Илаж 200 ден аслам делегатларды бирлестирди ҳәм еки тәреплеме бирге ислесиўдиң турақлы унамлы динамикасының көриниси болды: кейинги сегиз жылда мәмлекетлер арасында товар алмасыў еки есеге артты.

Бүгинги күнде республикамызда Чехия капиталының қатнасыўында 37 кәрхана табыслы жумыс алып бармақта ҳәм шерикликти буннан былай да кеңейтиў ушын беккем тийкар жаратпақта.

Форумда Өзбекстанның инвестициялық потенциалына айрықша итибар қаратылды. 2025-жылдың жуўмағы бойынша мәмлекетимиздиң жалпы ишки өними 145 миллиард доллардан артқаны атап өтилди. Чехия бизнес ўәкиллери Өзбекстанды Орайлық Азия базарларына шығыў ушын стратегиялық платформа сыпатында көрип, санаат ҳәм транспорт тараўына инновациялық шешимлерди енгизиўге таяр екенин билдирди.

Форум жуўмағында машина қурылысы, инфраструктураны модернизациялаў, билимлендириўди раўажландырыў сыяқлы бағдарларды қамтып алған бир қатар келисимлерге қол қойылды. Чехия Экспорт банки ҳәм EGAP қамсызландырыў корпорациясы менен жоқары технологиялы қоспа жойбарларды әмелге асырыў ушын жеңиллетилген кредит ҳәм қәўип-қәтерди қамсызландырыўды нәзерде тутатуғын келисим бирге ислесиўдиң әҳмийетли элементи болды.

Форум жуўмағында еки мәмлекеттиң жетекши компания ҳәм банклериниң қатнасыўында "G2В" ҳәм "В2В" форматында тиккелей сөйлесиўлер өткерилди. Ушырасыўларда тәреплер биргеликтеги басламаларды әмелге асырыў ҳәм экономикалық бирге ислесиўди және де тереңлестириў бойынша әмелий қәдемлерди додалады.