Ушырасыўлар даўамында тәреплер санаат кооперациясын кеңейтиў ҳәм жаңа өндирис басламаларын жолға қойыў бойынша анық қәдемлерди додалады. Машина қурылысы, металлургия, агросанаат комплекси, энергетика, фармацевтика, экология, транспорт, қаржы ҳәм инфраструктураны раўажландырыў тараўларында бирге ислесиўди тереңлестириўге айрықша итибар қаратылды.
Сапар етиў жуўмақлары бойынша барлық жәрияланған басламалар бойынша биргеликтеги жол картасын таярлаў, сондай-ақ, усы жылдың гүзинде Өзбекстанда еки тәреплеме бизнес-форум өткериў бойынша келисимлерге ерисилди, деп хабар береди Инвестициялар, санаат ҳәм саўда министрлигиниң баспасөз хызмети.








