Илажда энергетика министри, жанылғы-энергетика комплекси кәрханаларының басшылары ҳәм жуўапкер қәнигелери, сондай-ақ, ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери, журналистлер ҳәм блогерлер қатнасты.
Атап өтилгениндей, октябрь айынан баслап мәмлекетимиз энергетика системасы гүзги-қысқы мәўсимге өтти. Оның турақлы ислеўин тәмийинлеў мақсетинде министрлик ҳәм оған қараслы кәрханаларда күни-түни нәўбетшилик шөлкемлестирилген. Пуқаралардың мүрǝжатлары ушын 1154 (электр тǝмийнаты) ҳǝм 1104 (газ тǝмийнаты) номерлери арқалы күни-түни ислейтуғын колл-ораайлар жумыс алып бармақта.
Энергетика министри қатнасыўшыларға әмелге асырылған жумыслар, жылдың ақырына шекемги режелер ҳәм келешектеги ўазыйпалар ҳаққында мағлыўмат берди.
Электр тәмийнаты
Өткен дәўирде 7 мың 455 километр электр тармақлары ҳәм 1 мың 748 трансформатор пунктлери жаңаланып, 954 мәҳәлледеги 800 мыңнан аслам шаңарақтың электр тәмийнаты жақсыланды.
Қыс мәўсиминде электр энергиясының суткалық жумсалыўы 290-300 млн кВт/саатқа жеткерилиўи, яғный жаздағы көрсеткиштен жоқары болыўы күтилмекте.
2025-жылы 85,5 миллиард кВт/саат (2024-жылы - 81,5 миллиард) электр энергиясын ислеп шығарыў режелестирилген.
Пайдаланыўға тапсырылған қуяш ҳәм самал электр станцияларының улыўма қуўатлылығы 4682 МВт болып, жыл басынан берли олар тәрепинен 9 млрд кВт саат электр энергиясы ислеп шығарылған. Гидроэлектр станцияларын есапқа алғанда, "жасыл" энергия көлеми 14,5 миллиард киловатт-сааттан асты, бул улыўма электр энергиясының 23 процентин қурайды.
2025-жылдың ақырына шекем қосымша қуўатлылығы 3 мың мегаваттлы қуяш ҳәм самал станциялары, 1 мың 167 мегаваттлы ыссылық станциялары, сондай-ақ, 1 мың 500 мегаваттан аслам энергия сақлаў системаларын иске қосыў режелестирилген.
газ тәмийнаты
Модернизациялаў шеңберинде 553,8 километр газ қубырлары ҳәм 971 газ бөлистириў пунктлери жаңаланды. Жыл басынан берли 512,7 мың тонна суйылтырылған газ жеткерип берилген болса, жылдың ақырына шекем және 142,4 мың тонна суйылтырылған газ жеткерип бериледи.
29 мыңнан аслам турмыслық газ баллонларынан ибарат қосымша резерв базасы жаратылды.
Газди халыққа ашық-айдын ҳәм қәўипсиз жеткерип бериў ушын Face-ID системасы енгизилди, сондай-ақ, газ қуйыў шақапшаларын онлайн мониторинг етиўди тәмийинлейтуғын UGaz санлы системасы иске қосылды.
Бүгинги күнде системада 1512 газ қуйыў шақапшаларынан 1366 сы дизимнен өткерилген болып, соннан 691 и толық санластырылған. Жылдың ақырына шекем республика бойынша санластырыў жумыслары жуўмақланады.
Көмир ҳәм нефть өнимлери.
Гүзги-қысқы мәўсим ушын 12 млн тонна көмир (10 млн - жергиликли, 2 млн - импорт) жеткерип берилиўи нәзерде тутылған. Ҳәзирги ўақытта дерлик барлық көлемлер жеткерип берилген болып, қоймаханаларда 724 мың тоннадан аслам көмир резерви бар.
Жеке исбилерменлер тәрепинен көмир импорты 2,9 миллион тоннаны қурап, режелестирилген көлемнен 45 процентке артқан.
Мәўсимде ишки базарды тәмийинлеў ушын 995 мың тонна автобензин ҳәм 776 мың тонна дизель жанылғысы, сондай-ақ, 65 мың тонна резервтеги бензин нәзерде тутылған.
Энергия үнемлеў ҳәм "жасыл" энергетика.
2025-жылға шекем 6 млрд кВт саат электр энергиясы ҳәм 4,4 млрд куб метр тәбийғый газди үнемлеў режелестирилген.
Ҳәзирги ўақытта ири қуяш ҳәм самал станцияларының жумысы есабынан 2,7 миллиард куб метр газ үнемленген болса, жыл ақырына шекем бул көрсеткиш 4,4 миллиард куб метрден артады.
Әмелге асырылған модернизация нәтийжесинде авариялық өшириўлер саны 50 процентке, оларды сапластырыў ўақты болса 1-1,5 саатқа шекем қысқарды.
Аймақларда оператив ҳәрекет етиў мақсетинде зәрүр техника, үскене ҳәм аўысық бөлеклерге ие 1201 авария бригадасы (6500 ден аслам қәниге) дүзилген.
социаллық қоллап-қуўатлаў
Усы жылдың ноябрь айында "Социаллық қорғаўдың бирден-бир реестри," "Кәмбағал шаңарақлар реестри" ҳәм "Мәҳәлле жетилиги" тәрепинен қәлиплестирилген дизимлерге киргизилген кем тәмийинленген шаңарақларға 1 миллион сум муғдарында бир мәртелик материаллық жәрдем бериледи.
Энергетика министрлигиниң мәлим етиўинше, гүз-қыс мәўсиминде халықты турақлы ҳәм үзликсиз энергия менен тәмийинлеў ушын системаның барлық структуралары мобилизацияланған.
Илаж соңында ҒХҚ ўәкиллери ҳәм блогерлер өзлерин қызықтырған сораўларға толық жуўаплар алды.