Кейинги төрт жылда миллий стандартлардың ярымы халықаралық талаплар менен толық муўапықластырылды. Мәмлекетимиздиң аккредитация системасы 185 мәмлекет арасында 29-орынды ийеледи. Миллий лабораториялардың нәтийжелери 37 мәмлекет, соның ишинде, Германия, Корея ҳәм Япония тәрепинен тән алына баслады.

Соның менен бирге, қәўиплилик дәрежеси жоқары 156 товар позициясын мәмлекетлик дизимнен өткериў мәжбүрийлиги бийкар етилди. Мәжбүрий сертификатланатуғын товарлардың саны 27 процентке қысқарды.

буның есабынан тараўда әдалатлы бәсеки орталығы қәлиплесип, бюрократия азайғанын исбилерменлердиң өзи де тән алмақта.

Соның менен бирге, тараўда еле шешилмеген мәселелер көп екенлиги атап өтилди. Жәҳән саўда шөлкемине қосылыў процесинде, бәринен бурын, техникалық жақтан тәртипке салыў системасы халықаралық талапларға толық жуўап бериўи керек екенлиги атап өтилди.

Өнимлерди баҳалаўда кәрханалардың жумысын тексериў әмелияты исбилерменлердиң наразылығына себеп болып атырғаны көрсетип өтилди. Әмелдеги тәртипке бола, өним талапқа жуўап бермейтуғын деп табылғанда оның айланысы емес, ал усы өнимди ислеп шығарып атырған исбилерменниң жумысы шекленеди.

Раўажланған мәмлекетлерде қәўип-қәтерди таллаўға тийкарланған базар қадағалаўы системасы енгизилген. Бундай моделде ислеп шығарыўшы өнимниң муўапықлығын мәлим етип, толық жуўапкершиликти өз мойнына алады, сапа ҳәм қәўипсизликке кепиллик береди.

Бул бағдарда мәмлекетимизде мәмлекетлик қадағалаўдан басқышпа-басқыш ўаз кешип, базар қадағалаўы механизмлерине өтиў режелестирилмекте. Буның ушын "Базар қадағалаўы ҳаққында"ғы айрықша нызам жойбары таярланған.

Ескирген стандартлар ҳәм нәтийжесиз техникалық регламентлерден ўаз кешип, толық халықаралық стандартларға өтиў зәрүр екенлиги атап өтилди. Ҳәзирги күнде 33 мыңнан аслам стандартлар бар болып, олардың 50 проценти ескирген ямаса халықаралық талапларға жуўап бермейди.

Бул бағдарда 6 техникалық регламент бийкар етилиўи, 29 ы болса қайта көрип шығылыўы режелестирилген. Усы жылы 4 мың 460, келеси жылы 2,5 мыңнан аслам, 2028-жылы 817 халықаралық стандартты қабыл етиў режелестирилген.

2026-жыл 1-июльден тоқымашылық, былғары, мебель, электротехника, автомобиль қурылысы ҳәм мәлимлеме технологиялары, 2027-жылдан нефть-газ, металлургия, транспорт, қурылыс материаллары ҳәм медицина буйымлары, 2028-жылдан энергетика, химия, экология ҳәм сервис тараўларында ислеп шығарыў ҳәм хызмет көрсетиўге халықаралық стандартларды толық енгизиў режелери ҳаққында мәлимлеме берилди.

Сертификациялаў процесин және де әпиўайыластырыў зәрүрлиги атап өтилди. Ҳәзирги қурамалы система өзине түсер баҳаның тийкарсыз өсиўине алып келип атырғаны, бюрократия ҳәм коррупцияға жол қойып атырғаны көрсетип өтилди. Риск-анализ тийкарында баҳалаў системасын енгизиў, қалған товарлар бойынша да мәжбүрий сертификатлаўды бийкарлап, декларациялаўға басқышпа-басқыш өтиў усынысы билдирилди.

Улыўма етип айтқанда, "Өнимлердиң улыўма қәўипсизлиги ҳаққында"ғы нызамды қабыл етиў мақсетке муўапық.

Тараўда институционал өзгерислер әмелге асырылады. "УзТест" орайын сапластырыў ҳәм Аккредитациялаў орайын Министрлер Кабинетине бойсындырыў есабынан Техникалық жақтан тәртипке салыў агентлиги структурасындағы шөлкемлердиң санын бесеўден үшеўге қысқартыў бойынша қарар қабыл етилди.

Тест сынақлары ҳәм сертификатлаў хызметлерин толық жеке меншик секторға өткериў усыныс етилди. Бүгинги күнде жеке меншик секторда барлық тараўларды қамтып алған 207 сынаў лабораториясы ҳәм 73 сертификатлаў мәкемеси жумыс алып бармақта. Саламат бәсеки орталығын қәлиплестириў мақсетинде “Intertek” (Англия), “SGS” (Швеция), “Bureau Veritas” (Франция), “TÜV” (Германия) сыяқлы жетекши халықаралық компанияларды тартыў режелестирилген.

Презентацияда “СUz” миллий муўапықлық белгисин енгизиў, аккредитация уйымларының еркинлигин тәмийинлеў, сынаў лабораторияларының жумысын санластырыў, метрология системасын реформалаў ҳәм эталонлар базасын кеңейтиў мәселелери көрип шығылды.

Мәмлекетимиз басшысы усыныс етилген баслама ҳәм жойбарлар бойынша исбилерменлердиң пикир-усынысларын тыңлап, жуўапкерлерге жаңа системаны енгизиў бойынша анық тапсырмалар берди.