баннер
16 Apr 2025
21:12

    Ташкентте суў дипломатиясы бойынша халықаралық илимий-әмелий конференция болып өтеди

    Усы жылдың 10-апрель күни Ташкентте "Орайлық Азияда суў дипломатиясы: турақлы раўажланыў жолында исеним, қарым-қатнас ҳәм көп тәреплеме бирге ислесиў" атамасында халықаралық илимий-әмелий конференция болып өтеди.

    "Дунё" МАның хабар бериўинше, илаж Өзбекстан Президенти жанындағы Стратегиялық ҳәм регионлараралық изертлеўлер институты, Өзбекстан Суў хожалығы министрлиги ҳәм "ТИҚХММИ" Миллий изертлеў университети және Фридрих Эберт атындағы қор, Суў ресурсларын басқарыў халықаралық институты, Швейцария раўажланыў ҳәм бирге ислесиў агентлиги, Германия халықаралық бирге ислесиў жәмийетиниң жәрдеминде шөлкемлестирилмекте.

    Бул сийрек ушырасатуғын платформа 10 нан аслам мәмлекеттен 100 ден аслам қатнасыўшыларды бирлестиреди ҳәм биринши мәрте Арал теңизи бассейнине тутас мәмлекетлер, соның ишинде, Орайлық Азия, Аўғанстан стратегиялық институтлары, суў хожалығы уйымларының экспертлерин және Азия, Европа, ҒМДА мәмлекетлериниң қәнигелерин бир жерге жәмлейди.

    Әнжуманда Өзбекстандағы дипломатиялық ўәкилханалардың ўәкиллери, 15 ке шамалас халықаралық ҳәм регионаллық шөлкемлердиң делегациялары, соның ишинде, БМШтың Орайлық Азия ушын превентив дипломатия бойынша регионаллық орайы, БМШтың Аўғанстанға жәрдем көрсетиў бойынша миссиясын, Орайлық Азия регионаллық экологиялық орайы, Мәмлекетлераралық суў хожалығы муўапықластырыў комиссиясының илимий-мәлимлеме орайы, Аралды қутқарыў халықаралық қоры ҳәм басқалар қатнасады.

    Кейинги жылларда Орайлық Азияда суў тараўындағы бирге ислесиўди раўажландырыўдың нәтийжели моделин алға қойыўдың ең әҳмийетли қуралына айланып атырған суў дипломатиясы илаж қатнасыўшыларының дыққат орайында болады. Усы мүнәсибет пенен бул бирге ислесиў бағдарын кеңейтиў бойынша бир қатар усынысларды ислеп шығыў мақсетинде қызықлы пикирлесиўлер ҳәм нәтийжели пикир алысыўлар болып өтиўи күтилмекте.

    Конференция Орайлық Азия мәмлекетлериниң суў дипломатиясының концептуаллық тийкарларын ислеп шығыўға әҳмийетли үлес қосып, регион мәмлекетлериниң халықаралық суў бирге ислесиўи күн тәртибин қәлиплестириўдеги белсенди қатнасыўшы сыпатындағы абырайын беккемлейди.

    Форум "ТИҚХММИ" Миллий изертлеў университетиниң 90 жыллығын белгилеў шеңберинде өткериледи. Онда дүньяның 20 дан аслам мәмлекетинен келген 300 ге шамалас жергиликли ҳәм сырт ел илимпазлары қатнасады.

    Телеграм каналымыз
    Text to speech