Сыртқы ислер министрлиги Консуллық-ҳуқық департаменти мағлыўматына бола, илаж даўамында мийнет етиў, оқыў, жүк автомашиналарының айдаўшылары, туристлик топарлар ушын кирип киятырған Өзбекстан пуқаралары ушын виза тәртиплерин әпиўайыластырыў имканияты додаланды, деп хабар бермекте "Дунё" МА.
Атап айтқанда, Европа тәрепи Өзбекстан пуқаралары ушын виза тәртибин әпиўайыластырыў мәселесин Еврокомиссия мәжилислерине киргизиў ушын орынланыўы зәрүр болған бир қатар шәртлерди көрсетип өтти.
Ушырасыў жуўмағында жоқарыда атап өтилген мақсетлерге тезирек ерисиў ушын бундай мәсләҳәтлесиўлерди және де даўам еттириўге келисип алынды.