Өзбекстанның жоқары халықаралық минберлерде көп мәрте тән алынып атырғаны ҳәм ҳәр қыйлы абырайлы рейтинглердеги орны артып атырғаны раўажланыўдың дурыс жолынан баратырғанымыздың айқын дәлили болып есапланады. Әсиресе, мәмлекет экономикасын көтериўде турмысқа енгизилип атырған жаңа жойбарлар келешекке исенимди және де беккемлемекте.

Масато Канданың тән алыўы атына айтылып атырған мақтаў емес, ири шөлкем басшысының бүгин Өзбекстанда болып атырған өзгерислер менен жаңаланыўларды тиккелей бақлап, басқа мәмлекетлер менен салыстырып шығарған жуўмағы болып есапланады. Ол шама менен 40 жыллық тәжирийбеге ийе экономист эксперт. Япония бас министри болып, мәмлекеттиң Финанс министрлигинде жоқары лаўазымларда ислеген. Оксфорд университетин экономика бойынша тамамлаған. Усы мағлыўматлар да Масато Канда тек ғана сөйлемейтуғынлығын билдиреди.

Өзбекстанның суверен кредит рейтинги прогнозында "турақлы" дәрежеден "унамлы" дәрежеге көтерилгени оннан да үлкен ўақыя. Себеби, S&P Global Ratings агентлиги рейтингти баҳалаўда мәмлекеттиң бүгинги экономикалық жағдайы менен бирге, келешектеги имканиятларын таллаған ҳалда жуўмақ береди.

Бүгин ҳәр қандай халықаралық шөлкемниң рейтинги, әсиресе, экономикалық көрсеткишлерде өз орнын жақсылаў ҳеш бир мәмлекет ушын аңсат болмай қалды. Себеби, дүнья көлеминдеги экономикалық турақсызлық барлық мәмлекет экономикасына унамсыз тәсир көрсетпекте. Сондай-ақ, рейтинглер талаплары заманға бейимлескен ҳалда және де кеңейип бармақта. Атап айтқанда, S&P Global Ratings агентлиги мәмлекетлердиң суверен кредит уқыплылығын агентликтиң 2017-жыл 18-декабрьдеги "Суверен рейтинг методологиясы"на тийкарланып баҳалайды. Критерияларға бола, мәмлекеттиң миллий ҳәм сырт ел валютасында кредит ажыратыўы, халықаралық пул айланысы, ЖИӨ, сыртқы қарыз бойынша экономикалық турақлылығы, салық сиясаты, корпоратив басқарыў, узақ жыллық стратегиясы ҳәм бағдарламаларының перспективасы есапқа алынады.

S&P Global Ratings агентлигиниң есабатына бола, Өзбекстанда 2017-жылдан баслап экономиканы либералластырыў бойынша әмелге асырылып атырған реформалар, мәмлекет экономикасының турақлы көрсеткишлерге ийе болып киятырғаны және басқарыў сапасы ҳәм макроэкономикалық сиясатты жетилистириўге қаратылған даўамлы ҳәрекетлер бундай қарарға келиўдеги тийкарғы факторлар болып есапланады. Сондай-ақ, тарийхый жаңаланыўлар конвертация, пул-кредит сиясатындағы реформалар, дүньядағы экономикалық жағдайдан келип шығып оператив қабыл етилген қарарлар ҳәм көп жылға мөлшерленген ақылға уғрас жойбарлар оған тийкар болып хызмет еткен.

Баҳалаўда ең әҳмийетли экономикалық көрсеткиш мәмлекеттиң жалпы ишки өниминиң турақлы өсип барыўы. Өзбекстан жалпы ишки өними 2019-жылы 67 миллиард долларды қураған болса, 2024-жылы 115 миллиард долларға жетти. Таллаўларға бола, 2028-жылға барып, 173 миллиард долларға жетиўи күтилмекте. Сондай-ақ, ЖИӨ орташа өсиў көрсеткиши 2025-2028-жылларда жылына орташа 5,6 процент болыўы болжанбақта.

Агентликтиң есабатында Өзбекстанда "жасыл" энергетика жойбарлары табыслы әмелге асырылып атырғаны да атап өтилген. Ҳәзирги ўақытта мәмлекетимизде тутынылатуғын энергияның 20 проценти альтернатив энергетика үлесине туўра келип атырғаны, 2030-жылға барып, бул көрсеткиш 40 процентке көтерилиўи атап өтилген. Бул бағдарда Саудия Арабстанының ACWA Power компаниясы менен биргеликте 2030-жылға шекем 7,5 миллиард долларлық жойбарларды әмелге асырыў нәзерде тутылғаны мақсетке исенимли ерисиўди кепиллейди.

Сондай-ақ, бүгин алтын баҳасының рекорд дәрежеде көтерилиўи бул бағдарда үлкен резервке ийе Өзбекстан ушын және де раўажланыў имканиятын бермекте. 2030-жылға шекем мәмлекетимиз халықаралық шериклер менен бирге мыс, алтын, гүмис, уран ислеп шығарыў көлемин және де кеңейтиўди мөлшерлемекте. Бул мәмлекеттиң экспорт потенциалын көтериў, экономикасын беккемлеўге хызмет етеди. Фискал сиясаттағы ақылға уғрас реформалар Өзбекстанда ашық-айдын орталықтың қәлиплесиўи, жасырын экономиканың жыл сайын азайып, салық түсиминиң артып барыўын тәмийинлемекте. Әсиресе, салық системасына санлы технологиялар жедел енгизилип атырғаны системаның жумысын бир неше есеге жақсыламақта.

Өзбекстан экономикасының раўажланыўында сырт ел инвестициясының орны үлкен әҳмийетке ийе. Ҳәзирги ўақытта ЖИӨниң 33 процентин қурайтуғын инвестициялар экономиканың түрли тараўларының раўажланыўына үлкен үлес қоспақта. Онда, әлбетте, мәмлекетимиз басшысының сырт ел инвестицияларын тартыў, түрли мәмлекетлер менен еки тәреплеме пайдалы бирге ислесиў байланысларын орнатыўда жанкүйерлик көрсетип атырғаны үлкен әҳмийетке ийе болмақта.

Келтирилген мағлыўматлар кейинги жылларда Өзбекстанда анық мақсетли түпкиликли реформалар әмелге асырылып атырғанын, келеси бес жылда мәмлекеттиң экономикалық қүдирети есесине артыўын болжаў мүмкин екенлигин көрсетпекте. S&P Global Ratings халықаралық агентлиги мәмлекетимиздиң суверен кредит рейтинги прогнозын "турақлы" дәрежеден "унамлы" дәрежеге жақсылағаны әмелий жумыслардың халықаралық дәрежедеги исенимли баҳасы болып есапланады. "Оң" дәреже Өзбекстанның халықаралық финанс базарларында жаңа категорияға өтиўинен дәрек береди. Халықаралық шөлкемлер, сырт мәмлекетлер ҳәм инвесторлардың Өзбекстанға бирге ислесиў ҳәм бизнес жүргизиў бойынша исенимин арттырады. Бул биз таңлаған экономикалық раўажланыў жолының дурыс екенин көрсетеди.


Санжар ЭШМУРОДОВ,

"Янги Ўзбекистон" хабаршысы