"Дунё" МАның хабар бериўинше, "Пусан-Ташкент" жөнелиси бойынша дәслепки пәрўаз алдынан аэропортта усы ҳаўа қатнаўының салтанатлы ашылыў мәресими болып өткен. Бул ашылыў мәресиминде Кимхе халықаралық аэропорты ҳәм "Qanot Sharq" авиакомпаниясының ўәкиллери рәмзий қызыл лентаны кесип, 285 жолаўшыға мөлшерленген биринши рейске дизимнен өтиў процесин баслап берген.
"Qanot Sharq" авиакомпаниясы Ташкент ҳәм Пусан арасында турақлы қатнаўларды жолға қойып, пәрўазлар қолайлы А-330 самолётларында ҳәптесине еки мәрте - сәршемби ҳәм пийшемби күнлери әмелге асырылыўы режелестирилген.
Пусанлы жолаўшылар алдын Ташкенттен Сеулге ушып келиўи, кейин болса және төрт саатлық жол басып Пусанға жетип барыўы керек болған. Енди туўрыдан-туўры Пусан қаласына пәрўаз етиў имканияты жаратылды, - делинеди хабарда.
Мағлыўмат ушын, ҳәзирги күнде "Qanot Sharq" авиакомпаниясы Ташкент-Сеул-Ташкент жөнелиси бойынша ҳәптесине үш мәрте турақлы пәрўазларды әмелге асырып келмекте.