Бундай ҳаўа-райы шараятында аўыл хожалығы егинлериниң өсиўи ҳәм раўажланыўына унамсыз тәсир көрсетиўи мүмкин. Солай екен, жәзийрама ыссының стрессли тәсирин жумсартыў ушын агротехникалық илажларды илимий тийкарда өткериў зәрүр.
Усы мәниде Аўыл хожалығы министрлиги фермерлер ҳәм дийқанларға бир қатар усынысларды берди.
Атап айтқанда, атыздағы жумысларды азанғы саат 10:00 ге шекем орынлаў, саат 10:00 ден 16:00 ге шекемги ыссы ўақыт аралығында болса жумысларды тоқтатыў, атызда жумыс ислеп атырғанлар ушын қуяшта қалған пластик ыдыслардағы суўдан пайдаланбаў, тез бузылатуғын азық-аўқат өнимлерин пайдаланбаў айтылды.
Пахташылықта:
Ғаўашаның ыссыға ҳәм суў жетиспеўшилигине шыдамлылығын арттырыў ушын биостимуляторлар, суспензиялар, аммиаклы селитра менен азықландырыў, тамшылатып суўғарыў, қатар араларына жергиликли төгинлер менен мулчалаў усыныс етиледи. Биостимуляторлар ҳәм суйық төгинлер (бор, молибден, цинк, мыс, темир, марганец, кобальт, азот, фосфор) менен жапырақтан азықландырыў, сондай-ақ зыянкеслерге қарсы арнаўлы препаратлар қолланыў зәрүр.
Атыз шетиндеги салма, жап, тут тереклери әтираплары жабайы шөплерден тазаланып, 2-3% ли ИСО қайнатпасы менен ислеў берилиўи керек. Суў себиў машиналары жәрдеминде атыз әтирапында микроклимат жаратыў ҳәм зыянлы жәнликлердиң көшиўиниң алдын алыў әҳмийетли.
Жылғалап суўғарылатуғын майданларда төгинлер 2-4 шын жапырақ жағдайында 50 кг/га азотлы, гүллеў дәўиринде болса 75 кг/га азотлы ҳәм 50 кг/га калийли төгинлер менен азықландырыў усыныс етиледи. Түнде суўғарыў, топырақтың ығаллығын сақлаў ҳәм суўдың бийкарға пуўланыўын азайтыўға жәрдем береди. Интенсив технологияда тәрбияланып атырған пахта майданларында тамшылатып суўғарыў 3-4 саат даўамында 100-120 м3/га муғдарында тез-тез әмелге асырылыўы керек.
Ғәллешиликте:
Орайлық ҳәм арқа аймақларда ғәллениң орта писер ҳәм кеш писер сортларын егилген майданларды түнде шербет усылында суўғарыў усыныс етиледи. Таў ҳәм таў алды аймақларында болса, ҳаўа температурасы 30°С дан аспаған ўақытларда, азанда саат 10:00 ге шекем ямаса кеште 17:00 ден кейин биостимуляторлар арқалы жапырақтан суспензия усылында азықландырыў зәрүр.
Салыгершиликте:
Температура 38-40°С дан асқанда топырақты турақлы ығал ҳалда сақлаў, ягный суў қәдди 5-10 см әтирапында болыўы керек. Суў ресурсларын үнемлеў мақсетинде ротацион суўғарыў ҳәм тик қудық, изей суўлардан пайдаланыў усыныс етиледи.
Сондай-ақ, төгинлеў ҳәм стресске шыдамлы элементлерден пайдаланыў әҳмийетли:
Силикатлы төгинлер (калий-силикат) салыны ыссыға шыдамлы етеди ҳәм өсимлик клеткаларын беккемлейди.
Биостимуляторлар (эпин, тсиркон, мегафол) өсимлик стресин кемейттиреди.
Комплекс микро төгинлер (бор, марганец, цинк) фотосинтезди қоллап-қуўатлайды ҳәм өсиўди хошаметлейди.
Овош жетистириўде:
Овошлардың өсиўи ҳәм раўажланыўы ҳаўа-топырақ температурасына, фотосинтез интенсивлигине байланыслы. Температура 25-35°С ға шекем көтерилгенде фотосинтез процеси күшейеди, бирақ 40-50°С ға жеткенде пүткиллей тоқтайды. Помидор, бурыш, бақлажан, қыяр сыяқлы ыссылықты сүйиўши өсимликлер ушын 20-30°С температура ең қолайлы есапланады, бирақ олар жүдә ыссыға шыдамлы емес. Қаўын, ғарбыз, асқабақ, мәкке ҳәм лобия сыяқлы егинлер болса 30°С да жоқары ассимиляцияға ериседи, бирақ 40-45°С дан жоқары температурада өсиў ушин қолайлы орталық болмайды.
Ыссы ыссыдан қорғаныў ушын усыныслар:
Түнде суўғарыў: Өсимликти түнде суўғарыў, ығаллыққа болған талапты толық қанаатландырыў.
Қуяш нурынан қорғаў: Өсимликлерди қуяш нурларынан қорғаў ҳәм жасалма салқынлық шөлкемлестириў.
Агротехникалық илажларды туўры ўақытқа қойыў: Күн жылыған дәўирде орақ, жабайы шөплерден тазалаў сыяқлы илажларды әмелге асырмаў.
Ыссылық стресси шараятында өсимликлердиң жетерли азықлық затлар менен тәмийинлениўи әҳмийетли. Калий, фосфор ҳәм азот пенен жапырақ арқалы азықландырыў өсимликлердиң саламат, тез ҳәм нәтийжели өсиўине жәрдем береди.
Узақ мүддетли жоқары температура мийўе-жүзим сортларының өсиўин ҳәм өнимдарлығын азайтыўы мүмкин. Бундай шараятта, тамшылатып суўғарыў усылы өсимликлер ушын ең нәтийжели усыл есапланады, себеби бул суўды анық ҳәм нәтийжели бөлистириў, топырақта ығаллық балансын сақлаўға жәрдем береди.
Усыныс етилген илажлар:
Тамшылатып суўғарыў: Бул усыл суўдың нәтийжели бөлистирилиўин тәмийинлеп, өсимликлердиң стресин азайтады.
Жаўынлатып суўғарыў: Мийўели бағларда жаўынлатып суўғарыў усылы, суўды жерден бир тегис бөлистириў ҳәм минерал төгинлерди еритилген ҳалда бериў имканиятын береди.
Суўғарыў ўақытларын белгилеў: Суўғарыў күнниң ыссы ўақытларында емес, ал азанда ямаса кеште әмелге асырылыўы, ҳәр 3-5 күнде ҳәр бир терекке 15-25 литр суў берилиўи усыныс етиледи.
Қосымша қорғаў усыллары:
Саябанлар (агроволокно, торлар): Өсимликлерди ультрафиолет нурлардан қорғаў ҳәм температураны төменлетиў ушын саябанлардан пайдаланыў мүмкин.
Минерал төгинлер: Фосфор ҳәм калийге бай төгинлер өсимликтиң ыссыға шыдамлылығын арттырады ҳәм стресске қарсы гүресиўге жәрдем береди.
Жапырақ арқалы азықландырыў: Эпин, циркон сыяқлы биоазықлар менен жапырақлардан азықландырыў өсимликлерди стресске қарсы беккемлейди.
Мийўе жыйнаў ўақты:
Ерте таңда жыйнаў: Мийўелерди ерте таңдағы салқын дәўирде жыйнап-терип алыў усыныс етиледи.