шекемги билимлендириў шөлкеминиң жумыс баслаўы нәтийжесинде балалардың бақшаға қамтып алыўы 45 проценттен 90 процентке жетти.

    Халықтың турмыс шараятын жақсылаў мақсетинде хорезмлилер 349 турақ жайда қурылыс-оңлаў жумысларын орынлады. Соның ишинде, 329 турақ жайдың төбеси жабылды, 20 сы жаңадан қурылды.

    Ақжап мәҳәллесинде жасаўшы екинши топар майыбы Баҳадыр Алламбергенов, Моншақлы мәҳәллесинде жалғыз жасаўшы Жалғас Елмуратов жаңа үй қурып берилгенинен миннетдар болса, Нағима Убайдуллаева (Моншақлы мәҳәллеси), Қалбай Сейтов (Мәденият мәҳәллеси) үйиниң төбеси шиферланып, бир мүшкили жеңил болғанынан қуўанышлы.

    Мәмлекетимиз басшысының сөзи менен айтқанда, "Қарақалпақстанның Швейцариясы" болған Бозатаў районы Ферғана ўәлаяты ҳәкимлигине бириктирилген еди. Өткен дәўирде бул районда да көплеген жойбарлар әмелге асырылды. Бир қатар объектлер халыққа хызмет етпекте. Әсиресе, жердиң өнимдарлығын арттырыў, жабайы тоғайлар әтирапында жаңа жер өзлестириў, суў тамтарыслығы машқаласын сапластырыў мәселелерине итибар қаратылды.

    Суў Бозатаў ушын өмир-өлим мәселеси. Ферғана ўәлаятының жергиликли бюджети есабынан суў алып келинди. Буның ушын он жыллар даўамында пайдаланылмай жатырған салмалар тазаланды.

    Ферғаналылар оннан аслам социаллық объектти пайдаланыўға тапсырды. Мәселен, "Қусханатаў" АПЖ аймағында Ферғана ўәлаяты ҳәкимлигиниң қаржысы есабынан 9-мектепке шекемги билимлендириў шөлкеми ҳәм 5-мектепте капитал реконструкция жумыслары орынланды. Бүгин аўыл балалары ушын барлық қолайлы шараят жаратылған.

    Президентимиздиң усы бир басламасы арқалы қала ҳәм районларда кең көлемли қурылыс-абаданластырыў жумыслары орынланды. Мәҳәллелер, аўыллардың келбети өзгерди, жаңа исбилерменлик субъектлери жумысын баслады. Инвестициялар кирип келди, адамлар жумыслы болды, турмысы өзгерди... Жоқарыда олардан тек айырымларын мысал ретинде келтирдик.

    Мақаланы адамларды не бирлестириўи ҳаққындағы сораў менен бийкарға басламадық. Ең әҳмийетлиси, Аралбойы тек ғана дөретиўшилик емес, ал дослық ҳәм аўызбиршилик, өз-ара мийрим-шәпәәт орайына айланды. Достың жәрдеми менен аўыры жеңил, мүшкили жеңил болған инсанлардың қәлбинде миннетдаршылық сезими тамыр жайды. Биргеликте өткерилип атырған той-мереке, байрам салтанатлары өзбек ҳәм қарақалпақ халықларын және де бирлестирди, туўысқанлық байланысларын және де беккемледи. Қарақалпақстанлылардың басқа ўәлаятларға, ўәлаятлылардың болса Қарақалпақстанға барып-келиўи шөлкемлестирилди. Бул тәжирийбе алмасыў менен бир қатарда кеўиллерди жақынластырды, мақсетлерди бирлестирди. Қулласы, бир-бирине қан-туўысқан, қуда-қудағай болып кеткен өзбек ҳәм қарақалпақ халықларының барыс-келиси де және де кеңейди.

    Бүгин болса аўызбиршилик пенен жаратылған материаллық байлықларға еки халық арасындағы аўызбиршилик, дослық ҳәм мийрим-шәпәәт сыяқлы руўхый байлықлар және де көркемлик, жаңаша мазмун-мәнис бағышлап тур.

    Дәўлетлиниң қонағы қос келеди

    Негизинде, мақаланы усы жерде жуўмақлап атырған едим. Бирақ қарақалпақстанлылардың IV Ташкент халықаралық инвестициялық форумынан кейинги қуўаныш ҳәм толқынланыўы, социаллық тармақлар арқалы ашықтан-ашық билдирилип атырған қанаатланыўшылық, миннетдаршылық теманы жаңа көзқараста даўам еттириўге ийтермеледи.

    Ҳақыйқатында да, жақында болып өткен IV Ташкент халықаралық инвестициялық форумында да аймақты раўажландырыў мәселесине және бир мәрте итибар қаратылды. “Boston Consulting Group” компаниясы менен биргеликте Қарақалпақстанды 2035-жылға шекем раўажландырыў бойынша узақ мүддетли стратегия ислеп шығылғаны мәлим етилди.

    Форум шеңберинде өткерилген "Қарақалпақстанның экономикалық раўажланыў стратегиясы: ҳәзирги жағдай, өсиў бағдарлары ҳәм келешектеги имканиятлар" темасындағы панель сессиясында аймақтың экономикалық, инвестициялық потенциалы, тийкарғы бағдарлар ҳәм сырт ел инвесторлары ушын жаратылып атырған қолайлы шараятлар ҳаққында толық мағлыўмат берилди.

    - Бул сессия Қарақалпақстанды социаллық-экономикалық раўажландырыў, аймаққа сырт ел инвесторларын тартыўға қаратылған, - дейди қарақалпақстанлы жас исбилермен, "Биогумус" фермер хожалығының баслығы Шерзод Ниязимбетов. - Биз аўыл хожалығының ўәкилимиз. Бүгинги күнде помидор жетистиремиз ҳәм Италия, Франция, Германияға экспорт етемиз. Өнимимиз дүнья базарында бәсекиге шыдамлы. Ерисип атырған жетискенликлеримиздиң барлығы жас исбилерменлерге қаратылып атырған итибардың жемиси болып есапланады. Бизге жер ажыратыў, жеңиллетилген кредит, салық жеңилликлери ҳәм логистика мәселелеринде берилип атырған имканиятлар жумысымызды буннан былай да раўажландырыў ҳәм кеңейтиўге хызмет етпекте. Бүгин хожалығымызда 200 ден аслам адам жумыс пенен тәмийинленген. Олардың көпшилиги Нөкис районында жасайтуғын ҳаял-қызлар болып есапланады. Бул илаж сырт елли шериклеримиздиң қатарын буннан былай да кеңейтиўде үлкен әҳмийетке ийе, әлбетте.

    Форум шеңберинде фармацевтика, туризм, санаат ҳәм қайта ислеў, қурылыс, билимлендириў, агросанаат ҳәм экология тараўларында бир қатар ири инвестициялық жойбарлар бойынша келисимлерге ерисилди.

    Әлбетте, булардың барлығы Қарақалпақстанның инвестициялық тартымлылығын арттырыў, экономиканы диверсификациялаў ҳәм сырт ел инвестицияларын тартыўда әҳмийетли қәдем болып хызмет етеди. Бул арқалы регионда жаңа жумыс орынлары жаратылады, өндирислик қуўатлықлар кеңееди ҳәм жәҳән базарларында бәсекиге шыдамлы өнимлер жетистирилиўи тәмийинленеди.

    Бул еле ҳәммеси емес. Гәп сонда, форум мазмун-мәниси жағынан Қарақалпақстанда да даўам етти. Нөкис қаласындағы "Ақ қус" комплексинде Өзбекстан Республикасы Аўыл хожалығы министрлиги, Жәҳән банки ҳәм Қарақалпақстан аўыл хожалығы ҳәм агротехнологиялар институты менен биргеликте "Өзбекстанда климат өзгериўи шараятында ақыллы аўыл хожалығы" темасында семинар-тренинг болып өтти. Илажда министрлик системасындағы жоқары билимлендириў ҳәм илимий-изертлеў мәкемелериниң басшылары, Жәҳән банкиниң ўәкиллери, халықаралық бирге ислесиўши шөлкемлер ҳәм сырт елли экспертлер қатнасты.

    IV Ташкент халықаралық инвестиция форумы шеңберинде өткерилген сессияда инвесторлар Қарақалпақстанға келип, Аралбойының үлкен потенциалы менен танысыў ҳәм кең имканиятлар көлемин баҳалаўға мирәт етилген еди. Усы форумның үзликсиз даўамы сыпатында шөлкемлестирилген илажда халықаралық тәжирийбелер тийкарында Өзбекстанда аграр ҳәм азық-аўқат тараўында климат өзгериўиниң унамсыз ақыбетлерин жумсартыў, оған сәйкес ақыллы аўыл хожалығы әмелиятын қолланыў, Аралбойы регионында қолайлы агроэкосистеманы жаратыў ҳәм бул бағдардағы өз-ара бирге ислесиў байланысларын буннан былай да раўажландырыў мәселелери додаланды.

    Илаж шеңберинде мийманлар Нөкис қаласындағы “Qoraqalpoq basaltwool” кәрханасы, сондай-ақ, И.Савицкий атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик көркем өнер музейинде болып, республиканың санаат, туризм бағдарларындағы имканиятлары менен танысты. Қатнасыўшылар ушын Мойнақ - Арал теңизиниң қурыған аймағы ҳәм Арал теңизи тарийхы музейине саяхат шөлкемлестирилди.

    Қарақалпақларда "Дәўлетлиниң қонағы қос келеди" деген нақыл бар. Өзбекстан, пүткил ўәлаятлар усы аймақтың раўажланыўы ушын гүресип атырған бир ўақытта потенциаллы сырт елли инвесторлар да усы жерге бағдарланбақта. Әлбетте, форумда атап өтилгениндей, Қарақалпақстанға киргизилип атырған инвестиция жаңа жумыс орынларын ашыў, жергиликли исбилерменлерди қоллап-қуўатлаў, жаслардың келешегин және де жақсылаўға хызмет етеди.

    Расы, адамлар өткен жылы Қарақалпақстан ушын шын мәнисинде берекетли ҳәм тарийхый ўақыяларға бай дәўир болғанын елеге шекем тән алады. Себеби жыл даўамында бир қатар ири жойбарлар, жаңа санаат кәрханалары, туризм орайлары, энергетика қуўатлықлары, мәлимлеме технологиялары парки иске қосылды. Әмиўдәрья үстинен Қарақалпақстанды Хорезм менен байланыстыратуғын узынлығы 423 метр болған жаңа автомобиль ҳәм темир жол көпири пайдаланыўға тапсырылды. Бул жаңаланыўлар халқымызда шексиз қуўаныш, мақтаныш сезимлерин оятты.

    Буннан тысқары, Тахтакөпир районындағы Қаратерең көли бойында жаңа этно-туристлик комплекс қурылды. Нөкис қаласындағы "Ақ қуў" комплексинде диаметри 42, бийиклиги 22 метрди қурайтуғын қарақалпақ миллий отаўы тикленип, Гиннестиң рекордлар китабына киргизилди. Қоңырат - Бейнеў автомобиль жолының жаңадан қурылған 240 километр бөлеги пайдаланыўға тапсырылды. Шынында да, Қарақалпақстанда кейинги жылларда бой көрсеткен бундай өзгерислер, адамларымыздың турмысына жаңаша мазмун, абаданлық, кеўиллерине қуўаныш ҳәм шүкиршилик, ертеңги күнге исеним алып кирген тарийхый жаңаланыўлардың дизимин және узақ даўам еттириў мүмкин. Тийкарғысы, бул жерде басланған жаңа раўажланыў қәдемлери, Аралдың қурыған ултанында күн сайын бой созып, шөлистанлықты бостанға айландырып атырған жасыл әлем қарақалпақстанлылардың турмыс тәризине, ой-пикирине көшип, күш-ғайраты, исбилерменлик руўхына азық бермекте.

    2025-жылдың биринши ярымында ерисилип атырған оннан кем болмаған нәтийжелер болса үлкен-киши, бәринен бурын, шүкиршилик пенен жасаўға, шараятлар, имканиятлар, барлық-барлық жемислердиң қәдирине жетиўге шақырмақта.


    Назира МАТЯҚУБОВА,

    Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң депутаты,

    Өзбекстанда хызмет көрсеткен журналист

    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates