Қарақалпақстан Республикасының Елликқала районындағы "Қырққызабат" аўыл пуқаралар жыйыны район орайынан 15 шақырым узақта жайласқан. Аўыл пуқаралар жыйыны китапханасындағы бири 4, және бири 5-класс оқыўшылары мени таң қалдырды.

Аймақтағы 16-санлы мектептиң 4-класс оқыўшысы Яҳёбек Алишеров еки жыл даўамында 124 дана китап оқыпты. 69-санлы мектептиң 5-класс оқыўшысы Аброр Сатимов та бир қанша ертеклерди оқып шығыпты. Олар жазғы дем алыста бос ўақытларын мазмунлы өткериў мақсетинде мәҳәлле китапханасынан пайдаланады екен.

Таңланып китапханашы Гүлзийра Үсеноваға жүзленгенимде, олар алып оқыған китаплар дизимин көрип, балаларымыздың китапқумар екенлигине және бир мәрте исеним пайда болды. Гәптиң төркинине өтсек, аўылдың балалары өз-өзинен китапқумар болып қалған жоқ. Ата-аналары өмирден разы болып, ертеңинен кеўли тоқ болғаны ушын балаларын китап оқыўға хошаметлемекте. Бул болса, тиккелей аймақтың абатлығы, турмыс абаданлығы менен байланыслы.

Ҳақыйқатында да, кейинги жыллары "Қырыққызабад" аўыл пуқаралар жыйыны халқының турмыс сапасын арттырыў, аймақты абат етиў, инфраструктураларды жақсылаў бағдарында әмелге асырылып атырған кең көлемли жумыслар айтып өтиўге арзыйды.

- Расын айтыў керек, бурын аўылымызда жумыссызлық көп еди. Дурыслы жумыс болмағаны ушын көплеген адамларымыз сырт елден жумыс излеўге мәжбүр еди, - дейди биз бенен сәўбетлесиў ўақтында "Қырыққызабат" аўыл пуқаралар жыйынының баслығы Мадамин Раҳмонов. - Ҳәзир аўылымыздың халқы 6 мың 550 ди қурайды. Олар тийкарынан дийқаншылық ҳәм шарўашылық пенен шуғылланады. Соңғы 7-8 жыл ишинде аймағымыз жүдә тез пәтлерде өзгериўге бет бурды. Мине, усы жаңаланыўлар нәтийжесинде бизде де исбилерменлер класы пайда бола баслады. Ҳәзир исбилерменлик жумысы менен шуғылланып атырған жаслардың саны артып бармақта. Әҳмийетлиси, сырт еллерде жүрген жигит-қызлар аўылымызға қайтып келмекте.

Мәҳәллени аралап өзгерислер менен танысар екенбиз, оның ҳәр бир көшесинде өндирис, саўда, хызмет көрсетиў шақапшаларына дус келдик. Базарын айтпайсаң ба! Саўда текшелери мийўе-шийўеге толы, молшылық. Халық қыйтақ жерге меҳир менен ислегени ушын мийўе-жемислер арзан. Бул да ўатанласларымыздың кейпиятына унамлы тәсир етеди. Ақыры кимдур имканиятлардан пайдаланып бағшылық, дийқаншылық пенен шуғылланбақта. Басқалар олар жетистирген өнимди қолайлы баҳада сатып алмақта. Ҳәттеки, қоңсы аўыл ҳәм районлардағы халық та келип, усы базардан саўда ислеп кетеди.

- Билесиз бе, бүгинги күнге келип аўылымызда үлкен өзгерислер жүз бермекте, - дейди бизди аймақтағы реформалар менен таныстырып атырған аўыл ақсақалы Мадамин Раҳмонов. - Әлбетте, булардың барлығы Жаңа Өзбекстандағы түпкиликли реформалардың нәтийжеси болып есапланады. Соның менен бирге, берилип атырған имканиятлардан имканият дәрежесинде пайдаланыўға ҳәрекет етип атырмыз.

Аўыл ақсақалы бизлерди балалар ойыншықларын ислеп шығаратуғын цехқа алып барды. Бир ўақытлары усындай алыс аўылларда бундай өндирис цехларының болыўы түсимизге де кирмеген еди. Мине енди "Қырққызабат" аўылының исбилермени Қытайдан үскенелер алып келип орнатыпты. Биз оның цехына кирип барғанымызда станоклар тарсылдап, балалар ушын ойыншық ислеп шығарып атыр екен. Қуўанышлы тәрепи, усы арқалы исбилермен бир қанша ўатанласларымызды жумыслы еткен.

- Исбилерменлик жумысымызды 2 миллиард 500 миллион сум кредит қаржылары есабынан әмелге асырмақтамыз. Аңсат жумыс ҳеш жерде жоқ, биз де дәслеп сынақлардан өттик. Исбилерменлик тәўекелшиликке тийкарланған, мийнети менен қәдирли, - дейди исбилермен жигит Ғуламжан Мәмбетов. - Цехтың өзинде 7 адам жумыс пенен тәмийинленген. Және 40 адам үйинде жумысты үйге алып ислеў тийкарында ислейди. Биз ойыншықларды жыйнаў ушын үйлерине апарып беремиз. Аймағымыздағы майыплығы болған, үйинде бала тәрбиясы менен шуғылланып атырған ҳаялларға жақсы мийнет ҳақы да төлеп атырмыз. Өнимлеримиз болса жергиликли базар менен бирге, Россия ҳәм Қырғызстанға экспорт етиледи.

Цехта жумыс алып барып атырған Ахунжан Кенжаевқа ҳармасын айтқанымызда, ол алдын сырт еллерде тиришилик ушын мийнет еткенин, бүгинги күнде өз үйинде, шаңарағының қушағында ислеп атырғанын айтып, қуўанышын биз бенен бөлисти.

Назокат Ибраимова болса үш перзенттиң анасы. Балалар тәрбиясы себепли жумысқа шыға алмайды. Мәҳәлле ақсақалының усынысы менен Назокат үйинде ойыншықлар жыйнаў менен шуғылланып келмекте.

- Мәҳәллемиз ушын жүдә жақсы өзгерис болды. Исбилермен үйимизге ойыншықларды жыйнаў ушын алып келип береди. Биз оларды жыйнап, сатыўға таярлағаннан соң, өзлери алып кетеди. Үйде отырып, емин-еркин ислеймиз. Усы жылдың февраль айында жумыс баслаған болсам, айына 4-5 миллионнан дәрамат таўып атырман, - дейди Назокат Ибраимова. - Өмирлик жолдасым сырт елде. Енди оны да аўылға қайтыўға шақырып атырман. Бул жерде де жумыс табылып атыр ғой.

Гезектеги мәнзилимиз Өнерментлер аллереясы болды. Исбилермен жигит Мадияр Жумабаев темирден гүл ислейтуғын усталардың бири екен.

- Алдын сырт елде жумыс ислегенмен. Бүгинги күнде өз өнерим тийкарында аўылда мийнет етип атырман. Мәҳәлле ақсақалы қолымыздан келетуғынын билип, цех шөлкемлестириўиме жәрдем берди, - дейди Мадияр Жумабоев. - Ҳәзир 3 адамды жумыслы еттим. Олар менен бирге буйыртпа тийкарында темирден исленетуғын барлық буйымларды таярлап берип атырмыз.

Иномжон Машарипов 13 жылдан берли әкесиниң кәсибин даўам еттирип, ағаштан айна, есик ҳәм ҳәр қыйлы мебеллерди таярлайды. Ол болса бес жерлесимиздиң бәнтлигин тәмийинлеген. Ол дәслеп 50 миллион жеңиллетилген кредит алған еди. Кейин болса 100 ҳәм және 150 миллион жеңиллетилген кредит алып, жумысын кеңейтип бармақта. Қудияр Каримқулов та аймақтағы белгили уста өнерментлерден бири. Ол үш шәкирти менен халық мүтәжлиги ушын зәрүр болған мебель үскенелерин таярлайды. Және бир қаҳарманымыз аймақта жасайтуғын Раҳматжон Бобожонов болып есапланады. Ол неше жыллар даўамында миграцияның қатты нанын жеўге мәжбүр болған еди. Бүгинги күнде өз исбилерменлигин жолға қойып, пластиктен есик ҳәм айналар ислеп шығарыўды жолға қойып, шаңарағын өз өнери, ҳадал мийнети менен бағып келмекте.

- Бизиң "Қирққиз мебель" кәрханамыз халық ушын барлық түрдеги мебель үскенелерин таярлап береди, - дейди кәрхана басшысы Озоджон Эгамбердиев. - Өнимлеримиз тек ғана Елликқалада емес, ал қоңсы район ҳәм Хорезм ўәлаятына да жеткерип берилмекте. Қарыйдарлардың талғамына сәйкес ҳәм сапалы өнимлер ислеп шығарсаңыз, талап та соған жараса көбейип бара береди екен. Кәрханамызда устаз-шәкирт дәстүри жолға қойылған. Сол арқалы жасларға өнер үйретип, өз алдына жумыс баслаўына имканият жаратып атырмыз.

"Қырққызабат" аўыл пуқаралар жыйыны бүгин мәмлекетимиздеги өзгерислерге сай түрде раўажланып бармақта. Бүгин аўылда кәсип-өнери барлар сол жердиң өзинде жумыс таўып атыр. Биреў өндиристи жолға қойса, басқа биреў жер алып дийқаншылық етпекте. Қулласы, бийкар адамның өзи жоқ. Аўа, алдын тек ғана дийқаншылық ҳәм шарўашылық пенен шуғылланған халық, бүгин турмыслық хызметтен баслап, өндириске шекемги исбилерменлик түрлери менен шуғылланбақта. Тийкарғысы сырт елде ислеп атырған жаслардың көпшилиги аўылға қайтты. Олар енди перзент тәрбиясы менен шуғылланып, сүйикли кәсиби арқалы дәрамат таппақта. Шаңарағын бағып атыр. Мәмлекетимиз экономикасына үлес қоспақта.

Еки жылда 124 китап оқыған 4-класс оқыўшысы Яҳёбек Алишеров сыяқлы перзентлерине китап оқыўы ушын шараят жаратып бермекте. Мақсет балаларды келешекте билимли, ел хызметине жарамлы жетик кадр етип тәрбиялаў. Булардың барлығы Президентимиз тәрепинен алға қойылып атырған "Инсан қәдири ушын" принципиниң әмелий көриниси болып есапланады. Аймақларда жүз берип атырған реформалар, халықтың арзыў-нийетлериниң әмелге асыўы, келешекке исеними сыпатында үлкен әҳмийетке ийе болмақта. Биз буны Елликқала районындағы "Қырққызабат"тағы абаданлық мысалында да көрдик.

Минажатдин ҚУТЛЫМУРАТОВ,

"Янги Ўзбекистон" хабаршысы.