Сыртқы саўданы тариф ҳәм тариф емес тәртипке салыў кеңесиниң гезектеги мәжилиси болып өтти

    Бизнес 14 желтоқсан 2024 1017

    Сыртқы саўданы тариф ҳәм тариф емес тәртипке салыў кеңесиниң гезектеги мәжилиси болып өтти

    Усы жыл 14-декабрьде Өзбекстан Республикасы инвестициялар, санаат ҳәм саўда министри Лазиз Кудратовтың басшылығында ИССМ жанындағы Тариф ҳәм тариф емес тәртипке салыў бойынша кеңестиң гезектеги мәжилиси болып өтти.

    Кеңес мәжилисин өткериўден тийкарғы мақсет - жергиликли өндирис кәрханаларын қорғаў ҳәм республикада жоқары қосымша қунлы санаат өнимлерин ислеп шығарыў көлемлерин арттырыўға қаратылған усынысларды көрип шығыў болып табылады.

    Мәжилис күн тәртибинде Кеңес ағзалары тәрепинен электротехника, аўыл хожалығы техникасы, металлургия, химия, азық-аўқат ҳәм аўыл хожалығы өнимлериниң импорты ушын бажыхана төлемлериниң ставкаларын ишки базардың барлық қатнасыўшыларына тәсирин есапқа алған ҳалда оптималластырыў имканиятлары ҳәр тәреплеме көрип шығылды.

    Жергиликли санаат кәрханаларын жедел раўажландырыў ҳәм өндирис көлемин арттырыў ушын шараят жаратыў мақсетинде оларды зәрүр комплектлеўши бөлеклер, шийки зат ҳәм материаллар менен тәмийинлеў процесинде саўда тәртип-қағыйдаларын әпиўайыластырыў бойынша да қарарлар қабыл етилди.

    Экспорт ҳәм сыртқы саўда жумысын әмелге асырыў ушын рухсатнамалар алыўға байланыслы машқалалы мәселелерди сапластырыў бойынша усыныслар ислеп шығыўға айрықша итибар қаратылды.

    Кеңес мәжилисиниң жуўмақлары бойынша күн тәртибине муўапық додаланған мәселелер шеңберинде әмелий усыныслар ислеп шығыў ҳәм зәрүр илажларды әмелге асырыў бойынша қарарлар қабыл етилди, деп хабар береди Инвестициялар, санаат ҳәм саўда министрлигиниң баспасөз хызмети.


    No date selected
    January 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates