Бүгин Рейн-Рур қаласында (Германия) болып өткен Пүткилжәҳән жазғы "Универсиада" ойынларында мүнәсип қатнасқан Өзбекстан командасы елимизге қайтып келди.
Спортшыларымызды Ташкент халықаралық аэропортында Өзбекстан Республикасы Президентиниң спорт бойынша ўәкили Одил Абдураҳмонов, Спорт министрлиги, Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министрлиги ҳәм Миллий олимпиада комитетиниң басшылары, кең жәмийетшилик ҳәм ҒХҚ ўәкиллериниң қатнасыўында салтанатлы түрде күтип алды.
Мәресимде шығып сөйлеген спортшыларымыз ерискен нәтийжелер мәмлекетимиз ғәрезсизлигиниң отыз төрт жыллық байрамына мүнәсип саўға болғанын, елимизде мәмлекетимиз басшысы тәрепинен спортты раўажландырыўға қаратылған итибар өз нәтийжесин берип атырғанын мақтаныш пенен атап өтти.
Мағлыўмат ушын, усы жылдың 16-27-июль күнлери Рейн-Рур қаласында (Германия) Пүткил жер жүзилик жазғы "Универсиада" ойынлары өткерилди.
Бул Пүткилжәҳән жазғы "Универсиада" ойынларында дүньяның 113 мәмлекетинен 18 спорт түри бойынша 5 100 ден аслам студент спортшылар 234 топлам медальлар ушын гүрес алып барды. Өзбекстан спорт делегациясы бул жарыста 11 спорт түри (ақ жайдан атыў, спорт гимнастикасы, жеңил атлетика, суўға секириў, дзюдо, көркем гимнастика, ескек есиў, жүзиў, стол тенниси, таэквондо ВТ ҳәм теннис) бойынша 18 жоқары билимлендириў мәкемелеринде билим алып атырған 53 спортшыдан ибарат қурам менен қатнасты.
Өзбекстан спорт делегациясы жарыс жуўмақларына бола, Өзбекстан Универсиадалар тарийхындағы ең жақсы нәтийжесин атап өтти, 5 спорт түри (жүзиў, көркем гимнастика, жеңил атлетика, таэквондо ВТ, дзюдо) бойынша 4 алтын, 4 гүмис ҳәм 7 бронза, жәми 15 медаль қолға киргизилди.
Усы нәтийже менен Өзбекстан спорт делегациясы улыўма командалық есапта 13-орынды, Орайлық Азия мәмлекетлери арасында 1-орынды ийеледи (Япония 1-орын, Қытай 2-орын, АҚШ 3-орын, Корея 4-орын, Италия 5-орын, Әзербайжан 24-орын, Қазақстан 37-орын, Қырғызстан 38-орын).
Сондай-ақ, Универсиадалар тарийхында биринши мәрте жүзиў, көркем гимнастика ҳәм жеңил атлетика спорт түрлеринен медальлар қолға киргизилди.





