Бельгия иммиграция басқармасы мәмлекетке кириў, жасаў, рухсатнама бериў ҳәм халықаралық қорғаў мәселелери бойынша орайлық уйым есапланады.

Тәреплер төмендеги бағдарларда бирге ислесиўге келисип алды:

Өзбекстан пуқараларын Бельгияда жумысқа жайластырыўдың нызамлы имканиятларын кеңейтиў;

миграцияны басқарыўдың миллий системасына Европа стандартларын енгизиў;

Бельгия тәжирийбеси бойынша оқыў бағдарламаларын Өзбекстан аймағында әмелге асырыў;

миграция процесслериниң ашық-айдынлығын ҳәм нәтийжелилигин арттырыў ушын уйымлар арасында тиккелей бирге ислесиўди орнатыў.