Халықтың турақ жайға болған талабын тәмийинлеў мақсетинде кейинги 8 жылда елимизде 120 миллион квадрат метр турақ жай ямаса 600 мыңнан аслам турақ жай ҳәм квартиралар қурылып, пайдаланыўға тапсырылды. 541 мың пуқараға турақ жай сатып алыўы ушын 103 триллион сум жеңиллетилген ипотека кредитлери ҳәм субсидиялар берилди.
Қурылыс көлеминиң өсиўи көплеген аймақлардың раўажланыўына "драйвер" болған қурылыс материаллары тармағының раўажланыўына күшли түртки берди. Урбанизация дәрежеси 1991-жылдағы 40,3 проценттен 51 процентке жетти.
Мәмлекетимиз басшысы бул жумыслар еле жетерли емеслигин атап өтти. Республикамызда ҳәр жылы 200 мыңға шамалас жаңа шаңарақлар шөлкемлестирилип, жаңа турақ жайлар, жоллар ҳәм социаллық инфраструктураға болған талап және де артпақта. Буннан тысқары, ҳәзирги ўақытта бир адамға орташа 18,9 квадрат метр турақ жай майданы туўра келмекте. Бул көрсеткишти кеминде 23 квадрат метрге жеткериў ушын 2040-жылға барып жаңа турақ жайлардың қурылыс пәтин жылына 280 мың квартираға жеткериў зәрүр.
Усы мақсетте урбанизация тараўында басқарыў жаңа система тийкарында қурылып, өз алдына комитет дүзилди ҳәм оған турақ жайлар қурыў көлемин басқышпа-басқыш арттырып барыў ўазыйпасы жүкленди. Атап айтқанда, 2026-жылы 140 мың, 2027-жылы 150 мың, 2028-жылы 160 мың квартиралы турақ жайлар қурыў режелестирилген.
Президентимиз дурыс шөлкемлестирилген урбанизация бизнес ҳәм стартаплардың раўажланыўы ушын шараятлар жаратыўда, санаат ҳәм ИТ-кластерлерди қәлиплестириўде, мийнет өнимдарлығын арттырыўда үлкен әҳмийетке ийе екенин атап өтти.
Презентацияда жер ресурсларынан нәтийжели пайдаланыў мәселелерине айрықша итибар қаратылды. Халықаралық шөлкемлердиң есап-санақларына бола, айырым аймақларда елатлы пунктлердиң тәртипсиз кеңейиўи келешекте аўыл хожалығы жерлериниң жетиспеўшилигине алып келиўи мүмкин.
Сол себепли ескирген турақ жайларды жаңалаў, турақ жай қурылысында реновацияның үлесин арттырыў зәрүр екенлиги атап өтилди. Оған бола, реновация үлесин 2040-жылға барып ҳәзирги 15 проценттен 60 процентке жеткериў, "Жаңа Өзбекстан" массивлерин қурыўды кеңейтип, олардың санын 120 ға жеткериў режелестирилген.
Ҳәзирги күнде қурылыс тараўында рухсатнама алыў процеси 9 басқыштан ибарат болып, орташа 90-120 күнди қурайды. Соның менен бирге, халықаралық тәжирийбеде "қурылысқа таяр жер" механизми арқалы бул процесс тек ғана 7-15 күнде әмелге асырылады.
Бул системаны елимизде де енгизиў усынысы билдирилди. Оған бола, барлық таярлық процесслери ҳәм руқсатнамаларды рәсмийлестириў жер участкалары аукционға шығарылғанша әмелге асырылады. Нәтийжеде аукционда жеңимпаз болған исбилермен барлық зәрүр ҳүжжетлерди қосымша қағаз жыйнаў ҳәм келисиўсиз, автоматикалық түрде алыў имканиятына ийе болады. Қурылысқа таяр болмаған жерлерди аукционға шығарыў қадаған етиледи, барлық процесслер ашық-айдын ҳәм қысқа мүддетлерде өткериледи.
Қурылыс сапасы, бәринен бурын, жойбар ҳүжжетлерине байланыслы екени атап өтилди. "ТошбошпланЛИТИ", "ЎзшаҳарсозЛИТИ", "ЎзГАШКЛИТИ" ҳәм "Қишлоқ қурилиш лойиҳа" жойбарлаў шөлкемлериниң жумысын түп-тийкарынан жақсылаў, жоқары маман сырт ел қәнигелерин тартып, заманагөй басқарыў системаларын енгизиў зәрүр.
Урбанизация ҳәм турақ жай қурылысы процесслерин дурыс ҳәм нәтийжели режелестириў ушын санлы технологиялардан кеңнен пайдаланыў зәрүр. Соның ишинде, презентацияда бас ҳәм мастер-планлардың бирден-бир мағлыўматлар базасы, қурылысқа таяр жер участкаларының "Ер банки" базасы, көп қабатлы турақ жайлардың бирден-бир геомәлимлеме базасы, эскроу системасы, қурылысшылар рейтингин ҳәм басқаларды өз ишине алған "Үй-жай" мәлимлеме системасын ислеп шығыў усыныс етилди.
Президентимиз билдирилген усынысларды мақуллап, тараўға системалы, сыналған ҳәм узақ мүддетли көзқарасларды избе-из енгизиў, белгиленген көрсеткишлердиң орынланыўын тәмийинлеў бойынша жуўапкерлерге тапсырмалар берди.