Оқыў курсында ўәлаят суды, прокуратурасы, ишки ислер системасындағы оператив-излеў, тергеўге шекем тексериў, сорастырыў, дәслепки тергеў жумысын әмелге асырыўшы уйымлар ҳәм жазаны орынлаў мәкемелеринен жәми 65 хызметкер тыңлаўшы сыпатында қатнасты. Илажда тийкарғы итибар БМШтың устав уйымлары ҳәм шәртнамалық комитетлериниң усынысларын есапқа алған ҳалда, тыңлаўшылардың қыйнаўға қарсы гүресиў тараўындағы билим ҳәм әмелий көнликпелерин қәлиплестириўге қаратылды.

Илаждың ашылыўында Инсан ҳуқықлары бойынша Өзбекстан Республикасы Миллий орайының директоры, академик Акмал Саидовтың атап өткениндей, ҳәр бир шахстың ҳуқықлары менен еркинликлери жаңа редакциядағы Конституциямызда беккемленген болып, оларды турмысқа енгизиў барлық мәмлекетлик уйымлар ушын тийкарғы ўазыйпа болып есапланады.

Өзбекстан БМШтың Қыйнаўға қарсы конвенциясына қосылғаны ҳәм оның талапларын орынлаў бойынша системалы илажлар көрилип атырғаны айрықша атап өтилди. Соның менен бирге, ишки ислер, прокуратура ҳәм суд уйымларында хызметкерлер ушын турақлы оқыў шынығыўлары шөлкемлестирилип атырғаны, жазаны орынлаў мәкемелеринде жәмийетшилик ҳәм Омбудсман мониторинглери кеңейтилгени атап өтилди.

Сондай-ақ, Инсан ҳуқықлары тараўындағы миллий билимлендириў бағдарламасы арқалы ҳуқықый мәдениятты арттырыў, мәмлекетлик уйымларда ашық-айдынлық ҳәм есап бериўди тәмийинлеў, қыйнаў жағдайларын пүткиллей бийкар етиў сыяқлы ўазыйпалар Миллий стратегияның тийкарғы бағдарлары екени атап өтилди. Акмал Саидовтың сөзи менен айтқанда, "Қыйнаўға қарсы гүрес - бул тек ғана юридикалық ямаса ҳуқықый ўазыйпа емес. Бул - инсанның қәдир-қымбатын ҳүрмет етиў, оның жеке қол қатылмаслығын тәмийинлеўге қаратылған руўхый ҳәм әдеп-икрамлылық миннетлеме болып есапланады. Ҳәр бир хызметкер пуқаралардың ҳуқықларын қорғаўда жеке жуўапкер есапланады".

Оқыў курсының биринши күнинде қатнасыўшылар бир қатар баянатларды тыңлады. Атап айтқанда, Илимлер академиясы Мәмлекетлик ҳәм ҳуқық институтының директоры Муроджон Турғунов Қыйнаў және қатал, мийримсиз, адамгершиликке жат ямаса қәдир-қымбатын кемситиўши қатнас ҳәм жазалаў түрлерине қарсы конвенцияның мазмун-мәнисине ҳәр тәреплеме тоқтап өтти.

Ишки ислер министрлиги Академиясы Сырт ел кадрлары менен ислесиў факультетиниң баслығы Алимжан Матчанов қыйнаўға қарсы гүресиўде жас өспиримлер ҳәм ҳаял-қызларға байланыслы халықаралық ҳәм миллий стандартлар, сондай-ақ, айыпсызлық презумпциясы, қамаққа алыў, қыйнаў ҳаққында хабар бериўге байланыслы халықаралық стандартлар ҳәм Өзбекстан Республикасы жынаят-ҳуқықый системасында усы стандартлардың қолланылыўы темаларында сөз етти.

Ҳуқықты қорғаў академиясы кафедра баслығы Луқмонжон Исақов қыйнаў менен байланыслы қылмыслардың алдын алыўға байланыслы нызамшылықтың раўажланыўы ҳаққында баянат жасады. Жоқары суд судьясы Санобар Мамадалиева қыйнаўға байланыслы ислер бойынша суд әмелияты ҳаққында пикир билдирди.

Биринши күн шеңберинде әмелий шынығыўлар да өткерилди. Қатнасыўшылар топарларға бөлинген ҳалда түрли кейслер үстинде жумыс иследи ҳәм қыйнаў жағдайларын анықлаў бойынша әмелий көнликпелерди өзлестирди.

Курстың екинши күни қызғын баянатлар менен даўам етти.

Курс даўамында теориялық билимлер әмелий шынығыўлар менен үйлестирилди. Оқыў курсының жуўмағында тыңлаўшылар билимлерин баҳалаў мақсетинде тест сынағынан өтти. Имтиханды табыслы тапсырған қатнасыўшыларға сертификатлар тапсырылды.

Инсан ҳуқықлары бойынша Өзбекстан Республикасы

Миллий орайы баспасөз хызмети.