Жетекши халықаралық шөлкемлердиң таллаўына бола, санлы экономика жасырын экономиканы сапластырған ҳалда ЖИӨ ни кеминде 30 процентке арттырады. Халықаралық әмелиятқа бола, бүгинги санлы экономика электрон коммерция ҳәм хызметлер менен шекленип қалмастан, турмыстың барлық тараўын, атап айтқанда, денсаўлықты сақлаў, илим ҳәм билимлендириў, қурылыс, энергетика, аўыл хожалығын қамтып алған. Қалаберди, суў хожалығы, транспорт, геология, кадастр, архив ҳәм ҳәр қыйлы интернет-банкингке тез кирип, басқа да тараўларды да қамтып алып атырғаны, олардың ҳәр биринде жоқары нәтийже көрсетип киятырғанының гүўасы болып атырмыз.