Руўхыйлық горизонтларын жақтыландырған дөретиўши

    Басып шығарыла баслағанына 5 жыл толыўы алдында турған "Янги Ўзбекистон" газетасының белсенди, жигерли ҳәм садық бир авторы бар. Бул - Өзбекстан Қаҳарманы Иброҳим Ғафуров.

    Оның мақалалары, эссе ҳәм сәўбетлерин оқыўшыларымыз күтип, сағынып оқыйды. Себеби, жоқары ой-пикир ийеси болған бул зийрек инсанның бәрқулла адамларға айтыўы керек болған өз гәплери бар. Ҳақыйқатында да салмақлы ҳәм салдамлы.

    "Ўатан сүйиўшилик ҳәм миллет сүйиўшилик сыяқлы диний қубылысларды да тек ғана руўхыйлық пенен тығыз байланысқан ҳәм оннан ҳеш қашан ажыралмаған ҳалда түсиниў, соған жараса ҳәрекет етиў ҳәр бир халық ушын ҳақыйқый әжайыбатлар жаратады. Руўхыйлықтан жырақ ўатансүйиўшилик ҳәм миллет сүйиўшилик өзин-өзи соқырдай сүйиўге, мақтаншақлыққа алып келеди, тийкарында мақтаншақлықтың жаўызлықтан ҳеш қандай айырмашылығы жоқ. Мақтаншақлық та, жаўызлық та, басқалардың ҳуқықларын менсинбеў, итибарсызлық та руўхыйсызлықтан пайда болады", деп жазады Иброҳим Ғафуров мақалаларының биринде.

    Және бир нәрсе менен мақтаныў мүмкин. Әдебияттаныўшы, сыншы, аўдармашы устаз тек ғана "Янги Ўзбекистон" газетасының авторы емес, ал жәрияланып атырған көплеген мақалалардың қаҳарманы да болып есапланады. Өткен жылы басылымның 4-апрель сәнесиндеги санында Өзбекстанда хызмет көрсеткен журналист Ашурали Жўраевтың "Иброҳим Ғафуров ҳәм китап" эссеси басып шығарылған еди. Ибраҳим ағаның өмир жолы, илимий мийнетлери, оны жоқары дәрежеге көтерген факторлардың анализине бағышланған мақала көплеген тән алыўларға себеп болды.

    Әдебий жәмийетшилик Иброҳим Ғафуровты өзбек аўдармашылық мектебиниң мүнәсип даўамшысы, оны және де жоқары басқышларға алып шыға алған аўдармашы сыпатында биледи ҳәм ҳүрмет етеди. Ол Беҳбудий, Фитрат, Шолпан, Иззат Султан, Азат Шарафиддинов, Матёқуб Қўшжановтың жоқары шеберлик пенен жаратқан дөретиўшилик мектеплери жанында, устазларға ҳүрмет келтирип, өзиниң ойлаў ҳәм пикирлеў шегарасын қурды.

    - Мен сондай күнлердиң келиўин күтемен: жас наўқыран өзбек жигит-қызлары көркем аўдарма тараўларында үлкен жетискенликлерди қолға киргизип, көкиреклерине мәмлекетимиз басшысының басламасы менен шөлкемлестирилген Огаҳий сыйлығының ҳүрметли белгилерин мүнәсип түрде тағып, халықаралық аўдарма әнжуманларында белсене қатнасады, бул улыўма инсаныйлық мәдениятының раўажланыўына өзлериниң итибарлы үлеслерин қосып барады, - дейди қаҳарман сыншы.

    Күни кеше Әлийшер Наўайы атындағы Ташкент мәмлекетлик өзбек тили ҳәм әдебияты университетинде Өзбекстан Республикасы көркем өнер ғайраткериниң туўылған күнине 88 жыл толыўы мүнәсибети менен болып өткен "Иброҳим Ғафуров - жазыўшы, сыншы, аўдармашы" атамасындағы илимий-әдебий конференцияда қатнасып, ойымыздан усы сөзлер өтти.

    Әдебий кешеде шығып сөйлеген белгили жазыўшы, шайыр, сыншылар Иброҳим Ғафуровтың ибратлы өмир жолы ҳәм дөретиўшилик жолы ҳаққында, бүгин де шәкирт ҳәм қатарласларына берип киятырған сабақлары ҳаққында жүрек сөзлерин билдирди. Оның публицист, аўдармашы, редактор, әдебиятшы, жазыўшы сыпатындағы шеберлиги ҳәм мийнетлерин тән алды.

    - Иброҳим ағаның көркем дөретиўшилиги ҳаққында көп айтылды. Мен оның газета жумысы, мақалалары ҳаққында тоқтап өтпекшимен. Газетаны қандай формада шығарыў, мақаланы қалай жазыў ҳәм редакторлаў бойынша да ол ҳәммеге үлги. Иброҳим Ғафуровтың қолы менен жазылған мақалаларды мақала деп атаўдың өзи жетерли емес - оның мәнаўиятымыздың шеңберлерин сәўлелендиретуғын мақалалары дөретиўшилик пәт пенен жазылған ҳәм манифест дәрежесине шыққан дөретиўшилик үлгилери болып есапланады, - дейди Өзбекстанда хызмет көрсеткен мәденият хызметкери, аўдармашы илимпаз Зуҳриддин Исомиддинов.

    Нодир МАҲМУДОВ,

    “Янги Ўзбекистон” хабаршысы