Атап айтқанда, кейинги сегиз жылда электр ислеп шығарыў көлеми 38 процентке артып, 81,5 миллиард киловатт саатқа жетти. Итибарлы тәрепи, жеке меншик секторға кеңнен жол ашылғаны себепли 11,2 гигаваттлы қосымша қуўатлық жаратылды.
Анықланыўынша, социаллық мәкемелер, мәселен, мектеп, емлеўхана сыяқлылардың қазанханасы жаңаланса, "жасыл" энергия имканиятынан дурыс пайдаланылса, усы жылдың өзинде 5 миллион куб метр газ ҳәм 15 миллион киловатт саат электр энергиясын үнемлеў мүмкин. Усы себепли соңғы ўақытлары қурылып атырған имаратларда энергия үнемлеўши үскенелер орнатылмақта. Соның ишинде, Қарақалпақстанның Беруний районында тикленип атырған көп қабатлы турақ жайларда да усы тәжирийбе қолланылмақта. Атап айтқанда, "Беруний Агро қурилиш" кәрханасы қурып атырған көп қабатлы турақ жайларда үнемли эко ысытыў қазанлары орнатылады. Имарат электр энергиясы менен тәмийинленеди. Нәтийжеде тәбийғый газ үнемленеди.
Буннан тысқары, райондағы "Уста Базарбай" кәрханасы Тоқимачи мәҳәллесинде 300 киловатт қуўатлылыққа ийе қуяш панеллерин орнатты. Сондай-ақ, фермер хожалықлары да қуяш панелинен пайдаланбақта. Мәселен, райондағы Абай аўыл пуқаралар жыйыны аймағындағы "Ниятулло Азизбек" фермер хожалығы майданында 20 киловатт қуўатлылықтағы панель орнатылған. Бул арқалы энергияны үнемлеўге ерисилмекте.
- Беруний районында халықтың турмыс шараятын жақсылаў, адамларды жумыс пенен тәмийинлеўге қаратылған кең көлемли илажлар көрилмекте. Атап айтқанда, Тоқимачи мәҳәллесинде заманагөй көп қабатлы турақ жайлардың қурылып атырғаны бул ҳәрекетлердиң айқын көриниси болып есапланады. Бүгин бул қурылыс жумыслары арқалы жергиликли халыққа тек ғана жасаў ушын қолайлы шараят жаратылып қоймастан, ал жумыс пенен тәмийинлеў мәселеси де шешимин таўып атыр. Усы жылы 7 ҳәм 5 қабатлы 24 жайдың қурылысы белгиленген. Бул жумыслар жуўмақланғаннан соң 812 квартира пайдаланыўға тапсырылады, - дейди Беруний районы ҳәкиминиң орынбасары Қаҳрамон Кашанов. - Сондай-ақ, “Тоқимачи” мәҳәллесиндеги "Алтын саадат әсири" кәрханасында қурылыс ҳәм турмыслық өнимлер ислеп шығарыў жолға қойылған. Исбилермен хызмет түрлерин кеңейтип, ысытыў қазанлары, қурылыс-пардозлаў өнимлери, заманагөй есиклер ислеп шығармақта. Усы ўақытқа шекем бундай өнимлер басқа жерлерден алып келинетуғын еди. Бундай жойбарлар районда социаллық турақлылықты беккемлеў, жергиликли экономиканың белсендилигин арттырыў ҳәм халықтың дәраматын көбейтиўге хызмет етпекте.
Президентимиздиң 2024-жыл 30-декабрьдеги “Аўыл хожалығы майданларындағы қосымша имканиятлардан пайдаланған ҳалда өним жетистириўди көбейтиўге байланыслы илажлар ҳаққында”ғы қарарының орынланыўын тәмийинлеў ушын бир қатар жумыслар орынланды. Атап айтқанда, атыз шетлери, каналлар, суўғарыў, коллектор-дренаж тармақлары әтирапындағы майданлар, қыйтақ жерлер, шаңарақ ҳәм көп қабатлы турақ жайлардың алды және мәҳәллениң ишки көшелеринде аўыл хожалығы өнимлерин жетистириў жолға қойылған.
Мәмлекетимиз басшысының тийисли қарары тийкарында Қарақалпақстанда атыз шетлериндеги 905 гектар майданға 890 мың түп мийўели нәл егиў режеси тастыйықланған. Соның ишинде, черешня, беҳи, жүзим, жийде, тут сыяқлы мийўели тереклерди егиў белгиленген.
- Ҳәзир Беруний районында атыз шетлериндеги 101 гектар және суўғарыў ҳәм коллектор-дренаж әтирапындағы 8 гектар майданға мийўели терек нәллери, палыз егинлери, овош ҳәм собықлы өсимликлер егилген. Бул нәллер аймақларға бириктирилген фитосанитариялық қадағалаў мәмлекетлик инспекторлары тәрепинен мониторингтен өткерилген. Үйрениў нәтийжелери “E-Fito” бағдарламасындағы "Дала қадағалаўы" платформасына толық киргизилип, дизимге алынған, - дейди Беруний районы фермерлер кеңесиниң баслығы Улуғбек Бабаниязов. - Бул нәллердиң раўажланыўы, тәрбиясында итибар бериў керек болған тәреплерди өз ўақтында қадағалап барыў имканиятын береди. Буннан тысқары, районымыздағы үлгили фермер хожалықлары ҳаққында да айтыў керек. Мәселен, "Азат интенсив бағ" фермер хожалығы бағшылыққа қәнигелескен. Бул хожалық 25 гектар майданға ийе. Бул жерде тийкарынан экспортқа қолайлы мийўелер жетистириледи. Атап айтқанда, 7 гектарда алма, 3 гектарда ерик, 1 гектарда шабдал егилген. Сондай-ақ, 1 гектар интенсив бағ ҳәм 40 сотых жерде ыссыхана қурылған. Ыссыханада қыяр жетистирилип атыр. Бул жерде әндижанлы тәжирийбели қыйтақ жер ийелери қыярдың ерте писер ҳәм зүрәәтли сортын жетистирип атыр. Тәжирийбесин жергиликли халық пенен бөлиспекте. Бул ыссыханадан августқа шекем ҳәр күни 800 килограммнан 1 тоннаға шекем өним алынады.
"Азат интенсив бағ" фермер хожалығында наманганлы дийқанлар да мийнет етпекте.
- Тәжирийбе сыпатында усы бағдағы 2 гектарда қаўын-ғарбыз ектик. Қаўынның гүрбек сортын таңлағанбыз. Мақсет - оны экспорт қылыў. Қаўын-ғарбыз нәллерин ыссыханада жетистиргенбиз, - дейди наманганлы дийқан Миржалол Давлаталиев. - Жерди бақсаң, жер сени бағады деген нақылға әмел етип, быйылғы өнимнен үлкен нәтийже күтип атырмыз. Қарақалпақстан шараятында дийқаншылық етиў әдеўир қыйын. Соған қарамастан, шараятқа бейимлесиўге ҳәрекет етип атырмыз. Ойпатлық тәжирийбеси тийкарында аўыл хожалығы бағдарында жоқары нәтийжеге ерисемиз, деп ойлайман. Бунда жергиликли дийқанлар менен бирге ислесиў нәтийже береди, әлбетте.
Бул районда көзге көринген, басқаларға үлги болып атырған дийқанлар көп. Мәселен, Омар Машарипов ҳәр жылы қыйтақ жеринен бир неше жүз миллион сум дәрамат алады. Жүзимгершилик, картошка жетистириў ҳәм бағшылық сырларын терең ийелеген Машарип Аитов та басқаларға үлги болмақта. Олардың жумысы Бостан мәҳәллеси тәжирийбеси сыпатында Қарақалпақстанда кеңнен ен жайдырылған. Енди бул тәжирийбе және де кеңнен ен жайыўы ушын көплеген шаңарақ ҳәм мәҳәллелерде үгит-нәсиятланбақта.
Беруний районында дийқаншылық, бағшылық ҳәм қыйтақ жерден дәрамат алыў бойынша қәлиплескен бай тәжирийбе итибарға ылайық. Егер усындай қатнас барлық қала ҳәм районларда енгизилсе, халықтың дәрамат дәреклери кеңейип, жаңа жумыс орынлары ашылады ҳәм турмыс дәрежеси және де жоқарылайды.
Минажатдин ҚУТЛЫМУРАТОВ,
"Янги Ўзбекистон" хабаршысы