Сиань - Ташкент - Сиань жөнелиси бойынша турақлы авиақатнаўлар жолға қойылды

    17 шілде 2025 1498

    Өзбекстан Транспорт министрлигиниң мағлыўматына бола, усы жылдың 16-июль күни саат 14:50 де авиакомпанияның биринши рейси Ташкент халықаралық аэропортына келип қонды.

    Қытайдың "China Eastern Airlines" авиакомпаниясы биринши мәрте Сиань-Ташкент-Сиань жөнелиси бойынша турақлы авиақатнаўларды жолға қойды.

    Өзбекстан Транспорт министрлигиниң мағлыўматына бола, усы жылдың 16-июль күни саат 14:50 де авиакомпанияның биринши рейси Ташкент халықаралық аэропортына келип қонды.

    Бул жөнелисте авиакомпания ҳәптесине үш мәрте - дүйшемби, сәршемби ҳәм жума күнлери "Airbus А320" самолётларында пәрўазларды әмелге асырады.

    Мағлыўматларға бола, бүгинги күнде Өзбекстан ҳәм Қытай арасында жолаўшы тасыў бойынша ҳәптесине 46 турақлы авиақатнаўлар әмелге асырылмақта.

    Усы жылдың август айының ақырына шекем және 11 рейс қосылыўы, жылдың ақырына шекем ҳәптелик авиақатнаўлардың санын 60 ға жеткериў режелестирилген.

    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates