Жергиликли ҳәм сырт елли тәжирийбели қәнигелер менен сөйлесиўлер өткерди. Соның менен бирге, тренерлер кеңеси тәрепинен усынылған усыныслар да толық көрип шығылды.
Жәҳән чемпионаты сайлап алыўының шешиўши ойынларына аз ўақыт қалғанын есапқа алып, команда ҳәм футболшылар менен жақыннан таныс болған, узақ жыллар даўамында миллий сайланды командамызда ойнаған ҳәм бас тренер ҳәм жәрдемши тренер сыпатында жумыс ислеген, сондай-ақ, Өзбекстан Олимпиада сайланды командасы менен тарийхый нәтийжеге ерискен Темур Кападзе кандидатурасы алға қойылды. Ҳәзирги жүзеге келген жағдайда УФА әйне Кападзениң тренерлик таланты, жуўапкершилиги, команда ағзалары арасындағы абырайы, қалаберсе, бәрқулла жоқары мақсетке умтылыў сыяқлы тәреплери арқалы әҳмийетли ушырасыўларда унамлы нәтийже көрсететуғынына исенеди.
Ҳәзирги күнлерде Өзбекстан миллий сайланды командасы Қатарда жыйын өткермекте. Тимур Кападзе усы жыйынға қосылып, команда басқарыўын қолға алады.