Атап өтиў орынлы, "Өзбекстан Республикасы Судьялар жоқары кеңеси ҳаққында"ғы нызамның 9-статьясына муўапық, кеңес баслығы ҳәр жылы Өзбекстан Республикасы Президентине әдил судлаўды әмелге асырыўға тосқынлық етип атырған факторлар ҳәм суд системасында коррупцияға қарсы гүресиў жағдайы ҳаққында мәлимлеме усынады.
Мәмлекетимиз басшысы 2025-жыл 26-декабрьде Олий Мажлис ҳәм Өзбекстан халқына жоллаған Мүрәжатында коррупцияға жол қойыў әмелге асырылып атырған реформаларға қыянет екенин атап өтип, бул иллетке қарсы гүресиў бойынша "айрықша жағдай" жәриялады.
Усы мүнәсибет пенен судлар мәмлекетлик ҳәкимияттың бийғәрез тармағы сыпатында коррупциядан жырақ системаны қәлиплестириўдиң үлгиси болыўы керек екенлиги атап өтилди.
Судьялар жоқары кеңеси судьялардың бийғәрезлигин тәмийинлеў ҳәм оларды сыртқы басымлардан қорғаўға тиккелей жуўапкер. 2025-жылы бул кеңестиң ўәкилликлерин кеңейтиў бойынша пәрман қабыл етилди. Суд системасы ушын жоқары маман кадрлар таярлаў системасын түп-тийкарынан жетилистириў мақсетинде кеңес жанында Әдил судлаў академиясы шөлкемлестирилди.
Өткен жылы Судьялар жоқары кеңеси тәрепинен 135 талабан биринши мәрте судьялық лаўазымларына тайынланды, 286 судья қайта тайынланды, 241 тергеў судьясы корпусы қәлиплестирилди.
Есап бериў дәўиринде 59 судьяның ўәкилликлери мүддетинен алдын тоқтатылды. Соның ишинде, 19 судья ант ҳәм Судьялар әдеп-икрамлылық кодекси талапларын бузғаны ушын лаўазымынан азат етилди, 3 судья жынайый жуўапкершиликке тартылды, 58 судьяның лаўазымы төменлетилди. Баҳалаў нәтийжелери бойынша 33 судья келеси лаўазымға ылайық емес деп табылып, 266 судья интизамый жуўапкершиликке тартылды.
Судлардың жумысына араласыў жағдайлары бойынша Бас прокуратураға 5 усыныс киргизилген. Кеңестиң рәсмий веб-сайтында судьялардың қол қатылмаслығы бузылғаны ҳаққында оператив түрде хабар жибериў имканияты жаратылған.
Судьялардың еркинлигин тәмийинлеў шеңберинде аймақлық судлар баслықларының 6 мыңнан аслам буйрықлары үйренилген. 231 буйрықта 314 судьяға әдил судлаўды әмелге асырыў менен байланыслы болмаған ўазыйпалар жүкленгени анықланған. Анықланған қағыйдабузарлықларды сапластырыў илажлары көрилди.
Судьяларды өзине тән болмаған ўазыйпалардан азат етиў мақсетинде судлар жумысының кадрлар, материаллық-техникалық ҳәм шөлкемлестириў мәселелерине жуўапкер болған "суд ҳәкимшилиги" институтын шөлкемлестириў бойынша алдынғы сырт ел тәжирийбеси үйренилмекте.
Тәртип жазаларының әдил қолланылыўын тәмийинлеў мақсетинде Судьялардың интизам коллегиясын шөлкемлестириў усыныс етилди.
Сондай-ақ, судьялар ҳәм олардың шаңарақ ағзаларының мүлкин декларациялаў системасын енгизиў, суд аппаратларында комплаенс қадағалаўды енгизиў, суд аппараты хызметкерлерин жумысқа қабыл етиўдиң ашық-айдын тәртибин белгилеў бойынша басламалар алға қойылды.
Буннан тысқары, ҳаял-қызларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў бойынша мәмлекетлик сиясат шеңберинде суд системасында гендер теңликти тәмийинлеў мәселеси додаланды. Атап айтқанда, 10-март - Халықаралық судья ҳаял-қызлар күнин белгилеў бойынша режелер белгиленди.
Президентимиз билдирилген усынысларды қоллап-қуўатлап, суд ҳәкимиятының ғәрезсизлигин, судьялардың қол қатылмаслығын тәмийинлеў ҳәм әдил судлаўды әмелге асырыўға тосқынлық етип атырған факторларды сапластырыўға қаратылған системалы илажларды избе-из даўам еттириў бойынша бир қатар усыныслар берди.