Соның ишинде, соңғы жылларда билимлендириў ҳәм илим тараўын түп-тийкарынан өзгертиў нәтийжесинде мектепке шекемги билимлендириўге қамтып алыў 27 проценттен 78 процентке артты, жасларымыздың жоқары билимлендириў менен қамтып алыныўы болса 9 проценттен 42 процентке жетти. Ең тийкарғысы, муғаллим ҳәм устазларға итибар күшейди. Ҳүрмет артты. Бул тәреплер Президентимиздиң БМШ Бас Ассамблеясы 80-сессиясындағы шығып сөйлеген сөзинде де орын алды. Итибарлысы, бул арқалы соңғы жылларда мәмлекетимиз билимлендириў системасындағы өзгерислер халықаралық жәмийетшиликтиң итибарына усынылды.

Мәмлекетимиз басшысының дүнья көлеминде абырайлы халықаралық шөлкемлер минберинде турып шығып сөйлеген сөзлери ҳәм алға қойған усыныслары, басламаларында сыртқы сиясат, регионаллық қәўипсизлик сыяқлы мәселелер менен бир қатарда билимлендириў, ағартыўшылық, жаслардың келешеги, улыўма раўажланыў ҳәм турақлы раўажланыўға байланыслы әҳмийетли мәселелерге де айрықша итибар қаратылмақта. Атап айтқанда, мәмлекетимиз басшысы БМШ Бас Ассамблеясының 2017-жылғы 72-сессиясында адамлар, биринши гезекте, жаслардың санасын ағартыўшылық тийкарында қәлиплестириў ҳәм тәрбиялаў ең әҳмийетли ўазыйпа болыўы керек екенлиги, бул бағдарда БМШ Бас Ассамблеясының "Ағартыўшылық ҳәм диний кеңпейиллик" атамасындағы арнаўлы резолюциясын қабыл етиў усынысын алға қойған еди. 2018-жыл декабрьде бул баслама әмелге асырылды. БМШтың тийисли резолюциясы қабыл етилип, бул бағдарда дүнья көлеминде кең көлемли жумыслар әмелге асырылып келинбекте.

Президентимиздиң БМШтағы 2021-жылғы шығып сөйлеген сөзинде глобал ҳәрекетлерге жасларды тартыў бойынша Пүткил жер жүзилик конференцияның елимизде табыслы өткерилгени, бул бағдардағы исенимли ҳәрекетлерди избе-из даўам еттириў мақсетинде Өзбекстан тәрепи Самарқанд қаласында Глобал билимлендириў форумын шөлкемлестириўге таяр екенин мәлим еткен еди. Кейинги жылдың декабрь айында бул форум табыслы өткерилди ҳәм қатнасыўшыларға Өзбекстанның билимлендириў бойынша усыныс ҳәм басламалары тек ғана декларациялық характерге ийе емес, ал әмелий ҳәрекетлер менен үнлес екени көрсетилди.

БМШ Бас Ассамблеясының 2023-жылғы 78-сессиясында болса инсан капиталын раўажландырыў ҳәм креатив жас әўладты тәрбиялаў Өзбекстан өз алдына қойған стратегиялық ўазыйпалардан бири екенине итибар қаратылды. Сондай-ақ, ҳәмме ушын ашық ҳәм сапалы билимлендириўге кәмбағаллықты сапластырыў, халықтың абаданлығын арттырыў, турақлы экономикалық өсиўге ерисиўдиң ең нәтийжели факторы сыпатында айрықша итибар қаратылды.

Президентимиз БМШ Бас Ассамблеясының усы жылғы саммитиндеги шығып сөйлеген сөзинде де билимлендириў ҳәм ағартыўшылық, жаслар тәрбиясы мәселелери ҳаққында және сөз етти. Соның менен бирге, мәмлекетимизде ислам ағартыўшылығы идеяларын терең үйрениў ҳәм дүньяға үгит-нәсиятлаў бағдарындағы барлық ҳәрекетлер жедел даўам еттирилетуғынын атап өтти. Жақын ўақытларда Ташкентте Ислам цивилизациясы орайының ашылатуғыны ҳаққында мағлыўмат берилди.

Пүткил регионымызда бийбаҳа болған бул орын тек ғана мәмлекетимиз ҳәм регион жаслары емес, ал ислам дининиң бай руўхый-ағартыўшылық мийрасын үйрениўге бел байлаған, ислам арқаўларының тийкарғы мазмун-мәнисин аңлаў тилегинде болған барлық ағартыўшылардың илимий дәргайына айланыўы сөзсиз.

Өзбекстан тәрепинен уллы бабаларымыз - ойшыл алымлар Имам Бухарий, Имам Термизий, Имам Мотуридийдиң бай руўхый ҳәм илимий мийрасына бағышланған айрықша презентация да БМШта өткерилетуғыны мәлим етилди. Бул ислам дининдеги кеңпейиллик, тынышлық ҳәм жақсылық, ағартыўшылық идеяларының көриниси болады.

Мәмлекетимиз басшысының БМШ Бас Ассамблеясы 80-сессиясындағы шығып сөйлеген сөзи менен танысып, онда билимлендириў тараўына айрықша итибар қаратылғанының өзине тән себеп ҳәм факторларын көрсетиўди орынлы деп билдик.

Бириншиден, билимлендириў ҳәм ағартыўшылық мәселелери мәмлекетимиз басшысы тәрепинен БМШ Бас Ассамблеясының буннан 8 жыл алдынғы саммитинде де көтерилип, усы баслама тийкарында айрықша резолюция қабыл етилген еди. Буннан баслама ҳәм идеялар кейинги жыллардағы шығып сөйлеўлерде де өз көринисин тапты. Демек, Өзбекстан Президентиниң билимлендириў ҳәм ағартыўшылықтың раўажланыўы бағдарында абырайлы халықаралық минберлерде турып алға қойып атырған басламалары системалы, избе-из ҳәм глобал әҳмийетке ийе екенлиги менен ажыралып турады.

Екиншиден, мәмлекетимиз басшысының билимлендириў ҳәм ағартыўшылыққа байланыслы басламалары БМШтың 2015-2030-жылларға мөлшерленген Турақлы раўажланыў мақсетлерине де сәйкес. 17 мақсетти қамтып алған бул глобал бағдарламаның бир неше бағдарлары тиккелей ҳәм тиккелей емес билимлендириў, ағартыўшылық мәселелерине тийисли.

Үшиншиден, билимлендириў тараўына итибар бүгин БМШ ҳәм структуралық шөлкемлериниң жумысында да тийкарғы әҳмийетке ийе. Ҳәттеки БМШ Бас хаткери Антониу Гутерриш быйыл мартта алға қойған "БМШ - 80" басламаларында да билимлендириў ҳәм изертлеў мәселелерине айрықша итибар қаратылған. Соның ишинде, "БМШ - 80" басламалары сыпатында белгилеп алынған 7 тийкарғы бағдардағы мәселелердиң алтыншысы әйне инклюзив билимлендириўге ерисиў, заманагөй илимий-әмелий изертлеўлер алып барыўды жоқары басқышқа көтериўге бағышланған.

Улыўма алғанда, мәмлекетимиз басшысының дүньядағы ең абырайлы халықаралық ҳәм универсал шөлкем болған БМШ минберинде турып билдирген пикирлери ҳәм алға қойған усыныс-басламалары глобаллық өзгешеликке ийе. Олар тек ғана айрықша мәмлекет ямаса регион емес, ал жәҳән әҳмийетине ийе мәселелерди қамтып алған.

Биринши ҳәм Екинши Ренессанс дәўиринде топланған бай тәжирийбе, сондай-ақ, жадид бабаларымыздың көзқараслары менен үнлес және инновациялық қатнаслар тийкарында қәлиплескен бүгинги билимлендириў системамызды заманагөй оқытыўдың жаңаша модели сыпатында атап өтиў орынлы. Жақын келешекте жаңа Өзбекстанда қәлиплескен заманагөй билимлендириў моделине қызығыўшылардың көбейиўи таң қаларлық емес. Ол халықаралық дәрежеде енгизиле баслайды ҳәм халықаралық көлемдеги жоқары тән алыўларға ериседи.

Рустам РАШИДОВ,

Социаллық-руўхый изертлеўлер институты бөлим баслығы