Атап айтқанда, XXI әсирде саяхат инсан өмиринде тек ғана мәдений заўық дәреги емес, ал жәмийеттиң раўажланыўына хызмет етиўши қуралға айланып бармақта. Ол глобал қарым-қатнас, мәдениятлар арасында көпир ҳәм экономикалық өсиў ушын тийкарғы майдан ўазыйпасын атқармақта.

Глобал байланыс ҳәм миллий

өзлик арасындағы тең салмақлық

Соңғы жыллары елимиз бай тарийхы, мәденияты, сийрек ушырасатуғын архитектуралық мийрасы ҳәм миймандос халқы арқалы халықаралық туризм картасындағы орнын беккемлеп бармақта. Уллы жипек жолының кесилиспесинде жайласқан, пүткил дүньяға уллы суфийлер, илимпазлар, өнерментлер ҳәм архитекторларды жетистирип берген жер бүгин заманагөй дүньяға қайта ашылмақта, десек асыра айтқан болмаймыз.

Мәмлекетимиз басшысы усы жыл 9-апрель күни аймақлардың туризм потенциалын арттырыў, сырт ел инвестициялық жойбарларын жеделлестириў мәселелерин додалаў бойынша өткерилген видеоселектор мәжилисинде бул тармақтағы бир қатар жетискенликлер ҳәм шешилиўи зәрүр болған машқалаларға тоқтап өткен еди.

Туризм бүгин елимиздеги перспективалы тараўлардың бирине айланды. Кейинги жыллары мәмлекетимиздиң туризм экспорты 1,6 есеге артып, 4 миллиард долларға шамаласты. Бул сан артында мәмлекеттеги белсендилик, исбилерменлик орталығы ҳәм хызмет көрсетиў тараўындағы сапа өзгерислери жәмленген. Яғный туризм бүгин тек ғана миллий экономиканың әҳмийетли үстини емес, ал социаллық турақлылық факторы ҳәм көплеген шаңарақлардың дәрамат дәрегине айланбақта.

Әлбетте, ҳеш бир тараў сыртқы факторларсыз раўажланыўы қыйын. Бүгин елимизде сыртқы инвестицияларды тараўларға бағдарлаў бойынша бир қатар жумыслар исленбекте. Енди халықаралық финанс шөлкемлери, бизнесменлердиң инвестициясын елимизге қаратып, бизнесин ашыўы Өзбекстанға исениминен дәрек.

Мәмлекетимиз басшысы IV Ташкент халықаралық инвестициялық форумында "Келиң, биргеликте сондай инвестициялық орталықты жаратайық, ол дәрамат келтириў менен бирге, инсан қәдирин улығлайтуғын, оның турмыслық мәплерин тәмийинлейтуғын ҳәм жәмийеттиң раўажланыўына хызмет ететуғын беккем тийкарға айлансын!" деп атап өтти.

Өткен 8 жылда тараўға 6 миллиард 500 миллион доллар инвестиция киргизилип, 130 мың мийман орны ашылған. Сондай-ақ, соңғы жыллары тармақта 2500 ден аслам исбилерменлик субъекти жумыс баслағаны буған айқын мысал.

Бул исбилерменлердиң көбейиўи, жаңа жумыс орынларының ашылыўы менен бирге, ўатанласларымыздың көзқарасында туризмниң бизнес, хызмет көрсетиў ҳәм мәденият факторы сыпатында қабыл етиле баслағанынан дәрек береди.

2024-жылы Өзбекстанға 10 миллионнан аслам сырт ел туристи келген. 2023-жылы бул сан 6 миллионнан асламды қураған болса, 2022-жылы 5 миллионнан аслам адам елимизге мийман болған. Санлар арасындағы айырмашылықтан да тараўдағы жетискенликти көриў мүмкин. Бул тек ғана валюта түсими ямаса сан емес, ал елимизге исеним, қызығыўшылық ҳәм ҳүрметтиң басқа халықлардың санасында қәлиплесип атырғанынан дәрек береди.

Ишки туризм раўажланбақта

Бурынлары бир ўәлаяттан екинши ўәлаятқа саяхат етиў ушын тийкарғы көлик жеңил автомобиль еди. Жол кирейин көпшилик халықтың қалтасы көтере алмас еди. Сол себепли, жергиликли туризм көрсеткиши жүдә төмен еди. Енди ўәлаятлараралық заманагөй автобуслар, тезжүрер поездлардың қатнаўы жолға қойылыўы, жергиликли аэропортлардың қурылыўы ямаса оңланыўынан кейин жергиликли туризм де раўажланбақта. Сондай-ақ, ҳәр бир ўәлаятқа заманагөй, ҳәр тәреплеме талапларға жуўап беретуғын жәмийетлик транспортлардың алып келиниўи де қалалар ишинде қолайлы жәмийетлик транспорттың қәлиплесиўине түртки бермекте. Кейинги жыллары ишки туризмге итибардың күшейгени себепли жергиликли туристлердиң саны 23 миллионға жеткен.

Мәдений мийрас объектлерин реставрациялаў ҳәм консервациялаў тек ғана имаратларды оңлаў емес, ал халықтың өтмиш пенен тығыз байланысын тиклеў, миллий өзликти сақлап қалыў процеси болып есапланады. Кейинги төрт жылда 327 усындай объектте қайта тиклеў жумысларының орынланғаны - мәмлекеттиң мәдениятқа, тарийхқа ҳәм руўхыйлыққа итибарының әмелий көриниси болып есапланады.

Ишки туризмниң раўажланыўы жәмийеттиң өзине қараў потенциалы, өзин-өзи аңлаў дәрежеси ҳәм руўхый раўажланыў өлшеми болып табылады. Өз журтын билиўге ҳәрекет еткен миллет ғана дүньяға шыққанда басын бәлент көтерип, сөзин айта алады. Бул процессте ҳәр бир баслама, ҳәр бир реформа руўхыйлық ҳәм жуўапкершиликке хызмет етпекте.

Сан артып бармақта, бирақ...

Мәмлекетимизде туризм тараўын раўажландырыўға қаратылған кең көлемли реформалар арқалы келешекте туристлер санын 15 миллионға жеткериў ҳәм экспорт баҳасын 4 миллиард доллардан арттырыў режелестирилмекте. Бул мақсет тек ғана сан емес, ал әмелий қәдемлер менен беккемленип, экономикалық өсиўдиң жаңа басқышына көтерилиўге қаратылған әҳмийетли стратегия болып есапланады. Туризмге тек ғана экономикалық дәрек сыпатында емес, ал миллеттиң мәдений байлықларын дүньяның түрли мүйешлерине жеткериў, халықаралық майдандағы орнын беккемлеў қуралы сыпатында да қараў керек.

Туризм жумысының раўажланыўы менен бирге, тарийхый орталықты дурыс сақлаў мәселеси де барған сайын үлкен әҳмийетке ийе болмақта. Бир тәрептен, туристлер ушын қолайлық жаратылып, оларды тартатуғын түрли хызметлердиң көбейип атырғаны қуўанышлы жағдай. Бирақ көп жағдайларда бул "қолайлықлар" тарийхый естеликлердиң қәдир-қымбатын төменлетип атырғандай.

Жақында Хорезмге бардым. Ийшанқала зыяратында топар-топар болып қыдырып жүрген жергиликли балаларды көрип, сырттан қараған адам олардың тарийхты үйрениўге қызығыўшылығы жоқары, деп ойлаўы тәбийғый. Себеби, жас әўладқа тарийхты тек сабақлықлар емес, ал орталық арқалы, жеке үлги тийкарында үйретиўимиз керек. Бул тарийх, бул мийрас тек туристлер ушын емес, бәринен бурын, биз - өзбеклер ушын теберик ҳәм кеңпейил тәрбия дәреги болыўы керек. Көп өтпей, пикирим өзгерди. Бәринен бурын, бул балалардың тарийхый көшелерде жеңил-желпи қосықларға қосылып, қышқырып ойнап атырғаны адамның кеўилин қапа етти. Себеби, олар туристлердиң өтиўин қыйынластырыў менен бирге өтмиштен сөйлеўши дийўаллардың үстине шығып сүўретке түсиў менен шуғылланды.

Ийшан қаладағы асханалар да адамда пикир оятады. Әлбетте, бул гәптен мақсет исбилерменликти қаралаў емес. Бирақ мәдений мийрастың қәдири - қарын қайғысы ямаса ўақытша ләззеттен жоқары турыўы керек. Ақыры туристлер биз не жейтуғынымызды емес, қандай тарийхқа ийе екенимизди көриў ушын келеди. Буларды сырттан бақлаған адамға ҳалатымыз өнимимизди қандай болмасын, өткериўге урыныўдай болып көринеди.

Бүгин тек ғана Хорезм емес, ал басқа да тарийхый қалаларда да бундай кеўилди қапа ететуғын ҳәдийселер көплеп ушырасып атыр. Себеби, бүгин тарийхый орталықты сақлаған ҳалда да туризмди раўажландырыў мүмкин. Егер кийим-кеншек, өнерментшилик дүканлары ҳәм аўқатланыў орынлары тарийхый естеликлерден тысқарыда - арнаўлы орында жайластырылса, ҳәм экономикалық пайда, ҳәм мәдений орталықты сақлаў арасында тең салмақлылық тәмийинленген болар еди.

Сондай-ақ, тарийхый орынларда электрон аудиогидлер, балалар ушын интерактив оқытыўшы бағдарламалар, арнаўлы үнсизлик ҳәм ҳүрмет принциплерине тийкарланған экскурсиялар шөлкемлестириў арқалы бул жерди руўхый байлық ҳәм экономикалық дәрекке айландырыў мүмкин. Туризм тек ғана пул табыў усылы емес, ол миллий қәдириятларды дүньяға көрсетиў қуралы болып есапланады.

Туризмди раўажландырыў экономиканы жүргизиў, жумыс орынларын ашыў ҳәм мәмлекеттиң имиджин қәлиплестириў дегени. Бирақ бундағы ең әҳмийетли тәрепи - тарийхқа ҳүрметти жоғалтпаў. Себеби саяхатшы келип кетеди, бирақ бул топырақта жасайтуғын, оны қәстерлеп сақлаў керек болғанлар - бизлер. Егер биз тарийхты сақласақ, тарийх та бизди сақлайды.

Жергиликли халықта туризм мәденияты қәлиплесиўи керек. Себеби тарийхый орынларда әпиўайы турмыс кеширип атырғанлар мине усы орынлар арқалы пүткил елдиң жүзине айланады. Турист, биринши гезекте, имаратларды емес, адамларды көреди, олардың мүнәсибети арқалы миллет ҳаққында түсиник пайда етеди. Соның ушын ҳәр бир пуқара, ҳәр бир бала, ҳәр бир исбилермен өзин тарийхтың қорғаўшысы, миллий мәденияттың ўәкили сыпатында сезиўи зәрүр.

Раўажланыў бәрқулла өзгеристи талап етеди. Туризмниң раўажланыўы тек ғана мәмлекеттиң сиясий ерк-ықрары ҳәм реформалары менен шекленбей, ҳәр бир пуқараның жуўапкершиликли қатнасына байланыслы. Саяхатшылар мәденияты, тарийхый мийрасқа абайлылық ҳәм миллий қәдириятларды сақлаў тараўдың турақлы раўажланыўын тәмийинлейтуғын әҳмийетли факторлар болып есапланады. Солай екен, ҳәр биримиз туризмди тек ғана экономикалық дерек емес, ал руўхый жәмийетшилик жаратыў қуралы, деп те билиўимиз зәрүр.


Сардор ТОЛЛИБОЕВ,

"Янги Ўзбекистон" хабаршысы