Бостанлықта суў мол, жери өнимдарлы. Соған тийкарланып, туризм ҳәм аграр тараў үнлес раўажландырылмақта. Соның ишинде, Чимён мәҳәллесинде 3 мың гектар майданда малина, қарағат, қулпынай, тоғай ғозасы сыяқлы мийўелерди жетистириў жолға қойылмақта.
Жойбардың улыўма баҳасы 60 миллион доллардан аслам. Бул қаржы есабынан бағлар шөлкемлестириледи, мийўени қайта ислеў кәрханалары және үлкен сыйымлылықтағы қоймаханалар қурылады.
Ҳәзирги ўақытта 50 гектар майданда малина ҳәм қулпынайдың сырт ел экспортқа қолайлы сортлары егилген. Бағ толық тамшылатып суўғарылады. Малинаның ҳәр гектарынан 400 миллион сум, қулпынайдан болса 500 миллион сумға шекем дәрамат алынады.
Жойбар толық әмелге асырылғаннан соң жылына 24 мың тоннаға шамалас өним жетистириледи. Оның салмақлы бөлеги - тоғай ғозасы ҳәм мийўелер экспортқа бағдарланады. Ең әҳмийетлиси, бағларда 12 мыңнан аслам адам жумыслы болады.
Мәмлекетимиз басшысы жойбарды қоллап-қуўатлап, енди қайта ислеўди раўажландырыў керек екенлигин атап өтти. Буның ушын сорт таңлаўдан баслап, қайта ислеў, мийўелерди териў ҳәм сайлап алыў процесслерине шекем заманагөй қатнас талап етиледи. Бул өнимлердиң сапасын ҳәм өтимлилигин тәмийинлеп, экспортта да әҳмийетли орын ийелейди. Бағ жайнап, әтирапында кәрханалар ҳәм түрлес хызметлер көбейгени сайын адамлар узаққа бармай, усы жерде ислейди. Қосымша дәрамат дәреги пайда болып, аймақ экономикасы раўажланады.
Президентимиз басқа да таў баўры ҳәм жайлаўлардың имканиятын үйренип, усындай дәраматлы бағлар шөлкемлестириў бойынша көрсетпелер берди.
- Бул бағда жерге меҳир, шын кеўилден исленген мийнет көринип тур. Нәтийжеси, бәринен бурын, дәрамат, халқымызға пайда. Бул тәреплери басқа дәстүрий егинлерге салыстырғанда бир неше есе жоқары. Соның ушын бундай өнимлерди жетистириўди көбирек адамларға үйретип, дәраматын көбейтиў керек, - деди Шавкат Мирзиёев.












