Кейинги жылларда ўәлаят экономикасында әмелге асырылған өзгерислер нәтийжесинде үлкен структуралық өзгерислер жүз бергени атап өтилди. Бурын тийкарынан аўыл хожалығына байланыслы болған аймақта санаат, хызмет көрсетиў тараўлары жедел раўажланды, исбилерменлик орталығы жақсыланды, алдынғы исбилерменлер топары қәлиплести.
Өткен жылы Сырдәрья ўәлаятының экономикасы 9,8 процентке өскен. Ўәлаят санаат өнимлерин ислеп шығарыўдың өсиў пәтлери бойынша аймақлар арасында төртинши орынды ийелеп, бул көрсеткишти 8,2 процентке арттырды. Халықтың жан басына туўра келетуғын жалпы аймақлық өнимниң көлеми де турақлы өсип бармақта - 2017-жылы 10 миллион сумды қураған болса, 2025-жылға барып 38,1 миллион сумға жеткен, яғный дерлик 3,8 есеге артқан.
Өткен жылы ўәлаятта улыўма баҳасы 333 миллион доллардан аслам 42 ири инвестициялық жойбар әмелге асырылды. Бул жойбарлар шеңберинде 17,5 мыңнан аслам жаңа жумыс орны жаратылды.
Мәжилисте Қытай тәжирийбеси тийкарында Сырдәрья ўәлаятын алдыңғы инновациялар аймағына айландырыў жумысларына айрықша итибар қаратылды. Қытай провинциялары менен тиккелей бирге ислесиў жолға қойылды.
Сондай-ақ, Корея Республикасы, Япония ҳәм Малайзияға сапарлар шеңберинде бир қатар инвесторлар менен сөйлесиўлер өткерилип, жүзлеген миллион долларлық жойбарлар қәлиплестирилген. Атап айтқанда, Гүлистан районында баҳасы 300 миллион долларлық шарўашылық комплекси ҳәм балалар азық-аўқатын ислеп шығарыў жойбарлары бойынша келисимге ерисилди. Францияның «Bonduelle» компаниясы менен биргеликте Янгиер қаласында азық-аўқат өнимлерин ислеп шығарыў жойбарын иске қосыў режелестирилген.
Соның менен бирге, санлы экономика, косметика, агросектор ҳәм қайта ислеў тармақларында жаңа инвестициялық басламалар ислеп шығылмақта. Атап айтқанда, Ширин қаласында мағлыўматларды қайта ислеў орайы, Гүлистан қаласында акселерация ҳәм инкубация орайларын шөлкемлестириў бойынша жойбарлар қәлиплестирилген.
Мәжилисте усы жылы ўәлаятқа 3 миллиард доллар инвестиция алып келип, экспорт көлемин 500 миллион долларға жеткериў ўазыйпасы қойылды. Бул жалпы аймақлық өнимди 9 процентке, санаатты 8,2 процентке, хызмет көрсетиўди 15,4 процентке, аўыл хожалығын 6,8 процентке, қурылыс көлемин 15 процентке арттырыў имканиятын береди.
Бәнтлик ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў мәселелерине де айрықша итибар қаратылды. Өткен жылы кәмбағаллық дәрежеси 11,3 проценттен 6,2 процентке азайды. Бирақ бул көрсеткиш республика бойынша орташа көрсеткиштен жоқары.
Быйыл исбилерменлик жойбарларын қоллап-қуўатлаў ушын 10 триллион сум ажыратылмақта. Бул қаржылар есабынан 185 мың халықтың бәнтлигин тәмийинлеў, жумыссызлық ҳәм кәмбағаллық дәрежесин 4,6 ҳәм 3 процентке азайтыў режелестирилген. Гүлистан, Ширин, Янгиер қалалары, Сардоба, Сайхунабад, Сырдәрья ҳәм Ховос районларын жумыссызлық ҳәм кәмбағаллықтан жырақ аймаққа айландырыў илажлары көриледи.
Оның ушын "Мийнеткеш ҳаял", "Тең имканиятлар - инклюзив бәнтлик", "Бир мәҳәлле - бир өним" сыяқлы бағдарламалар шеңберинде мәҳәллелерде исбилерменликти қоллап-қуўатлаў, жаңа жумыс орынларын ҳәм халықтың дәрамат дәреклерин жаратыўды даўам еттириў зәрүр екенлиги атап өтилди.
Социаллық инфраструктураны раўажландырыў мәселелери де додаланды. Ажыратылған 100 миллион доллар есабынан ўәлаяттағы 47 мектеп, 45 бақша, 35 медицина мәкемеси, 18 спорт ҳәм мәденият объектин оңлаў бойынша тапсырма берилди.
Өткен жылы Гүлистанда 22 мың хожалыққа суўды үзликсиз жеткерип бериў мәселеси шешилди. Мырзабад, Сардоба, Боёвут, Ховос районлары ҳәм Янгиер қаласындағы 12 мың шаңарақ турақлы ишимлик суўы менен тәмийинленди.
Инженерлик инфраструктурасын раўажландырыў шеңберинде усы жылы 349 километр электр тармақларын қурыў, 99 трансформатор орнатыў, ишимлик суўы тармақларын кеңейтиў есабынан халықты ишимлик суўы менен тәмийинлеў дәрежесин 89,5 процентке жеткериў режелестирилген.
Буннан тысқары, ўәлаятта турақ жай қурылысы жедел даўам етпекте. 2026-жылы 3,5 мың квартиралы 80 көп қабатлы турақ жай, соның ишинде, "Жаңа Өзбекстан" массивлеринде 1,5 мың квартиралы, сондай-ақ, реновация бағдарламасы шеңберинде жаңа турақ жайлар қурыў режелестирилген.
Аўыл хожалығы имканиятларынан нәтийжели пайдаланыў зәрүрлиги айрықша атап өтилди. Сырдәрьяда халықтың жан басына туўра келетуғын егислик майданы көрсеткиши басқа бир қатар аймақларға қарағанда бир қанша жоқары, суў тәмийнаты жақсы. Бирақ, мийўе-овош экспорты ҳәзирше 60 миллион доллардан артпай атырғаны атап өтилди.
Бул бағдарда "Сирдарё агро инвест" компаниясын шөлкемлестирип, Ховос районында суўды үнемлейтуғын ҳәм алдынғы агротехнологиялар тийкарында дәраматлы егислик майданларын қәлиплестириў, кейин ала оларды халыққа таяр бизнес түринде усыныў режелестирилген. Дәслеп, бул механизмди 12 мың гектар жерде енгизиў режелестирилген.
20,8 мың гектар жердиң суў тәмийнатын жақсылап, 748 миллион куб метр суўды үнемлеў бойынша ўазыйпалар белгиленди.
Мәжилисте Венгрия тәжирийбеси тийкарында Ховос районындағы бир қатар мәҳәллелерде "Ақыллы аўыл" тәжирийбе жойбарын әмелге асырыў мәселеси де додаланды. Бул арқалы халыққа мәҳәллелерге ажыратылып атырған қаржылардың ашық-айдынлығы, қәўипсизлиги, қоршаған орталықтың жағдайы, жәрдемге мүтәж шаңарақларды қоллап-қуўатлаў, исбилерменлик ушын имканиятлар ҳаққында ашық санлы система арқалы мағлыўмат бериў мүмкин болады.
Мәжилис жуўмағында жуўапкерлерге бир қатар анық тапсырмалар берилди. Атап айтқанда, Гүлистан қаласындағы "Сырдәрья" еркин экономикалық зонасында кеминде 5 мың жумыс орнын жаратыўды нәзерде тутатуғын инвестициялық жойбарларды жайластырыў, қуяш панеллерин ислеп шығарыў ҳәм "Феруз" подстанциясының трансформаторларын модернизациялаў бойынша баҳасы 100 миллион долларлық жойбарды иске қосыў бойынша ўазыйпалар белгиленди.
Сондай-ақ, Боёвут районында "Султанҳаўыз" суў сақлағышын қурыў бойынша техникалық-экономикалық тийкарларды ислеп шығыў, ўәлаяттың жолларын оңлаў ушын халықаралық финанс институтларының қаржыларын тартыў, Мирзаабад районында әнар сақлаў ҳәм қайта ислеў агрокомплексин шөлкемлестириў, нәл жетистириў бойынша заманагөй орайлар ашыў бойынша тапсырмалар берилди.
Жасларды заманагөй кәсип-өнер ҳәм шет тиллерине оқытыўға да айрықша итибар қаратып, Президентимиз халықаралық стандартлар тийкарында маманлық баҳалаў орайларын шөлкемлестириў ҳәм кеминде 2 мың жасты оқытыў зәрүрлигин атап өтти.
Мәмлекетимиз басшысы ўәлаятта әмелге асырылып атырған ҳәр бир жойбар әмелде халықтың дәраматы ҳәм турмыс дәрежесинде өз көринисин табыўы керек екенлигин атап өтип, белгиленген ўазыйпаларды өз ўақтында ҳәм сапалы орынлаў бойынша тийисли тапсырмалар берди.