Талантлар устаханасы: "Бозатаў ФЕСТ" гезектеги жаңа жулдызларды пайда етти

    Пикир 10 маусым 2025 172

    Музыка тәрбия қуралларынан бири болып, ол инсанның эстетикалық ҳәм сезимлик қәсийетлерин қәлиплестиреди. Ҳақыйқый музыкалы дөретпелер кеңислик ҳәм ўақыттың әдеп-икрамлылық ҳәм сиясий идеяларын улыўмаластырады.

    Адам ҳалатын ырғақсыз, намасыз, улыўма, көркем өнерсиз көз алдына келтире алмайды. Себеби, көркем өнер адамларға тек ғана руўхый азық берип қалмастан, оның ҳәр тәреплеме камалға келиўинде де әҳмийетли орын ийелейди. Сол себепли бүгин елимизде музыканың шахс руўхыйлығындағы роли дурыс сезилип, оның жас әўладты тәрбиялаўдағы әҳмийети арттырылмақта.

    Инсанның кейпияты биз жасап атырған турмыстың тиккелей тәсирине байланыслы өзгереди: қайғырамыз, қуўанамыз, ашыўымыз, қуўанғанымыздан ишимизге сыймаймыз ҳәм тағы басқалар. Егер музыка бундай кеширмелерди өзинде сәўлелендирер екен, демек, ол ҳәзирги ўақыяны сәўлелендиреди. Бирақ оның ўазыйпасы белгили бир сезимлер менен шекленгенде бүгинги күнге шекем жетип келмес еди. Тийкарында, музыка пикирлерди, идеяларды, қәдириятларды өзинде жәмлей алған руўхый дерек. Музыкалы тәрбияны сақлаўымыз кереклигиниң мәниси де сонда: шеклеримизге түскен ўазыйпа тек ғана өтмиш идеяларын тәкирарлаў ямаса сақлаў емес, ал оны инсаният мәплери көзқарасынан раўажландырыў, сын көзқарастан өзлестириў ҳәм дөретиўшиликти қайта көрип шығыў зәрүрлиги миннетлемеси болып табылады.

    2019-жылы Қарақалпақстан Республикасында Бозатаў районы шөлкемлестирилди. 2020-жылы болса Президентимиз қарақалпақстанлы жаслар менен сөйлесиў ўақтында жас талант ийелери мине усы гөззал орынға келип, районның абырайы ҳәм даңқын пүткил дүньяға танытыў ушын "Жаслар ҳаўазы" - Бозатаў ФЕСТ" таңлаўын өткериў басламасын алға қойды. Бул басламадан соң 2021-жылдан баслап Жаслар ислери агентлиги ҳәм бирге ислесиўши шөлкемлер усы таңлаўды өткериўи дәстүрге айланды. Таңлаў бақсышылық, дәстүрий атқарыў, опера ҳәм эстрада бағдарлары бойынша мәҳәлледен басланып, сектор, район, ўәлаят ҳәм республика басқышларында 3 жас категориясында өткериледи.

    Жаслардың потенциалын жүзеге шығарыў мақсетинде жолға қойылған бул таңлаўдың 2025-жылғы республикалық басқышы болса 3-7-июнь күнлери биринши мәрте Ташкент қаласында өткерилди. Онда ҳәр бир қатнасыўшы көркем өнерге болған қатнасы, сахна мәденияты ҳәм дөретиўшилик қәбилети менен төрешилер ҳәм тамашагөйлер итибарын тартыўға ҳәрекет етти.

    Төрешилер қурамы Мәденият министрлиги менен биргеликте қәлиплестирилди. Бақсышылық, опера, эстрада ҳәм дәстүрий атқарыў (мақам) бағдарларында өз алдына қурам дүзилди ҳәм олар ҳәр бир атқарыўшының шеберлиги, сахнада өзин тутыўы, таңлаған композицияларына итибар берди. Ашық-айдынлықты тәмийинлеў мақсетинде аймақлық басқышларда министрлик тәрепинен дүзилген экспертлер аймақларға барып қатнасты. Республикалық басқышта аймақлық басқышта сайлап алынған 161 қатнасыўшы өз имканиятларын көрсетти. Ҳәр бир бағдарда 42, бақсышылықта болса 35 жас беллести. Жеңимпазлар сол күнниң өзинде жәрияланып барылды.

    Усы күнге шекем таңлаў көплеген жас талант ийелерин ашқан. Мәселен, таңлаўдың 2024-жылғы мәўсиминде 23-30 жас категориясы бойынша опера бағдарында 1-орынды қолға киргизген Атабек Назиров 2025-жыл 25-январь күни Президент пәрманына бола "Өзбекстанда хызмет көрсеткен артист" ҳүрметли атағы менен сыйлықланды. Таңлаўдың 2024-жылғы республика басқышында 10-15 жас категориясында 1-орынды қолға киргизген Ясмина Ҳусниддинова болса Беларусда өткерилген XXII “ВИТЕБСК–2024” халықаралық балалар музыка таңлаўында гран-приди қолға киргизди.

    Буннан тысқары, "Бозатаў ФЕСТ"те 1-орынды қолға киргизген 12 қәбилетли жас 2023-жыл 17-28-май күнлери Италияда тәжирийбе арттырып, "Өзбекстан мәденияты" ҳәптелигинде концерт бағдарламалары менен қатнасты. Сондай-ақ, "Жаслар ҳаўазы" - Бозатаў ФЕСТтиң 2021-2024-жыллардағы республикалық басқышының жеңимпазлары ҳәм қатнасыўшылары арасынан 6 адам "Ниҳол" сыйлығының жеңимпазы, 2 адам "Жас атқарыўшылар" республикалық таңлаўының жеңимпазы, 1 адам “Top Music” жойбарының жеңимпазы, 2 адам “Top Music” жойбарының жеңимпазы, 6 адам халықаралық таңлаўларда жеңимпаз ҳәм сыйлы орын ийелери болған.

    "Сыйлықларды бөлистириў емес, жасларға мәсләҳәт бериў - тийкарғы ўазыйпамыз"

    - Ҳәр жылы бул әжайып таңлаўда бир-бирине уқсас болмаған, тәкирарланбас даўыслар ашылады. Айырым қатнасыўшылар жеңимпаз болмағанша қайта-қайта урынып көре береди ҳәм бул жүдә зор. Себеби, ортада күшли, саламат бәсеки жүзеге келеди. Бүгин, әсиресе, 10-15 жасар қатнасыўшылар арасында жүдә қәбилетлилер бар. Өткен жыллардағы жеңимпазлар бүгин халықаралық таңлаўларда, мәмлекетлик илажларда қатнаспақта. Бул ҳәммемиз ушын мақтаныш болыўы керек, себеби таңлаў гөзлеген мақсетине ериспекте, - дейди "Дўстлик" ордениниң ийеси, төрешилер ағзасы Ширин Маматова. - Опера бағдарында да оғада талантлы қатнасыўшыларды көрдик. Баҳалаўда биз тек ғана даўыс емес, ал сахна мәденияты, шығарма таңлаўы, дикция, шет тилдеги текстлерди дурыс ҳәм сезим менен атқарыўына да итибар қараттық. Айырым қатнасыўшылардың сыйқырлы ҳаўазы бар, бирақ устаз көрмегени билинип турады - сыйлықларды бөлистириў емес, ал әйне усындай жасларға дурыс мәсләҳәтлер берип, устаз табыў, оқыў ҳәм үйрениўди даўам еттириў кереклигин айтыўымыз тийкарғы ўазыйпамыз болып табылады. Соның ушын да төрешимиз ҳәм буны еплей алдық, деп ойлайман. 10-15 жас категориясында баҳалаў бираз қурамалырақ, себеби бул жаста опера атқарыў аўыр. Еле даўыс толық қәлиплеспеген болады. Деген менен, жүдә тынық, қоңыраўдай даўыслы балаларды көрип атырмыз. 16 жастан жоқары қатнасыўшылардың көпшилиги болса консерватория студенти, профессионал сахна тәжирийбесине ийе жаслар - оларды, әлбетте, айрықша баҳалаймыз. Таңлаў даўамында өзим ушын ойлап тапқан қатнасыўшылар арасында Наманган ўәлаятынан келген Робия айрықша ажыралып турды. Оның даўысы, сахнада өзин тутыўы, көриниси - ҳәммеси төрешилер ҳәм ықласбентлердиң ядында қалды. Қашқадәрьялы Яшнарбек Ғофиров та ҳақыйқый талант екен. Олардың келешекте тек ғана елимизде емес, ал сырт еллердиң сахналарында да жарқыраўы мүмкин екенлигине исенемен.

    "Өмир бағышлаўшы өзгерислер әллеқашан жүз берген"

    - Соңғы жыллары көп тараўлар қатарында музыка мәденияты тараўларында да өмиршең өзгерислер жүз бере баслады. Таңлаўдың мақам бағдарында қатнасып атырған жасларды бақлап, әсирлик мақам көркем өнерине итибар шексиз артқанына және бир мәрте исеним пайда еттим. Бул бағдарда, әлбетте, Президентимиздиң 2017-жыл 17-ноябрьдеги "Өзбек миллий мақам көркем өнерин буннан былай да раўажландырыў илажлары ҳаққында"ғы қарары үлкен әҳмийетке ийе болды. Тарийхый қысқа дәўир ишинде әсирлик халықшыл ҳәм классикалық музыка дәстүрлерин үйрениў, өзлестириў ҳәм үгит-нәсиятлаўға қаратылған бир қатар итибарлы жумыслар әмелге асырылды, - дейди Өзбекстан халық артисти, төрешилер ағзасы Муножат Йўлчиева. - Дүньядағы ҳәр бир халықтың бар екенлигинен дәрек беретуғын фактор - бул тили. Оның уллылығын көрсетиўши өлшем болса мәнаўияты. Руўхыйлықтың тийкарғы тараўларынан бири - музыка. Музыка дүньясы жүдә кең ҳәм барлық тараўларға теңдей тийисли екенлиги менен басқалардан парықланады. Музыка дүньясы инсанияттың өмири, жасаў тәризи, искерлиги, мийнети, қәдирияты, дәстүрин сәўлелендириўши қурал сыпатында әҳмийетли. Мине усы классикалық музыкалық мийрасымыздың ең үлкен бөлегин мақам дөретиўшилиги қурайды. Мақамларда жәмленген руўхый-көркем гөззаллықларды жанлы процесте көрсетиў ҳәм оларды тыңлаўшыға жеткериўде атқарыўшылық өнери дерлик шешиўши әҳмийетке ийе. Демек, классикалық музыка әсирлер арқалы өмири ҳәм раўажланыўы, бир қатар факторлар қатарында, сөзсиз, устаз-ҳафиз ҳәм сазенделердиң жоқары атқарыў шеберлиги менен үзликсиз байланыслы. Бүгин усы процесслердиң айқын көриниси кексе ҳәм жетик көркем өнер ғайраткерлери менен бирге жас қосықшы ҳәм сазенделердиң жумысында бақланып атырғаны қуўанышлы жағдай.

    Мақомларды атқарыў ушын арнаўлы таярлық, билим ҳәм, әлбетте, кең диапазонлы ҳаўазға ийе болыў талап етиледи. Мақомлар әдетте бир неше жыллар даўамында устаз-шәкирт тәризиндеги билим алыў тийкарында өзлестириледи. Сапасыз яки бузып атқарыў мақам ҳаққында надурыс түсиник қәлиплестирип қояды.

    "Музыканы жылаўлаў илимин ийелесем деймен"

    - Бир данышпан айтқанындай, көркем өнер тәрепинен тәрбияланған адам дөретиўшиге айланады. Қәлбим музыкаға қуштар. Қәлеген жерде, қәлеген ўақытта өзим билип-билмей бир нәрсени ыңылдап жүремен. Музыканы өмиримниң мазмунына айландырсам, оны жылаўлаў илимин ийелесем, деймен. Гейде ишимнен мудамы жаңа нама сырғанап шығады да, көк жийек артына зым-ғайып болып кетеди... Мен және жаңа шеклерди ийелеўим керек екенлигин аңлайман. Жеңимпазлар қатарында екениме, әлбетте, қуўанышлыман, бирақ буның менен тоқтап қалмақшы емеспен, - дейди опера бағдары бойынша республикалық басқыш жеңимпазларынан бири (2-орын) Яшнарбек Ғофиров. - Музыка мен ушын инсанның сезимлери, руўхый кеширмелери, арзыў-нийетлерин сөзсиз сәўлелендиретуғын дилмаш ямаса дилмашсыз түсинетуғын көркем өнер шығармасы. Музыка жаратылғаннан берли, инсанларды жақсылыққа, халықларды, миллетлерди бирлестириўге, оларды руўхый жақынластырыўға хызмет етеди.

    Дүньяны гөззаллық қутқарады, дегенде бул гөззаллықтың бири көркем өнер, анығырағы, музыка екени нәзерде тутылған болса, әжеп емес. Музыкалы көркем өнер дөретпелери көркем өнердиң басқа түрлери сыяқлы инсанды өмир ҳәм әлем ҳаққында пикирлеўге, онда эстетикалық талғамды, тартымлы ҳәм гөззал, терең дүньяқарасты қәлиплестириўде, саналы пикир жүргизиўге, өзгелерге жақсылық етиўге ийтермелейди. Музыка ҳәрбир миллетте өзине тәнлик пенен биргеликте улыўма инсаныйлық қәдириятларды да раўажландырыўда, түрли халықлардың музыкалық ҳәм басқа да көркем өнер түрлеринен заўықланыўда көзге көринбес көпир ўазыйпасын атқарады.


    Азизбек ЮСУПОВ,

    “Янги Ўзбекистон” хабаршысы

    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates