Өзбекстан ҳәм Финляндия арасындағы еки тәреплеме қатнасықлардың раўажланыўы елимиз ғәрезсизликке ерискеннен соң басланған отыз жылдан аслам тарийхқа ийе.
Финляндия Өзбекстан Республикасы ғәрезсизлигин 1991-жыл 30-декабрьде тән алды, 1992-жыл 26-февральда болса дипломатиялық қатнасықлар орнатылды. Бирақ узақ ўақыт даўамында еки мәмлекет арасындағы өз-ара байланыслар анық динамикаға ийе болмады. Бүгин болса заманның руўхына ҳәм еки мәмлекеттиң мәплерине сәйкес келетуғын мазмунлы, прагматикалық ҳәм перспективалы бирге ислесиўдиң жаңа басқышы басланғаны ҳаққында исеним менен айтыў мүмкин.
Өзбекстан - Финляндия қатнасықларының ҳәзирги басқышы сиясий байланыслардың жеделлескени ҳәм тәреплердиң оларға турақлы, системалы характер бериўге умтылыўы менен характерленеди. Бул процессте Өзбекстанның Европа мәмлекетлери менен байланысларды диверсификациялаў, өз-ара түсинисиўди беккемлеў ҳәм шерикликти раўажландырыўға қаратылған жедел сыртқы сиясаты үлкен әҳмийетке ийе.
Кейинги жыллары бир қатар жоқары дәрежедеги өз-ара сапар етиўлер ҳәм ушырасыўлар болып өтти. Атап айтқанда, 2024-жыл ноябрь айында Баку қаласында болып өткен COP29 климат конференциясы шеңберинде Өзбекстан Президенти Шавкат Мирзиёев Финляндия Президенти Александр Стубб пенен ушырасты. Сөйлесиўде тәреплер сөйлесиўди раўажландырыў ҳәм ҳәр қыйлы тараўларда биргеликтеги жойбарларды әмелге асырыўдан өз-ара мәпдар екенин тастыйықлады.
Еки мәмлекет сыртқы ислер министрликлери арасында сиясий, экономикалық ҳәм гуманитарлық бирге ислесиўди беккемлеў мәселелери додаланып атырған мәсләҳәтлесиўлер де өз-ара бирге ислесиўге унамлы пәт бағышламақта. 2020-жылдан берли раўажланып атырған парламентлераралық байланыслар да исеним ҳәм өз-ара түсинисиў орталығын жаратыўға хызмет етпекте.
Халықаралық майданда Ташкент ҳәм Хельсинкиниң позициялары көп тәреплеме уқсас болып, еки мәмлекет турақлы түрде көп тәреплеме сөйлесиўди беккемлеў, келиспеўшиликлерди тыныш жол менен шешиў ҳәм турақлы раўажланыў тәрепдары болып есапланады. Финляндия Өзбекстанның БМШ ҳәм басқа да халықаралық структуралар шеңбериндеги басламаларын қоллап-қуўатлайды, бул өз-ара исенимниң жоқары дәрежесин сәўлелендиреди.
Өзбекстан ҳәм Финляндия арасындағы экономикалық байланыслар кейинги жылларда сезилерли дәрежеде жеделлести. Бүгинги күнде мәмлекетимизде Финляндия капиталының қатнасыўында машина қурылысы, азық-аўқат санааты, телекоммуникациялар, экологиялық таза технологиялар ҳәм агросанаат тараўларында 13 кәрхана жумыс алып бармақта.
Исбилерменлик байланысларын раўажландырыўға айрықша итибар қаратылмақта. Атап айтқанда, 2017-жылы Финляндия мәмлекетлик хаткериниң сыртқы экономикалық байланыслар бойынша орынбасары Маркус Койвунен басшылығындағы бизнес делегация Ташкентке келген еди. Оның қурамында Өзбекстанда қоспа жойбарларды әмелге асырыўдан мәпдар болған Финляндияның тоғыз ири компаниясының ўәкиллери бар еди.
Финляндия тәрепи Орайлық Азияның турақлы раўажланыўын қоллап-қуўатлап, регионаллық басламаларды әмелге асырыўда белсене қатнаспақта. Атап айтқанда, Финляндия Сыртқы ислер министрлиги регион мәмлекетлеринде, соның ишинде, Өзбекстанда экология, суў ресурслары ҳәм метеорология тараўларындағы жойбарларды қаржыландырмақта. Бул басламалар "жасыл" экономика ҳәм инновациялар тараўында узақ мүддетли бирге ислесиў ушын беккем тийкар жаратады.
Сыртқы экономикалық байланысларды диверсификациялаў ҳәм алдыңғы технологияларды тартыўға умтылып атырған Өзбекстан ушын фин бағдары үлкен потенциалға ийе. Финляндия Европаның ең инновациялық ҳәм технологиялық жақтан раўажланған мәмлекетлеринен бири сыпатында, Өзбекстан болса Орайлық Азияның жедел раўажланып атырған, бай инсаный ҳәм тәбийғый потенциалға ийе экономикасы сыпатында танылған. Бул факторларды бирлестириў санаат, энергетика, санластырыў ҳәм турақлы раўажланыў тараўларында өз-ара пайдалы бирге ислесиў ушын кең имканиятлар ашады.
Өзбекстан - Финляндия қатнасықларында мәдений-ағартыўшылық байланысларды раўажландырыў айрықша орын ийелейди. 2022-жыл сентябрь айында Ташкент қаласында экономика, қаржы, халықаралық қатнасықлар ҳәм мәлимлеме технологиялары тараўларында қәнигелер таярлайтуғын майданға айланған Финляндияның «Nordic University» филиалының ашылыўы жаңа динамиканың белгиси болды.
Ташкент ҳәм Финляндия жоқары оқыў орынлары арасында жедел бирге ислесиў жолға қойылған. Мәселен, Ташкент мәмлекетлик стоматология университети Йювяскюл әмелий илимлер университети менен биргеликте магистратура бағдарламаларын әмелге асырмақта, Түрк Скандинавия басқарыў университети болса өзбекстанлы шериклер менен менеджмент ҳәм инновациялар тараўындағы жойбарлар бойынша бирге ислеспекте.
Буннан тысқары, фин қәнигелериниң жәрдеминде Өзбекстанда мектеплерде инклюзив билимлендириў, педагогика ҳәм санлы технологиялар мәселелери бойынша тренинг ҳәм семинарлар өткерилмекте. Булардың барлығы тәжирийбе алмасыў, билимлендириў стандартларының сапасын арттырыў, халықларымыз арасында өз-ара түсинисиўди беккемлеўге хызмет етпекте.
Өзбекстан ҳәм Финляндия қатнасықларының раўажланыўы мәмлекетимиздиң Арқа Европа мәмлекетлери менен бирге ислесиўин тереңлестириўдиң улыўма тенденциясын сәўлелендиреди. Егер алдынлары диалог эпизодик тәризде раўажланған болса, бүгинги күнде ол сиясат ҳәм экономикадан баслап билимлендириў ҳәм мәденият тараўына шекемги кең көлемли бағдарларды қамтып алған ҳалда комплексли характерге ийе болмақта.
Өзбекстан Орайлық Азияда тартымлылық орайы сыпатында, Финляндия болса Европа ҳәм Арктика басламаларының белсене қатнасыўшысы сыпатында өз регионларында әҳмийетли орын ийелейди. Олардың өз-ара бирге ислесиўи жедел раўажланып атырған еки регион арасында көпир ўазыйпасын атқарып, турақлылық, өз-ара түсинисиў ҳәм избе-из раўажланыўды беккемлеўге хызмет етеди.
Усы мүнәсибет пенен Финляндия Президенти Александр Стуббтың Өзбекстанға болажақ рәсмий сапары жаңа басқышқа көтерилип атырған Өзбекстан-Финляндия қатнасықларының раўажланыўында әҳмийетли дәўир болады, деп исеним менен айтыў мүмкин. Өз-ара мәпдарлық, прагматикалық көзқарас ҳәм улыўмалық қәдириятлар еллеримиз ҳәм халықларымыздың мәплерине жуўап беретуғын шерикликти буннан былай да кеңейтиў ушын исенимли тийкар болып есапланады.
"Дунё" МА.








