Тыныш балалық кепиллиги

    Балалар - келешек даўамшылары. Оларды қалай тәрбияласак, келешегиде соған сәйкес болады. Бирақ оларға болған мүнәсибеттиң өз тәртиби бар, яғный ҳәмме өз билгенинше ис жүритпеўи керек.

    Президентимиз Олий Мажлис Нызамшылық палатасының биринши мәжилисинде жәмийетимизде балаларға қарсы қысым ҳәм зорлық жағдайлары ушырасып атырғаны, мәдениятымызға тән болмаған бундай иллетлерге қарсы қатнаста болыўымыз ҳәм аяўсыз гүресиўимиз шәрт екенлигин атап өтти.

    Усы жылы 14-ноябрьде "Балаларды зорлықтың барлық түрлеринен қорғаў ҳаққында"ғы нызамға қол қойылды. Бул нызамда балаларға байланыслы зорлық түсинигиниң жаңа түрлери - ғамхорлық көрсетпеў, эксплуатация, буллинг сыяқлылар да атап өтилген. Нызам қабыл етилгенинен 6 ай өткеннен соң, яғный 2025-жыл 15-майдан күшке киреди.

    Хош, бул нызамның қабыл етилиўине жәмийетимизде зәрүрлик бар ма еди? Дерлик ҳәр күни социаллық тармақлар арқалы балаларға зорлық жағдайларының жүз берип атырғанына гүўа боламыз. Бул, әсиресе, шаңарақ орталығында, мектепте, көшеде, ҳәттеки мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлеринде де жүз берип атырғанын көрип, адамның кеўли ашынады.

    Бираз ўақытқа сырт елге жумыс ислеўге кеткен өмирлик жолдасынан "өш алыў" мақсетинде перзентлерине зорлық ислеп атырған ана сүўретленген видео көринис социаллық тармақлардың өзбек сегментин ләрзеге салған еди. Қызығы, бул тартыста пайдаланыўшылар еки тәрепке бөлинген. Биринши тәреп ҳәр қандай жағдайда да балаларға бундай зорлық ислеў мүмкин емес, деген болса, екинши тәрепи ҳаялдың қылмысын ақлап, бул жағдайда тийкарғы айыпкер әке, деген жуўмақ шығармақта. Әлбетте, екинши тәрептиң дүняьқарасы итибарды тартады. Қызығы, олардың дерлик барлығы биз бенен бирге жәмийетте, қасымызда жасап атырған адамлар.

    Жаңа редакциядағы Конституцияның 77-статьясында ата-аналар ҳәм олардың орнын басатуғын шахслар өз перзентлерин ер жеткенге шекем бағыўы, олардың тәрбиясы, билим алыўы, саламат, толық ҳәм ҳәр тәреплеме камалға келиўи ҳаққында ғамхорлық етиўи мәжбүр екенлиги белгилеп берилген. Жоқарыда атап өткенимиз екинши тәреп болса бул жағдайда бас нызамымызда белгиленген ҳуқықларға бийпәрўа қарап атырғаны анықланады. Балаларды қыйнаў, руўхыятына унамсыз тәсир етиўге ҳеш кимниң ҳақысы жоқ. Ата-ана арасындағы келиспеўшилик себепли балалардың жәбирлениўи пүткиллей әдалатсызлық.

    Көплеген шаңарақларда ерли-зайыплылар арасында ҳәр қыйлы келиспеўшиликлер ушырасады. Бул болса мине усындай шаңарақларда балалар да усындай орталықта өсип атырғанын билдиреди. Жағдай ҳаққында жәмийетшилик ҳәм тийисли уйымлар ҳәр қашан да хабардар болмайтуғынын тән алыўымыз керек. Жаңа нызам менен болса тек ғана зорлықтан жәбир көрген балаларды қорғаў емес, ал зорлық қәўпи астындағы ул-қызларды анықлаў ҳәм оларға қарсы зорлық қәўпин сапластырыў системасы жолға қойылмақта.

    Сондай-ақ, жәбирленген балаларға қорғаў ордерин бериў тәртиби енгизилмекте. Оған бола, қорғаў ордери ишки ислер уйымлары тәрепинен бериледи ҳәм зорлықтан жәбирленгенге ямаса оның нызамлы ўәкилине ўәкилликли мәмлекетлик уйымның қатнасында тапсырылады. Қорғаў ордери 30 күнге шекемги мүддетке бериледи ҳәм рәсмийлестирилген ўақыттан баслап күшке киреди.

    Қаншелли жәрдем берилмесин, тәбиятынан ҳәр бир бала өз шаңарағында өсип-өсиўди қәлейди. Бул инсанның тәбиятына тән нәрсе. Сол себепли инсан, әсиресе, балалар әтирапындағы машқалалар тезирек шешилиўин қәлейди. Мәмлекет ҳәм жәмийеттиң араласыўы менен баланың ҳуқықлары ҳәм қәўипсизлиги тәмийинлениўи мүмкин, бирақ ата-бабаларымыздың сөзи менен айтқанда, ҳеш бир бала "тири жетим" болыўды қәлемейди. Халқымыздың тәбиятына сәйкес усындай тилеклерге нызамда итибар қаратылған. Жаңа нызамның 37-статьясында зорлықтан жәбирленген балалардың ҳәм өзине қарсы зорлық ислеў жүз бериў қәўпи астында болған балалардың мәплерин тәмийинлеў мақсетинде олардың шаңарақ ағзаларына шаңарақларды беккемлеў ҳәм қоллап-қуўатлаў, соның ишинде, баланың өмири ямаса денсаўлығына тиккелей қәўип туўдыратуғын факторларды сапластырыў бойынша хызметлер көрсетилиўи белгиленген. Бул, усы нызамның ең тийкарғы тәреплериниң бири. Көп шаңарақларда турақлылықтың бузылыўына экономикалық жетиспеўшиликлер себеп болады. Бул болса ата-аналар тәрепинен балалардың тәрбиясына бийпәрўалық, оларды жасына сай келмейтуғын жумысларға мәжбүрлеў жағдайларының жүз бериўине себеп болыўы мүмкин. Бул нызам менен болса балаларға қарсы зорлық ислеўге тиккелей тәсир көрсеткен экономикалық қыйыншылықларды сапластырыў мақсетинде жумыс излеп атырған шахсларға ҳәм жумыссыз шахсларға хызметлер көрсетиў, соның ишинде, исбилерменликке тартыў, кәсипке таярлаў ҳәм басқа да илажлар көриў арқалы шаңарақлардың финанслық турақлылығын тәмийинлеўге жәрдемлесиў белгиленбекте.

    Балаларға болған зорлықлар мектеп ҳәм мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлеринде де бақланып атырғанының тез-тез гүўасы болмақтамыз. Қандай да бир муғаллим оқыўшысын урған, кейин оның ата-анасы келип муғаллим менен урысқан - бундай ўақыялар әдетке айланып кеткендей. Жаңа нызамда бундай жағдайларға ҳуқықый баҳа берилди. Яғный нызам менен билимлендириў мәкемелеринде тәртип жаза шаралары сыпатында зорлықтың ҳәр қандай түрин, соның ишинде, физикалық жазалар және басқа аяўсыз ямаса қәдир-қымбатын кемситетуғын қатнас ҳәм жаза түрлерин қолланыўға жол қойылмайды.

    Ҳақыйқатында да, усы тәрепи бүгин жәмийетимиз ушын зәрүр ҳуқықый тийкар болды. Себеби, оқыўшыларды урыў, кемситиў жағдайлары инсан ҳуқықларына пүткиллей қарсы екени менен бирге айырым муғаллимлер ҳәм тәрбияшылардың балаларға жүз берген зорлықлары көрсетилген видеороликлер ўатанласларымыздың кескин наразылықларына себеп болып, билимлендириў имиджине унамсыз тәсир етип атырған еди.

    "Балаларды зорлық етиўдиң барлық түрлеринен қорғаў ҳаққында"ғы нызам елимиздеги барлық баланың өзине тән қорғаўшысы болып хызмет етиўи менен әҳмийетли. Ҳәр бир пуқара оны ҳәр тәреплеме үйренип, дүнья қарасын қайта таллап шығыў мақсетке муўапық болар еди.

    Жонибек АЛИЖОНОВ,

    “Янги Ўзбекистон” хабаршысы