Транспорт министрлигиниң хабар бериўинше, усы жылдың 30-майынан баслап "Silk Avia" авиакомпаниясы Ташкент - Сариосиё - Ташкент жөнелиси бойынша турақлы авиақатнаўларды әмелге асырыўды баслайды.

Бул болса мәмлекеттиң қубла аймақлары менен турақлы ҳаўа байланысын тәмийинлеў имканиятын береди.

Пәрўазлар ҳәптесине еки мәрте - сәршемби ҳәм жума күнлери әмелге асырылады.