Хожалық ағзалары 195 гектар жерден ҳәр жылы пахта, ғәлле жетистирип келмекте. Өткен жылы пахтадан гектарына 42 центнерден жәми 417 тонна өним алынған еди. Быйыл ғәллениң ҳәр гектарынан 86 центнерден қырман көтерди.

Хожалықтың 10 гектар жеринде суўды үнемлейтуғын технологиялар орнатылған. Фермер хожалығының басшысы Режепбай Авезов жақында ең белсенди ҳәм үлгили фермер хожалығының басшысы сыпатында "Илғор фермер" көкирек белгиси менен сыйлықланды.

Төрткүл районындағы "Чорвадор" фермер хожалығының 46 гектар жеринде пахта, 25 гектарында ғәлле ҳәм 15 гектарында басқа да егинлер жетистирилип келинбекте. 37 жыллық жумыс тарийхына ийе хожалықты бүгин тәжирийбели фермер Исмаил Сержанов басқарып келмекте. Быйыл хожалық ағзалары ғәллениң ҳәр гектарынан 80 центнерден зүрәәт алып, 200 тонна дән жетистирген болса, 25 гектар жерде суўды үнемлейтуғын технологиядан нәтийжели пайдаланыў арқалы мол зүрәәт алыўға еристи.

— Мәмлекетимиз аўыл хожалығын раўажландырыў, азық-аўқат қәўипсизлигин тәмийинлеўге мүнәсип үлес қосып киятырған алдынғы фермерлерди хошаметлеў және тараўдағы машқала ҳәм кемшиликлерди сапластырыў мақсетинде аймақларда фермерлер менен ушырасып, тиккелей сөйлесиў алып барылмақта, - дейди Өзбекстан фермерлери кеңесиниң баслығы Актам Ҳайитов. - Ҳәммемиз жүдә жақсы билемиз: Қарақалпақстан шараятында аўыл хожалығы өнимлерин жетистириў әдеўир көп мийнет талап етеди. Сонлықтан, орынлардағы машқала ҳәм усыныслар үйренилип, фермер хожалықларының жумысын раўажландырыўдың барлық илажын көриўге ҳәрекет етип атырмыз. Сондай-ақ, алдыңғы ҳәм үлгили фермер хожалықлары басшыларының мийнети мүнәсип хошаметленбекте. Районлардағы 100 ден аслам алдынғы фермер хожалықларының басшылары қатнасқан конференцияда да әне усы мәселелер додаланды. Олардың шешими, әлбетте, елимиздиң аўыл хожалығы раўажланыўын жаңа басқышқа алып шығыўға хызмет етеди.

Ҳақыйқатында да, фермер ҳәм дийқанларға ҳуқықый, экономикалық ҳәм техникалық жәрдем берилип келинбекте. Бул жәрдем туқымды жерге себиўден баслап, жетистирилген зүрәәтти базарға жеткериўге шекемги барлық басқышты қамтып алады. Бул ҳәрекетлер аўыллық жерлерде турақлы жумыс орынларын ашыў, халықтың турмыс дәрежесин арттырыў ҳәм заманагөй аўыл хожалығын раўажландырыўға хызмет етпекте.

Аўыл хожалығында санлы технологияларды енгизиў бағдарында айрықша жумыслар жолға қойылған. Атап айтқанда, agro.gov.uz платформасы арқалы фермерлер ушын жер ижарасы, субсидия, туқымгершилик, өнимлерди базарға шығарыў ҳәм суў ресурсларын басқарыў сыяқлы бағдарлар санластырылған. Бүгинги күнде бул платформа арқалы 3,2 миллион гектар жер қадағалаўға алынған, 1,4 триллион сумлық субсидия тарқатылған ҳәм 843 мың дийқан санлы ижара системасына тартылған.

Бундай санлы көзқараслар фермерлердиң жумысын жеңиллетип, исенимли мағлыўматлар тийкарында қарар қабыл етиў имканиятын жаратпақта. 2025-жылдан баслап жаңа әўлад инновациялық платформалары - “AgroMonitoring”, “AgroDocs”, “Hosil Qabul 2.0” сыяқлы жойбарлар енгизилиўи режелестирилген. Бул жаңаланыўлар тармақты және де ашық-айдын, нәтийжели ҳәм технологиялық раўажланған тараўға айландырыўы күтилмекте.

Кейинги жылларда климат өзгериўиниң унамсыз ақыбетлери келтирип шығарып атырған машқалалар ҳәм дүньядағы турақсыз геосиясий жағдай ҳәр бир мәмлекет, қалаберди, экономиканың барлық тармақларының алдына кешиктирип болмайтуғын илажларды көриўдей жуўапкершиликли ўазыйпаларды қоймақта. Ҳәзирги ўақытта мәмлекетимиз халқының саны барған сайын артып атырғаны сапалы аўыл хожалығы ҳәм азық-аўқат өнимлерине талаптың артыўына алып келмекте. Усындай қыйын жағдайда тараўдың раўажланыўына қаратылып атырған айрықша итибар, бар ресурслардан нәтийжели ҳәм системалы пайдаланыў, жаратылып берилип атырған мүнәсип мийнет шараяты себепли аўыл хожалығының барлық тармақларында зүрәәт жетистирилип, турақлы өсиў тәмийинленбекте. 2020-2025-жылларда аграр тараўды раўажландырыў ушын 30 нызам, 33 пәрман ҳәм 120 қарар қабыл етилген. Әйне Қарақалпақстанды социаллық-экономикалық раўажландырыў бойынша 20 дан аслам қарар ҳәм пәрман шықты. Қалаберди, фермерлерге жеңиллетилген кредитлер тиккелей ажыратылатуғын болды.

Кейинги үш жылда өним жетистириўшилерди финанслық қоллап-қуўатлаўға айрықша итибар қаратылып, 50 ден аслам жаңа түрдеги субсидия енгизилди. Мәселен, суўды үнемлейтуғын технологиялар ушын 2,5-8 миллион сумға шекем, сырт елден импорт етилген қарамал, қой ҳәм ешкиниң ҳәр басына 0,4-2 миллион сумға шекем, Қарақалпақстан Республикасы ҳәм Хорезм ўәлаятының топырақ шараятын есапқа алып, 2024-жылдан ҳәр гектар лазерли тегисленген майданға 1 миллион сумнан субсидия ажыратылмақта.

— Усы жылы 13-августта мәмлекетимиз басшысының басшылығында тоқымашылық тараўында экспорт имканиятлары ҳәм резервлерди иске қосыў мәселелери бойынша өткерилген видеоселектор мәжилисинде пахта жетистириў ҳәм қайта ислеўди қоллап-қуўатлаў бойынша әҳмийетли басламалар алға қойылды. Оған бола, фермерлер пахтаны өз ўақтында ҳәм набыт етпей жыйнап алыўы ушын ҳәр тоннасына 1 миллион сумнан субсидия ажыратылатуғын болды, - дейди Қарақалпақстан фермерлер кеңесиниң баслығы Илҳам Юнусов. - Соның менен бирге, кәрхана өз қаржысы есабынан пахта жетистирсе ямаса сатып алса, шийки зат баҳасының 10 проценти мәмлекет тәрепинен қаплап бериледи. Бул, бәринен бурын, фермерлер ушын сезилерли финанслық жәрдем болып есапланады. Ҳәр бир тонна пахта ушын берилген субсидия фермерлердиң айланыс қаржысын көбейтип, жыйын-терим процесинде техника, жумысшы күши ҳәм логистика қәрежетлерин өз ўақтында қаплаўға жәрдем береди.

Президентимиздиң аўыл хожалығын раўажландырыў бойынша бир қатар жеңилликлер бериў нәзерде тутылған арнаўлы қарарының жәрияланыўы елимизге жаңа техника ҳәм агрегатлардың кирип келиўине жол ашты, зүрәәтлиликке салмақлы үлес қосты.

— Бәҳәр айларында ҳаўа-райы оғада қолайлы болғаны да дийқанлардың қырманына берекет киргизди, - дейди Илҳам Юнусов. - Быйыл Қарақалпақстанда ғәлледен ҳәр жылғыдан да мол зүрәәт алынды. Әлбетте, гөзленген мақсетлерге ерисиўде мийнеткеш фермер ҳәм дийқанларымыздың үлеси шексиз. Усы жылы көпшилик фермер хожалықлары ҳәр гектардан орташа 90-95 центнерден ғәлле жетистирди. Беруний районындағы "Йўлдош қатли", "Олмосбек Тўлқинжон ўғли", "Муҳриддин Қурбанбаев", Хожели районындағы "Батыр Аркадий", "Агро Азербай" ҳәм "Султанов Тохтабай" фермер хожалықлары және Тақыятас районындағы "Садуллаев Жамшит" ҳәм "Жалайир" фермер хожалықлары усылардың қатарына киреди.

Дийқан ҳәм фермерлердиң тынымсыз мийнети, агрономлардың билим ҳәм тәжирийбеси, тараў хызметкерлериниң пидайылығы бул жоқары нәтийжеге ерисиўде әҳмийетли орын ийеледи. Олар өз ўазыйпасына шын кеўилден қатнас жасап, жуўапкершилик ҳәм пидайылық үлгисин көрсетти. Заманагөй технологиялар ҳәм үскенелер жәрдеминде ғәллениң сапалы сақланыўы тәмийинленбекте. Бул жетискенлик Қарақалпақстанның экономикалық раўажланыўына, халықтың абаданлығын арттырыўға ҳәм мәмлекетимиз азық-аўқат қәўипсизлигин беккемлеўге хызмет етеди.

Минажатдин ҚУТЛЫМУРАТОВ,

"Янги Ўзбекистон" хабаршысы