Конференция жумысында еки мәмлекет дипломатиялық ўәкилханаларының басшылары, Өзбекстан ҳәм Пакистанның жетекши таллаў ҳәм билимлендириў орайларының басшылары ҳәм экспертлери, бизнес ҳәм дипломатиялық ўәкилханалардың ўәкиллери қатнасты.
Әнжуман даўамында Өзбекстан ҳәм Пакистан арасындағы бирге ислесиўдиң тийкарғы бағдарлары, соның ишинде, сиясий сөйлесиў ҳәм регионаллық қәўипсизлик мәселелери, саўда-экономикалық ҳәм кооперациялық байланысларды раўажландырыў, билимлендириў, кадрлар таярлаў, санластырыў ҳәм жаңа технологиялар тараўларындағы бирге ислесиў ҳәр тәреплеме додаланды.
Экспертлер Өзбекстан менен Пакистан арасындағы қатнасықлар сапа жағынан жаңа басқышқа көтерилип, стратегиялық шериклик форматына өзгергенин атап өтти. Көпшилик жағдайларда бул еки мәмлекет басшыларының шешиўши роли ҳәм сиясий ерк-ықрары себепли жүзеге келди. Өзбекстан ҳәм Пакистан жетекшилери арасындағы жоқары дәрежедеги исеним ҳәм конструктивлик сөйлесиў, сондай-ақ, қәўипсизлик, экономика ҳәм регионаллық раўажланыў тараўларындағы узақ мүддетли мәплердиң уқсаслығы ҳәр тәреплеме әмелий бирге ислесиўди және де беккемлеў ушын беккем тийкар жаратпақта.
Илажды СРИИ директоры Элдор Арипов ашып берип, Өзбекстан-Пакистан қатнасықлары сапа жағынан жаңа институционаллық дәрежеге көтерилгенин атап өтти. Оның сөзлерине бола, Стратегиялық шериклик кеңесиниң дүзилиўи өз-ара бирге ислесиўдиң системалы ҳәм узақ мүддетли моделине өтиўдиң әҳмийетли тастыйығы болды. Бул қатнас Орайлық ҳәм Қубла Азияның жақынласыўы ўақытша баслама емес, ал улыўма стратегиялық мәплерден келип шығатуғын объектив зәрүрлик екени ҳаққындағы улыўмалық түсиникти сәўлелендиреди.
СРИИ директоры саўда-экономикалық бирге ислесиўдиң жеделлиги еки тәреплеме байланыслардың потенциалы артып баратырғанын тастыйықлайтуғынын атап өтти: соңғы жылларда Өзбекстан ҳәм Пакистан арасындағы товар алмасыў көлеми 12 есеге артты, шериклердиң орта мүддетли мақсети болса бул көрсеткишти 2 миллиард долларға жеткериўден ибарат.
Келешектеги тийкарғы бағдарлар ҳаққында сөз етип, СРИИ директоры әпиўайы саўдадан жоқары қосымша қунға ийе биргеликтеги шынжырларды қәлиплестириўге өтиў, мәлимлеме технологиялары, билимлендириў ҳәм кадрлар таярлаў тараўларындағы бирге ислесиўди күшейтиў әҳмийетли екенлигин атап өтти.
Сондай-ақ, Элдор Арипов Трансаўған коридорының стратегиялық әҳмийетине итибар қаратып, бул әпиўайы транспорт жөнелиси емес, ал жеткерип бериў мүддетлерин кескин қысқартыў ҳәм регионды Евроазия байланыслылығының әҳмийетли түйинине айландырыўға уқыплы болған геоэкономикалық жойбар екенин атап өтти.
Конференция қатнасыўшыларына мүрәжат етип, Исламабад регионаллық изертлеўлер институтының президенти Жавҳар Салим "еки мәмлекет басшылары арасындағы исеним ҳәм конструктивлик сөйлесиў әмелий басламалар ушын беккем тийкар жарататуғынын" атап өтти. Оның атап өтиўинше, Өзбекстан ҳәм Пакистан арасындағы қатнасықлар бирге ислесиўдиң әҳмийетли тараўларын - экономика, саўда, энергетика, билимлендириў ҳәм мәдениятты қамтып алады.
- Биргеликтеги билимлендириў бағдарламаларын ҳәм технологиялық алмасыўды кеңейтиў ушын үлкен потенциал бар екенин көрмектемиз. Бул регион ушын стратегиялық әҳмийетли ўақыя болып, базарларға шығыў имканиятын кеңейтиў ҳәм экономикалық турақлылықты беккемлеўге хызмет етеди", - деп қосымша етти эксперт.
Өз гезегинде, Пакистанның бурынғы қаржы министри, Инвестициялар бойынша кеңестиң баслығы Ҳарун Шариф институционаллық шешимлер ҳәм жеке меншик сектордың қатнасыўы әҳмийетли екенлигин атап өтти.
- Саўда артында реал инвестициялар ҳәм ислейтуғын экономикалық механизмлер турған жағдайда ғана турақлы болады, - деди ол.
Экономист бизнести қоллап-қуўатлаў ушын базарға бағдарланған финанслық структуралар ҳәм биргеликтеги инвестициялық платформаларды жаратыўды усыныс етти. Жеке меншик сектордың қаржыландырыўдан пайдаланыў имканиятына ие болыўы әҳмиетли - бул интеграция нәтийжелилигин арттырады," - деп қосымша етти Ҳ.Рашид. Сондай-ақ, ол биргеликтеги транспорт инфраструктурасын, соның ишинде, қурғақлықтағы портлар ҳәм логистика хабларын раўажландырыў зәрүрлигин атап өтти: "Тек келисилген көзқараслар ғана қәрежетлерди қысқартыў ҳәм өз-ара бирге ислесиўди экономикалық пайдалы етиўи мүмкин".
Исламабадтағы Қорғаныў миллий университетиниң оқытыўшысы, генерал-майор Муҳаммад Самрез Солиқ еки мәмлекеттиң жоқары геоэкономикалық потенциалына айрықша тоқтап өтти.
"Пакистан ҳәм Өзбекстан ҳәр бир мәмлекеттиң күшли тәреплери иске қосылса, региондағы экономикалық интеграцияның ядросына айланыўы мүмкин", - деди ол.
Сондай-ақ, генерал транспорт коридорларының стратегиялық әҳмийетин атап өтти: "Трансаўған темир жолы Өзбекстаннан Пакистан портларына шекем жүклердиң жолын 35 күннен 3-5 күнге қысқартыў имканиятына ийе. Бул тиккелей экономикалық абзаллық болып, оны қолдан бермеў керек".
"Биз саўданың жүзеге шығарылмаған үлкен имканиятларын көрип турмыз. Биргеликтеги жойбарлар ҳәм логистика тармақлары арқалы интеграция регионның экономикалық ландшафтын өзгертиўге уқыплы.
Пакистан Сыртқы ислер министрлигиниң Исламабад стратегиялық изертлеўлер институты жанындағы Аўғанстан, Жақын Шығыс ҳәм Африка мәмлекетлерин үйрениў орайының директоры Амина Хан турақлы шерикликтиң тийкары сыпатында инсан капиталына инвестициялардың айрықша әҳмийетин атап өтти.
"Инфраструктура мәмлекетлерди байланыстырады, бирақ адамлар - билимлендириў, көнликпе ҳәм технологиялар арқалы шерикликтиң турақлылығын тәмийинлейди", - деди ол.
Қәниге Өзбекстанның билимлендириў реформалары ҳәм санлы трансформациядағы раўажланыўы, сондай-ақ, Пакистанның инглис тилиндеги жоқары билимлендириў, медицина ҳәм илимий-изертлеўлер тараўындағы бирге ислесиў потенциалын атап өтти.
- Билимлендириў ҳәм технологиялар тараўындағы бирге ислесиў - бул еки тәреплеме байланысларды тереңлестиретуғын ҳәм регионаллық интеграцияға хызмет ететуғын аз қәўип-қәтерли ҳәм жоқары нәтийжели жол, - деп атап өтти ол.
Амина Хан еки тәреплеме дәрежеде техникалық ҳәм профессионал билимлендириўди раўажландырыў ушын инсан капиталы ҳәм технологиялары бойынша Пакистан - Өзбекстан сөйлесиўин шөлкемлестириўди усыныс етти. Оның сөзлерине бола, "биргеликтеги изертлеўлер усы ўақытқа шекем жетиспей атырған жергиликли тийкарланған шешимлерди жаратыў арқалы еки тәреплеме ҳәм регионаллық машқалаларды шешиўге жәрдем береди".
Амина Хан, бәринен бурын, Орайлық ҳәм Қубла Азия арасындағы өз-ара байланыслылықты беккемлеўге хызмет ететуғын ҳәр қыйлы басламаларды кеңейтиў мақсетинде Аўғанстан менен үш тәреплеме бирге ислесиўди раўажландырыў усынысын билдирди. Оған мысал ретинде "Термиз халықаралық саўда орайы" еркин саўда зонасын келтирди. Оның сөзлерине бола, "бул тек ғана шегара пункти емес, ал толық экономикалық система - адамлар арасындағы байланыслар, сондай-ақ, билимлендириў, медициналық хызметлер, саўда ҳәм регионаллық транзит экосистемасы".
Жәҳән экономикалық раўажланыў министрлиги жанындағы перспективалы халықаралық изертлеўлер институтының жетекши илимий хызметкери Азиза Муҳаммедованың қосымша етиўинше, "турақлы қәўипсизлик болмаса, раўажланыў ҳәм интеграция бойынша үлкен режелер әмелге асырылыўы мүмкин емес. Терроризмге қарсы гүресиў бойынша биргеликтеги илажлар, разведка мағлыўматларын алмасыў ҳәм қорғаныў тараўындағы бирге ислесиўге экономикалық өсиў ҳәм регионаллық интеграцияның шәртли шәрти сыпатында қаралмақта. Транспорт ҳәм саўда жойбарлары, соның ишинде, "Өзбекстан - Аўғанстан - Пакистан" темир жолы экономикалық стимул жаратып, турақсызлықты азайтады.
Өзбекстан Республикасы Транспорт министрлиги жанындағы Транспорт ҳәм логистика изертлеўлер орайының бас қәнигеси Шоҳжаҳон Шихназаров транспорт ҳәм логистика кооперациясының әмелий әҳмийетин атап өтти:
"Пакистан портлары арқалы жүк тасыў көлеми 2025-жылдың ақырына шекем 450 мың тоннаға жетип, өткен жылға салыстырғанда 37 процентке артқан. Бул жеткерип бериў мүддетин қысқартады ҳәм логистика қәрежетлерин азайтады. Жөнелислердиң табыслы ислеўи ушын халықаралық бирге ислесиў, қоспа форумлар ҳәм тәжирийбе жойбарлары, соның ишинде, Беларусь - Россия - Қазақстан - Өзбекстан - Аўғанстан - Пакистан мультимодаль коридорын ҳәм Аўғанстан арқалы жаңа темир жол линияларын раўажландырыў зәрүр.
Конференция қатнасыўшылары жуўмақлап, Өзбекстан-Пакистан стратегиялық шериклигиниң раўажланыўы санаат кооперациясы, технологиялар, билимлендириў, биргеликтеги өндирис шынжырлары ҳәм турақлы раўажланыўға муўапықласқан көзқараслар тийкарында көп қырлы бирге ислесиў моделине өтиўди талап ететуғынын атап өтти.
Конференция жуўмағында Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Стратегиялық ҳәм регионлараралық изертлеўлер институты ҳәм Исламабад регионаллық изертлеўлер институты арасында стратегиялық шерикликти аналитикалық жақтан қоллап-қуўатлаў, биргеликтеги басламаларды муўапықластырыў ҳәм сиясий басшылық ушын усыныслар таярлаў ушын турақлы платформа болатуғын Өзбекстан-Пакистан экспертлер кеңесин шөлкемлестириўге келисип алынды.