Хош, инсан капиталы деген не өзи? Бул атама инсан өмири даўамында топлайтуғын билим, көнликпе ҳәм денсаўлық жағдайын анлатади. Ол инсан ҳәм жәмийеттиң түрли мүтәжлигин қанаатландырыў ушын қолланылатуғын билим ҳәм көнликпелер жыйындысы. Инсан капиталы жумысшының арнаўлы билим, кәсипке таярлаў ҳәм өндирис тәжирийбеси тийкарында топланылған билими ҳәм көнликпеси ҳәм де оларды әмелде қолланыў шеберлигин өз ишине алады. Соның ушын да оған мәмлекет ҳәм жәмийет раўажланыўының стратегиялық резерви сыпатында қаралады. Бүгин экономикалық өсиўдиң заманагөй моделлери тәбийғый ресурслар ямаса индустриал базаға қарағанда, инсанның билими, жаңалық жаратыў қәбилети ҳәм дөретиўшилик потенциалына сүйенбекте.
Дүнья тәжирийбеси ҳәм әмелиятына бола, әйне инсан капиталына инвестиция бағдарлаўды тийкарғы ўазыйпа сыпатында таңлаған мәмлекетлер жоқары раўажланыўға ериспекте. Раўажланған мәмлекетлерде билимлендириўдиң толық циклине инвестиция киргизиў, яғный бала 3 жастан 22 жасқа шекемги дәўирде шахстың тәрбиясына инвестиция киргизиўге үлкен итибар берилмекте.
Инсан капиталы концепциясы раўажланып атырған мәмлекетлер ушын тийкарғы әҳмийетке ийе. Бул мәмлекетлерде демографиялық факторлар, яғный халық арасында жаслар үлесиниң жоқарылығы инсан капиталына мақсетли инвестиция киргизиў арқалы жәмийеттиң экономикалық потенциалын арттырыў имканиятын береди.
Жәҳән банки ҳәм БМШ есабатларында келтирилгениндей, инсан капиталына киргизилген инвестиция нәтийжелилиги тәбийғый ресурсларға қарағанда әдеўир жоқары ҳәм турақлы болады. Себеби билим ҳәм шеберлик топланады, қайта қолланылады ҳәм жаңа қун жаратады.
Ҳәзир дүнья халқы саны дерлик 8 миллиардқа жақын. Демографиялық болжаўларға бола, 2050-жылға барып бул сан 10 миллиардқа жетиўи күтилмекте. Бул жағдай, өз гезегинде, глобал көлемде инсан капиталына болған талапты және де арттырмақта.
Соның ушын да бүгин мәмлекетлер алдында турған тийкарғы ўазыйпа, бәринен бурын, жас әўладтың потенциалын ерте басқышта анықлаў ҳәм раўажландырыў, теңдей имканият жаратыўдан ибарат. Атап айтқанда, билимлендириў системасында инновациялық қатнасларды енгизиў, санлы технологиялар тийкарындағы оқытыў моделлерин кеңейтиў, дуал билимлендириў ҳәм кәсиплик таярлықты мийнет базарының талаплары менен үйлестириў бул процессте шешиўши әҳмийетке ийе.
Өзбекстанда да усы демографиялық тенденцияны есапқа алған ҳалда жаслар сиясаты ҳәм инсан капиталын раўажландырыўға қаратылған кең көлемли реформалар әмелге асырылмақта. Мәмлекетимиз халқының 60 процентин жаслар қурайды. Ҳәр жылы мийнет базарына 600 мыңнан аслам жигит-қызлар кирип келмекте. 2030-жылға барып, бул көрсеткиш 1 миллионға жетеди. Сол себепли мәмлекеттиң интенсив раўажланыўы, экономикалық өсиўи ҳәм социаллық турақлылығында жас әўладты дурыс бағдарлаў, бәсекиге шыдамлы билим ҳәм көнликпелер бериў, кәсипке таярлаў, билимлендириў және жумыс пенен тәмийинлеў мәселелери мәмлекетлик сиясатта тийкарғы әҳмийетке ийе болмақта.
Президент мектеплери, IТ парклер, жаслар стартаплары ушын арнаўлы грантлардың енгизилгени буған айқын мысал болады. Соның менен бирге, қәбилетли жасларды ерте анықлаў, илимий жойбарлар ҳәм халықаралық стипендиялар арқалы раўажландырыў бағдарында да институционаллық көзқараслар қәлиплеспекте.
Мәмлекетимиз басшысының 2025-жыл 15-майдағы "Президенттиң қәбилетли перзентлери" басламасын әмелге асырыў илажлары ҳаққында"ғы пәрманы инсан капиталын раўажландырыў тараўындағы мәмлекетлик сиясатта жаңа басқышты баслап берди. Бул пәрманды қабыл етиўден гөзленген тийкарғы мақсет талантлы жасларды ерте анықлаў ҳәм ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў арқалы мәмлекетте инсан капиталын раўажландырыў болып табылады.
Екиншиден, жаслар менен мәнзилли ислесиў арқалы глобал мийнет базарында бәсекиге шыдамлы қәнигелер таярлаў ҳәм мәмлекеттиң раўажланыўы ушын жаңа инновациялық имканиятлар жаратыў.
Үшиншиден, бирден-бир платформаға бирлестириў арқалы қәбилетли жаслардың өз-ара бирге ислесиўи, тәжирийбе алмасыўы ҳәм интеллектуаллық потенциалын жүзеге шығарыў ушын нәтийжели орталық жаратыў да әҳмийетли ўазыйпа етип белгиленген.
Пәрманға муўапық, Қәнигелестирилген билимлендириў мәкемелери агентлиги системасында Ал-Беруний атындағы халықаралық мектеп-интернат ҳәм Қәбилетли жасларды қоллап-қуўатлаў жәмийети шөлкемлестириледи. Халықаралық мектеп-интернат толық академиялық, шөлкемлестириўшилик-басқарыў ҳәм финанслық еркинликке ийе мәмлекетлик улыўма орта билимлендириў шөлкеми болып, улыўма жумысы мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министри басшылығындағы бақлаў кеңеси тәрепинен тәртипке салынады.
Мектепте оқыў процеси 2025/2026-оқыў жылынан басланады. Питкериўшилерге мәмлекетлик үлгидеги билимлендириў ҳаққындағы ҳүжжет - аттестат пенен бирге жетекши сырт ел жоқары билимлендириў мәкемелерине оқыўға кириў имканиятын беретуғын халықаралық билимлендириў бағдарламасы дипломы - International Baccalaureate бериледи.
"Президенттиң қәбилетли перзентлери" миллий бағдарламасы шеңберинде Өзбекстан бойлап 3000 талантлы оқыўшы таңлап алынады ҳәм жоқары оқыў орынларына кириў ушын зәрүр билим ҳәм көнликпелер тийкарында таярланады. Усы мәнисте, "Президенттиң қәбилетли перзентлери" бағдарламасы инсан капиталын ерте басқышта раўажландырыў, билимлендириўде сапа ҳәм нәтийжелиликти тәмийинлеў және талантлы әўладты мақсетли қоллап-қуўатлаў арқалы мәмлекеттиң раўажланыўын тәмийинлеўге қаратылған узақ мүддетли стратегиялық көзқарастың әҳмийетли структуралық бөлеги болып есапланады.
Жаңа Өзбекстан шараятында қәбилетли жасларды ерте анықлаў ҳәм ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў инсан капиталын раўажландырыўдың стратегиялық платформасы болып, оның нәтийжели шөлкемлестирилиўи келешекте мәмлекеттиң интеллектуаллық, экономикалық ҳәм социаллық раўажланыўын тәмийинлейди. Мәмлекетлик сиясатта бул бағдарды тийкарғы етип белгилеў заманагөй талапларға жуўап бериў менен бирге жаңа Өзбекстанды глобал бәсеки шараятында табыслы қатнасыўшыға айландырыўдың стратегиялық шәрти болып есапланады.
Феруза МУҲИДДИНОВА,
юридикалық илимлер докторы,
профессор