Өзбекстан ҳәм Франция денсаўлықты сақлаў тараўындағы бирге ислесиўди беккемлемекте

    Саламатлық 11 қыркүйек 2025 1243

    Денсаўлықты сақлаў министри Асылбек Худаяров Францияның Өзбекстандағы Айрықша ҳәм толық ҳуқықлы елшиси Уалид Фук ҳәм Франция делегациясына басшылық етип атырған Европа ҳәм сыртқы ислер министрлигиниң медициналық хызметлер экспорты бойынша арнаўлы ўәкили Жорж-Фабрис Блум менен ушырасты.

    Жәҳән денсаўлықты сақлаў шөлкеминиң мағлыўматларына бола, Франция денсаўлықты сақлаў системасы медициналық хызметлердиң арзанлығы, гезеклердиң жоқлығы ҳәм халықтың барлық қатламларын қәнигели жәрдем менен қамтып алғаны себепли рейтингте жоқары орынларды ийелеп келмекте. Усы мүнәсибет пенен Франция менен медицина тараўында бирге ислесиўди кеңейтиў әҳмийетли ҳәм өз-ара пайдалы болып есапланады.

    Еслетип өтемиз, быйыл март айында Өзбекстан Президентиниң Францияға мәмлекетлик сапары даўамында бир қатар тараўларда, соның ишинде, денсаўлықты сақлаў тараўында бирге ислесиўди раўажландырыў бойынша келисимлерге ерисилген еди. Парижде "Өзбекстан - Франция" биринши медициналық форумының өткерилиўи қосымша қәдем болды, онда еки мәмлекет клиникалары арасындағы байланысларды беккемлеў мәселелери додаланды.

    Денсаўлықты сақлаў министрлигиндеги ушырасыў бирге ислесиўдиң жаңа перспективалы бағдарларын белгилеп алыў имканиятын берди. Сөйлесиўлер ўақтында бирге ислесиўди жаңа басқышқа алып шығыў илажлары додаланды, атап айтқанда:

    онкологиялық кеселликлерге алдынғы усылларды қолланған ҳалда диагноз қойыў ҳәм емлеў;

    тез медициналық жәрдем системасын жетилистириў;

    қәнигелердиң маманлығын арттырыў;

    Франция компаниялары ушын инвестициялық имканиятларды кеңейтиў;

    хирургияда роботластырылған технологияларды енгизиў.

    Еки мәмлекет клиникалары ҳәм емлеўханалары арасында тиккелей байланысларды жолға қойыў мәселелери де көрип шығылды. Делегация қурамындағы Франция компанияларының ўәкиллери Өзбекстан денсаўлықты сақлаў системасының талаплары менен танысты ҳәм бирге ислесиў бойынша анық усынысларды билдирди.

    Өз-ара бирге ислесиўдиң перспективалы бағдарлары арасында онкология, урология, робот хирургиясы, кадрлар таярлаў, педиатрия ҳәм санитариялық авиацияны раўажландырыў, туристлик зоналарда травматологиялық клиникаларды шөлкемлестириў, остеопорозды емлеўде инновациялық усылларды қолланыў, сондай-ақ, таўлы аймақларда Европа қыстаўлы жәрдем стандартларын енгизиў ҳәм дәри қуралларының қәўипсизлигин тәмийинлеў мәселелери бар.

    Өзбекстан Францияның диагноз қойыў, емлеў ҳәм қурамалы хирургиялық операцияларды әмелге асырыў бойынша алдынғы тәжирийбесин үйрениў ҳәм енгизиўден мәпдар екени атап өтилди. Бул кеселликлерди ерте анықлаў ҳәм нәтийжели емлеўге қаратылған заманагөй медициналық технологиялар ҳәм санлы шешимлерди қолланыўды кеңейтиў имканиятын береди.


    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates