Институт директоры, биология илимлериниң докторы, профессор Бахтиёр ХОЛМАТОВ пенен сәўбетимиз мәмлекет ҳәм регион ушын ең әҳмийетли зоологиялық, биоэкологиялық машқалалар ҳәм оларды шешиўге қаратылған илимий көзқараслар ҳаққында болды.

- Өзбекстан Илимлер академиясының Зоология институты мәмлекетимиз ҳайўанат дүньясы бойынша тийкарғы илимий орай болып есапланады, - дейди Б.Холматов. - Тек ғана ҳайўанлардың дизимин дүзиў емес, ал фаунаның жағдайын баҳалаў, қәўип дәрежесин анықлаў, мониторинг етиў де жумысымыздың тийкарғы бағдарларынан есапланады. Соннан келип шығып, мәмлекетлик фауна кадастрын дүзиў, биотопларды карталастырыў, фотоқақпанлар арқалы бақлаўлар, жолларда "қәўипли ноқат"ларды анықлаў ҳәм экологиялық жумсартыў илажлары (экоөткизгишлер, тезликти шеклеў) ҳәм индикатор түрлер мониторинги алып барылмақта.

Фаунамызды комплексли үйрениў, ҳайўанат дүньясы объектлериниң ҳәзирги жағдайын баҳалаў ҳәм олардан ақылға уғрас пайдаланыў бойынша илимий-әмелий усыныслар ислеп шығыў, жабайы ҳайўанлардың жойтылып кетиў қәўпи астында турған түрлери бойынша мәмлекетлик кадастр ҳәм Өзбекстан Қызыл китабын жүргизиў ўазыйпасы да бизиң мойнымызда. Бул жумыс тек ғана "қайсы түр қай жерде бар" емес, ал "қайсы аймақты сақлап қалсақ, пүткил экосистеманы сақлаймыз", деген стратегиялық сораўға жуўап бериўге жәрдем береди. Биокөптүрлилик мәмлекеттиң генетикалық резерви, экологиялық турақлылығы ҳәм азық-аўқат қәўипсизлиги болып есапланады. Егер фауна жоқ болса, оннан кейин өсимликлер, топырақ, экономика, мәденият жоқ болады. Сонлықтан, институтымыздың мақсети тәбият ҳәм инсан арасындағы тең салмақлылықты сақлаў да болып есапланады. Демек, келешек экосистеми ҳәр бир қустың сайраўынан, ҳәр бир сүт емизиўшиниң қәдем изинен, ҳәр бир тири организмниң генинен басланады.

- Биоҳәртүрлиликти сапластырыўда институттың илимий усыныслары ҳәм жойбарлары нелерден ибарат?

- Институт қәнигелери биокөптүрлиликти қорғаўға қаратылған миллий ҳүжжетлер, соның ишинде, Биологиялық көптүрлиликти сақлаў миллий стратегиясы (NBSAP), экологиялық бағдарламалар ҳәм халықаралық есабатларды ислеп шығыўда белсене қатнасады. Бул усыныслар қайсы түрлер үстин қорғаўға мүтәжлиги, қайсы аймақлар "экологиялық әҳмийетли зона" деп тән алыныўы ҳәм ресурслар қалай бөлистирилиўи керек екенлигин анықлаўда шешиўши роль атқарады.

Институттың тийкарғы ўазыйпаларынан және бири аз ушырасатуғын ҳәм жойтылып кетиў қәўпи астында турған түрлердиң жағдайын баҳалаў болып есапланады. Түрлердиң ареалы, популяция трендлери, қәўип факторлары ҳәм қорғаў илажлары бойынша берилген илимий тийкарланған жуўмақлар оларды Қызыл китапқа киргизиў, статусын өзгертиў ямаса қорғаў механизмлерин күшейтиўде мәмлекетлик уйымлар ушын норматив тийкар болады.

Соңғы жыллары институтымызда индикатор түрлер ҳәм экосистема өлшемлери тийкарында әҳмийетли экологиялық аймақларды (Key Biodiversity Areas, KBA) белгилеў бойынша жумыс алып барылмақта. Бул қатнас ресурсларды нәтийжели бағдарлаў, яғный бир аймақты қорғап, пүткил экосистеманы сақлап қалыў имканиятын береди.

Халықаралық бирге ислесиўшилер менен қар барысы ҳәм басқа да ҳайўан түрлери бойынша әмелий қорғаў бағдарламалары ислеп шығылды. Экология ҳәм климат өзгериўи миллий комитети менен биргеликте сийрек ушырасатуғын түрлер ҳәм қорғалатуғын аймақлар бойынша миллий геомәлимлеме базасы жаратылды. Бул система экологиялық экспертиза, аймақлық режелестириў ҳәм фаунаның мониторингинде қарар қабыл етиўди әпиўайыластырады.

Әмиўдәрья дельтасы, Судочье ҳәм басқа да батпақлы аймақларда өткерилген экспедициялар арқалы суў қуслары, герпетофауна ҳәм сүт емизиўшилер популяцияларының ҳәзирги жағдайы баҳаланды.

Амфибия ҳәм рептилиялар ушын биринши миллий KHA (Key Herpetological Areas) картасы ислеп шығылмақта. Бул герпетофаунаны қорғаўда Өзбекстандағы дәслепки системаластырылған қатнас болып есапланады.

Биокөптүрлиликти қорғаў тек ғана нызам ҳәм изертлеў менен емес, ал жәмийеттиң санасы менен де байланыслы процесс. Усы мақсетте бул бағдардағы жумыслар бираз жеделлести. Сондай-ақ, қәнигелеримиз тәрепинен Орайлық Қызылқум миллий тәбият бағы ушын аймақлық шегаралар, координаталар, тәбийғый ресурслар сыпатламасы ҳәм антропоген басымға ушырап атырған аймақлар, миграция жоллары, эндемик түрлердиң қоныў ҳәм көбейиў орынлары көрсетилген толық экологиялық тийкар ислеп шығылды.

Көп басқышлы кадастр ҳәм GIS таллаўлары әмелге асырылып, қорғаўға мүтәж аймақлардың анық картасы дүзилди, олардың биологиялық әҳмийети, бар қәўип-қәтерлер ҳәм тийкарғы қорғаў илажлары белгилеп алынды. Бул процессте 18 тематикалық геомәлимлеме қатламы, жүзлеген майдан бақлаўлары ҳәм тарийхый дәреклерден алынған онлаған мағлыўматлар бир системаға салынды.

Изертлеўлер, сондай-ақ, айырым аймақларда антропоген басым, атап айтқанда, хожалық жумысы, жол инфраструктурасы ҳәм климат факторлары күшейип атырғанын көрсетти. Сол себепли жаңа қорғаў аймақларын жаратыў тек ғана фаунаны емес, ал жергиликли тәбийғый ландшафтларды да сақлап қалыўда айрықша әҳмийетке ийе.

- Институтта исленип атырған изертлеўлер көбирек қайсы бағдарларды қамтып алмақта ҳәм әмелиятта қай дәрежеде қолланылмақта?

- Барлық фундаменталь изертлеў нәтийжелери аўыл хожалығы, ветеринария ҳәм қоршаған орталықты қорғаў тараўларына тиккелей енгизилмекте. Буларға мысал ретинде аўыл хожалығы егинлерине күшли зыян келтиретуғын ғөрек қуртына қарсы биологиялық препарат жаратылғанын келтириў мүмкин. Ғаўаша қурты ғаўаша ҳәм басқа аўыл хожалық егинлериниң зиянкеслери есапланады. Оларға қарсы жаратылған “HAVIR” биологиялық препаратының сынаўы Ташкент, Сырдәрья, Жиззақ ҳәм Ферғана ойпатлығы фермер хожалықларында өткерилди ҳәм нәтийжелилиги атап өтилди.

Бул биологиялық препараттың абзаллығы сонда, ғөрек қуртының санын экономикалық зыян келтириў шегарасынан артпайтуғын дәрежеде қадағалайды, яғный ҳәдден тыс көбейиўине жол қоймайды. Экологиялық жақтан таза. Тек ғана гөрек қуртына тәсир етеди. Пайдалы жәнликлер ҳәм ыссы қанлы ҳайўанлар ушын зыянсыз.

- Бүгин дүнья бойынша сийрек ушырасатуғын генлер, түрлер ҳәм экосистемалар үлкен жоғалыў қәўпи астында. Оларды сақлаў бойынша қандай илажлар көрилмекте?

- Атап өткенимиздей, биологиялық көптүрлилик экологиялық турақлылық, экономикалық қәўипсизлик ҳәм жәмийет саламатлығының тийкарғы факторы болып есапланады. Сол себепли, Өзбекстанда түрлерди сақлаў ҳәм мониторинг етиўге қаратылған бир қатар әҳмийетли басламалар әмелге асырылмақта. Қәнигелеримиз тәрепинен бухара кийик, сайғақ, тоғай қуслары, сыртлан сыяқлы түрлердиң ареалы ҳәм популяциясы турақлы үйренилип, Қызыл китап ушын эксперт жуўмақлары таярланбақта. Мониторинг нәтийжелерине бола, айырым түрлерде турақласыў тенденциясы бақланбақта.

Тоқай тоғайлары, Әмиўдәрья дельтасы, Қызылқум шөли ҳәм Нурата таў дизбеклери сыяқлы экосистемалар мәмлекет биокөптүрлилигиниң тийкарғы тиришилик артериялары болып есапланады. Бул аймақлардағы сийрек ушырасатуғын түрлердиң биотоп жағдайы баҳаланып, қорғалатуғын тәбият аймақларының шегараларын белгилеў ҳәм қорғаў режимин күшейтиў бойынша усыныслар берилмекте. Қар жолбарысы, бухара кийиги, суў қуслары ҳәм герпетофауна түрлериниң жағдайы ҳәм миграция бағдарлары анықланбақта. Алынған мағлыўматлар тийкарында усыныслар ислеп шығылмақта.

Институт ҳуқық қорғаў уйымлары менен биргеликте сийрек ушырасатуғын түрлерге қарсы жынаятлар бойынша эксперт жуўмақларын усынбақта. Әйне усы бағдардағы аналитикалық ҳәм әмелий жумыслардың нәтийжеси сыпатында институтымыз халықаралық көлемде тән алынып, “Clark R. Bavin Wildlife Law Enforcement Award” сыйлығы менен сыйлықланды.

- Бул қандай сыйлық?

- “Clark R. Bavin Wildlife Law Enforcement Award” дүнья тәбиятын қорғаў тараўындағы ең абырайлы сыйлықлардан бири болып есапланады. Сыйлық АҚШтың әпсаналық эколог-ҳуқықтаныўшысы Кларк Р. Бавин аты менен байланыслы. Ол нызамсыз ҳайўанлар саўдасы менен кескин гүрескен, отыз жыл даўамында браконьерликке қарсы алдынғы ҳуқықый механизмлерди жаратқан ҳәм глобал мониторингти жаңа басқышқа көтерген шахс. Сыйлық дүнья бойлап ең нәтийжели экологиялық ҳуқық қорғаўшы шөлкемлер ҳәм илимпазларға бериледи.

Сыйлықтың Зоология институтына жетип келиўи елимизде қоршаған орталық, тәбиятты қорғаў, илимий орайлар ҳәм белсенди экологлардың жумысы халықаралық майданда тән алынып атырғанынан дәрек береди.

- Климат өзгериўи ҳәм зоологияның өз-ара байланыслылығы ҳаққында айтып берсеңиз.

- Климат өзгериўи, ҳаўа патасланыўы ҳәм қурғақшылық шараятында қоршаған орталықтың турақлылығын тәмийинлеўде өсимлик қатламын тиклеў әҳмийетли факторлардан бири. Бирақ зоология көз-қарасынан қарағанда, ҳәр қандай түрдеги теректи егиў емес, ал жергиликли, тәбийий орталыққа сәйкес түрлер қолланылыўы жоқары нәтийже береди.

Жергиликли тереклер мың жыллар даўамында усы аймақтағы қуслар, шыбын-ширкейлер ҳәм майда сүт емизиўшилер менен бирге раўажланған. Сол себепли, олар жапырағы, ширеси, шаңы ҳәм дене бөлими арқалы түрли жанзатлар ушын турақлы азық ҳәм жасаў шараятын жаратады. Мәселен, жергиликли тереклерде шыбын-ширкейлер түр тәрепинен көбирек болады, бул болса қуслар ҳәм басқа майда ҳайўанлар популяциясының үзликсизлигине хызмет етеди. Усы жол менен биологиялық шынжыр тәмийинленеди. Жат, интродуцент тереклер бундай тәбийий байланысқа ийе емес. Оларда шыбын-ширкейлер аз болыўы, топырақ қәсийетлерин өзгертиўи яки жергиликли өсимликлерди қысып шығарыўы мүмкин. Бул жағдай фаунаның азайыўына, тәбийий орталықтың бир қыйлылығына ҳәм экосистеманың улыўма ҳәлсиреўине алып келеди. Усы мәнисте климат өзгериўине қарсы гүресиўде жергиликли түрлерди егиў тек ғана ҳаўа сапасын жақсылап қоймастан, ал тәбийғый биологиялық турмысты тиклейди, жанлылар арасындағы азықлық шынжырын беккемлейди ҳәм экосистеманың турақлылығын тәмийинлейди. Дурыс таңланған бир түп жергиликли терек келеси он жыллар даўамында көплеген қуслар, жәнликлер ҳәм майда ҳайўанлардың турмысына тийкар болады. Соның ушын улыўма көзқарас орнына тәбият талап ететуғын ақылға муўапық жол жергиликли, климатқа шыдамлы ҳәм жанзатлар менен байланыслы түрлерди егиў болып табылады.

"Янги Ўзбекистон" хабаршысы

Рисолат МАДИЕВА сәўбетлести.