"Дунё" МАның хабар бериўинше, бул жөнелис арқалы Өзбекстан ҳәм Қытайдың еки ири, стратегиялық әҳмийетке ийе қалалары - Ташкент ҳәм Шанхай турақлы авиақатнаў менен байланысты. Авиақатнаўлар ҳәптесине еки мәрте - дүйшемби ҳәм пийшемби күнлери әмелге асырылады.
Ташкент ҳәм Шанхай арасында тиккелей ҳаўа қатнаўының жолға қойылыўы Өзбекстан ҳәм Қытай арасындағы саўда-экономикалық бирге ислесиўди кеңейтиў, еки тәреплеме инвестицияларды хошаметлеў, туризм ҳәм мәдений алмасыў потенциалын арттырыў ушын жаңа перспективалы имканиятларды жаратады. Соның менен бирге, бул бағдар логистика процесслерин әпиўайыластырып, еки мәмлекет исбилермен топарлары арасында тиккелей товар алмасыўды жеделлестириў, жоқары қунлы ҳәм тез жеткерилиўи зәрүр болған жүклер айланысқа кирмейди.
Жаңа рейс арқалы Өзбекстан пуқаралары ушын Қытайдың экономикалық орайы - Шанхайға тез ҳәм қолайлы саяхат етиў имканияты пайда болды. Сондай-ақ, қытайлы туристлер ушын Өзбекстанның бай тарийхый ҳәм мәдений мийрас естеликлерине саяхат етиў ушын қолайлы дәрўаза ашылады. Бул болса өз-ара туристлик ағымды сезилерли дәрежеде арттырыўға хызмет етеди.
Буннан тысқары, тиккелей ҳаўа қатнаўы еки мәмлекет арасындағы мәдений ҳәм билимлендириў байланысларын жеделлестириў, халықаралық фестиваллар, көргизбелер, студентлер ҳәм қәнигелер алмасыўы бағдарламаларын әмелге асырыў ушын қосымша тийкар жаратады.
Бул әҳмийетли баслама Өзбекстан Президенти Шавкат Мирзиёев ҳәм Қытай Баслығы Си Цзиньпин арасында жоқары дәрежеде ерисилген келисимлердиң әмелий орынланыўы болды.









