"Түркия ҳуқық қорғаў уйымлары социаллық тармақларда "провокациялық постлар" жайластырған 261 адамды анықлаған ҳәм 37 адамды қамаққа алған. Сол себепли, социаллық тармақларда ҳәр қандай хабар ямаса пикир билдириўде жүдә абайлы болыўға шақырамыз", - делинеди хабарда.
Қәўипсизликти тәмийинлеў ушын төмендегилерге әмел етиў соралмақта:
ҳәр қандай наразылық көтерилислери, митинглер ҳәм ғалабалық жыйынлардан узақ болыў;
адам көп жерлерге бармаў ҳәм ҳәрекетлениў жөнелисиңизди алдыннан режелестириў;
социаллық тармақларда абайлылық пенен ҳәрекет етиў, провокациялық хабарларды жайластырмаў ҳәм тарқатпаў;
рәсмий хабарларға итибар бериў ҳәм жағдай бойынша жаңалықларды бақлап барыў;
айрықша жағдайларда Бас консулхана менен байланысыў (байланыс ушын: +90 553 541 17 17).
"Сизиң қәўипсизлигиңиз биз ушын әҳмийетли! Илажы болғанынша абайлы болың ҳәм ҳуқық қорғаў уйымларының көрсетпелерине әмел етиң", - деп жуўмақланады билдириў.