Бул усы жылдың 26-август күни Әдиллик министрлигинде мәмлекетлик дизимнен өткерилген "Қурылыс объектлеринде QR-кодлы (матрицалы штрихлы код) паспорт орнатыў тәртиби ҳаққында"ғы режеде (регистрация номери: 3672-сан) белгиленген.

Усы Реже қурылыс объектлеринде QR-кодлы (матрицалық штрихлы код) паспортты орнатыў тәртибин белгилейди.

QR-кодлы паспорт қурылыс объекти аймақлық инспекцияларда дизимнен өткен күнде буйыртпашы тәрепинен объекттиң кириў бөлегине ямаса ҳәмме ушын көринетуғын орында мәжбүрий тәртипте орнатылады.

QR-кодлы паспорт қурылыс объекти аймақлық инспекцияларда дизимнен өткен күннен баслап, объект пайдаланыўға тапсырылғанға шекем әмелде болыўы зәрүр.

QR-кодлы паспорт ығаллық ҳәм сыртқы тәсирлерге шыдамлы материалдан таярланған болыўы, улыўма өлшемлери 2400х1200 мм ди қураўы ҳәм жер бетинен кеминде 1 м бийикликте орнатылыўы керек.

Қурылыс объекти аймақлық инспекцияда дизимнен өткерилгеннен соң, "Ашық-айдын қурылыс" мәлимлеме системасында объектке байланыслы дәслепки мағлыўматлар жайластырылған бет ушын QR-код автомат түрде қәлиплестириледи.