Президент Шавкат Мирзиёев 26-ноябрь күни темир жол ҳәм авиация тараўындағы мәмлекетлик компанияларда трансформация процесслериниң барысы бойынша презентация менен танысты.
Экономикалық нәтийжелилик және адамларға қолайлық көз-қарасынан бул тараўда үлкен өзгерислер исленбекте. "Өзбекстан темир жоллары" акционерлик жәмийети қурамында 6 ғәрезсиз кәрхана шөлкемлестирилди. 1 мың 200 жаңа жүк вагоны алынды, ишки жөнелисте жүк тасыў ўақты 2 есеге азайды.
Санластырыў нәтийжесинде вагонға буйыртпа бериў 7 басқыштан 3 басқышқа, оған кететуғын ўақыт 72 сааттан 12 саатқа қысқарды. Ташкент әтирапында поездларды өткериў имканияты
30 процентке артты. Бурын зыян менен ислеген акционерлик жәмийети усы жылы 30 миллиард сум пайдаға шықпақта.
Авиция тараўындағы компанияларда да өсиў бар. " Uzbekistan Airways " системасында авиақатнаўлар 25 процентке көбейди. Жергиликли жөнелислерде самолётлардың саны 8 ге жетип,
ишки қатнаўлар 2,5 есеге өсти. Орайлық Азиядағы халықаралық тасыўларда миллий авиакомпаниямыздың үлеси 20 процентке жетти. Жыллық жолаўшы тасыў көрсеткиши 6 миллионнан
артыўы күтилмекте.
" Uzbekistan Airports " самолётлар, жүк ҳәм жолаўшыларға хызмет көрсетпекте. Аэропортларды басқарыўға жеке меншик сектордың тартылғаны нәтийже бермекте. Дүньядағы 44 авиакомпания елимизге пәрўазларды әмелге асырмақта. Аэропортлар арқалы жүк тасыў көлеми де усы жылы 22 процентке артыўы нәзерде тутылған.
Бирақ, еле ислениўи тийис ўазыйпалар көп. Транспорт жолларының қаншелли әҳмийетли екенин дүньядағы қурамалы жағдай да көрсетпекте.
Соның ушын жөнелислерди диверсификациялаў, тасыў процесслерин тезлестириў, транспорт хызметлериниң өзине түсер баҳасын азайтыў оғада әҳмийетли есапланады.
Мәжилисте бул бағдардағы әҳмийетли мәселелер додаланды.
- Мәмлекетимизде экономика, саўда байланыслары жылдан-жылға раўажланып бармақта. Халықтың дәраматы, аймақлардың туризм потенциалы да артпақта. 2030-жылға барып, жалпы ишки өнимимиздиң көлемин 200 миллиард долларға жеткериўди мақсет етип қойғанбыз. Соның ушын транспорт "артерия"ларына айрықша әҳмийет бериўимиз керек, - деди Президент.
Оның ушын барлық ҳуқықый-шөлкемлестириўшилик тийкарлар жаратып берилмекте. Ҳәзирги ўақытқа шекем тараўда 25 жыл бурын қабыл етилген нызам бойынша жумыс алып барылып киятырған еди. Усы жағынан, бүгин жаңа редакцияда қол қойылған "Темир жол транспорты ҳаққында"ғы нызам тарийхый әҳмийетке ийе болды. Бул тараўға жеке меншик компаниялар ҳәм инвестицияларды тартыў, инфраструктураны раўажландырыўға кең жол ашады.
Енди тараў басшылары жумыс усылы ҳәм көз-қарасларын кескин өзгерттирип, нәтийжени тәмийинлеўи зәрүр. Буның ушын, бәринен бурын, тараўда трансформацияны жеделлестириў,
қурылыс ҳәм модернизация жойбарларын сапалы орынлаў керек. Халықаралық кредит рейтингин алыў, мәмлекет кепиллигисиз қаржы тартыў, инвестицияларды нәтийжели жумсаў да
әҳмийетли ўазыйпалар қатарына киреди.
Өзбекстан ҳаўа жоллары еле халықты разы ететуғын дәрежеге жетпеген. Халықаралық рейтинг алып, сыртқы базарға шығыў кешигип атыр. Ақыбетинде өзине түсер баҳасының жоқарылығы себепли билет баҳасында сезилерли өзгерис жоқ. Қәрежетлерди қысқартыў бойынша илажлардың орынланыўы төмен дәрежеде.
Соның ушын консалтинг компаниясын тартып, трансформация бойынша анық бағдарлама ҳәм "жол картасы"н ислеп шығыў ўазыйпасы қойылды.
" Uzbekistan Airports " системасында тийкарынан - хызметлерди көбейтиў ҳәм жеке меншик шерикликти кеңейтиў керек. Самарқанд аэропорты жеке меншик басқарыўға берилгеннен соң,
пәрўазлар ҳәм жолаўшылар саны 5 есеге артқан. Енди Наманган, Әндижан, Бухара ҳәм Үргенш аэропортларында да усындай мақсет гөзленген. Жылдың ақырына шекем аэропортларда
қосымша хызметлерди 2 есеге көбейтиў, дәраматты 25 процентке арттырыў мөлшерленген.
Халықаралық базардан еркин ресурс тартыў, Наўайы аэропорты терминалынан толық пайдаланыў илажлары белгиленди.
Мәмлекетимиз басшысы бул үш компанияда санластырыўды жеделлестириў, режелерди қайта көрип шығып, экономикалық нәтийжелиликти арттырыў бойынша тапсырмалар берди.