Өзбекстан Республикасы Президентиниң "Ипотека кредитинен пайдаланыўда халыққа қосымша қолайлықлар жаратыў илажлары ҳаққында"ғы қарарына бола, 2023-жыл 1-январьдан баслап дәслепки төлемниң ҳәм ипотека кредити бойынша процентлердиң бир бөлегин қаплаў ушын субсидия берилген пуқаралардың турақ жайларды сатып алыў, қурыў ямаса реконструкциялаў ушын алынған ипотека кредитлерин және олар бойынша есапланған процентлерди төлеўге бағдарланған мийнет ҳақы ҳәм басқа да дәраматлары физикалық шахслардан алынатуғын дәрамат салығына тартылмайды.
Белгиленген жеңиллик қарыз алыўшы ҳәм бирге қарыз алыўшылар дәраматының бир салық дәўиринде мийнетке ҳақы төлеўдиң ең аз муғдарының сексен есесинен артпаған бөлегине қолланылады.